Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
КОРАБЛЬЛЕР ҚОЙЫМШЫЛЫҒЫНДАҒЫ ЕЛЕС
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
КОРАБЛЬЛЕР ҚОЙЫМШЫЛЫҒЫНДАҒЫ ЕЛЕС Кеше гүрлеп турған Үшсай портында, Бүгин - корабльлер қойымшылығы. Көшип кеткен балықшылар журтында, Жатар жайрап кемелердиң сынығы. Еспе қумға ермек болып көмилген, Ессиз пароходлар, катер, баржалар. Палубалар қумнан зорға көринген, Каютаға кирген самал зар жылар. Я, инсап! Не деген ғəлетий ойын: Бул мүликлерди соққан адамның қолы, Тақтайын қопарып, темирин қыйып, Металл сынығына алмақта оны. Қудды динозавр қабырғасындай Кеме сүлдерине сүйендим узақ. Қорқынышлы еди қəбир басындай, Жүрегимди тырнар бийрəҳим азап. Гөне жағыстағы қалған дачаның Қараўыл ғаррысын тыңлап қарасаң, Ким билипти өтиригин я шынын, 227 Ертек еситкендей тəсийин қаласаң: «Базда Үшсай беттен самал ескенде, Қорқынышлы сеслер келеди» дейди. «Жинниң ойнағындай от жағып түнде, Биреўлер шуўласып жүреди» дейди. «Шырпылдаған қамшы сести шыққанда, Ыңырсып жылаған еркек даўысы, Қулағыма тал-тал келеди сонда, Кимлердиң күлкиси ҳəм ғаўырлысы. Даўыл тыныўына даўыслар тынар, Бизиң ақыл жетпес не ислер бар-ды. Мүмкин бул теңиздиң ийеси шығар, Жазалап атырған гүнакарларды ...» Ески адам байғус балықшы ғарры, Бул жорамалыңа не десең болар? Жазаламақ болса гүнакарларды, Пəкизе жер басып жүрипти олар. Ийеси болмайды үлкен қылмыстың, Жуўапқа тарта алмас оны ҳеш бир заң. Бул нəпсиқаў пайдакүнем турмыстың Өзи бул қылмысқа ҳəўескер болған. «Тəбияттан мийрим күтпе, тартып ал!» Деп биз маңлайшаға жазып қойғанбыз. «Тыңнан жер аш», «ақ алтынды» артық ал!» Деп теңизди қуртыўға да барғанбыз. Ақ сүти қорланған ана-тəбият, Енди бизиң жаўыз ҳүжданымызды, Қырда қалған сынық мачтаға байлап, Қатаң жазалаўға киристи бизди. «Жазаның үлкени еле артында, Бул тек басламасы, бул - ойыншығы» Деп турғандай болар Үшсай портында Жатқан корабльлер қойымшылығы, Сентябрь, 1989-жыл. Мойнақ Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling