Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
- Bu sahifa navigatsiya:
- ЖЫЛҚЫ ЖЫЛЫНА
«ҮМИТ ЖАҒАСЫ» китабынан
1990 ТЫРНАЛАР Əл ҳаўада қанатларын талдырып, Жат мəнзилге сапар шеккен тырналар. Айралық дəртинде бизди қалдырып, Шадлығымды алып кеткен тырналар. Ҳаўазыңа қулақ салып қарасам, Ақ қағаздай ғағырласып барасаң. Хош аллияр айтысқандай боласаң, Келмеске жол тартқан гөззал тырналар. Жерге бир нəўбетдур, елге бир нəўбет, Қайтып баратқандай қайтысы дəўлет. Аш толқынлар урмас жағысқа гүрлеп, Соналы көллерден ушты тырналар. Сизлер нəсил көрген атаўлар аўлақ, Əдира қалғандай айдынлы суўлақ. Диң аспанда муңлы «қурыў – қурыў» лап, Hе деп баратырсыз, байғус тырналар? Hе ис тапса, инсан пейлинен табар, Ол қаст етсе, терис ағар дəрьялар. «Бул жер бизге ҳарам» дегендей олар, Аҳ урып қыйқыўлап барар тырналар. Қусларды көлатсыз, теңизди суўсыз, Қалдырған нəмəртлер қалмас сораўсыз. «Fарғысқа жолығып бəри қалыўсыз, Туқымқурт болғай» деп барар тырналар. Таңларым оянбас толқын сестинен, Қайлардан аларман ондай күшти мен? Дузлы шаңғыт көмген көллер үстинен, Бул жағысқа түспей барар тырналар. Барар интизамлы, жипке дизилип, Мен қарайман жүрке баўырым үзилип. Сиздей мен де, ата журттан безигип, Hеге кете алмайман, айтың тырналар? ЖЫЛҚЫ ЖЫЛЫНА (1990) Астыңда Ақбозат - тулпар ураны, Тоңлы ушқын шашып гүмис нəлинен, 225 Олсыз да бул ғалаўытлы дүньяны Ҳəўлиртип, дүсирлеп кирип келдиң сен. Ғəлетий сес пенен киснеди атың, Жалларына қыраў қатып, муз турған. Суўық еди жылқы минез айбатың, Жүзиңе арасат ызғары урған. Қайсы жулдызлардың болдың тойында, Қай мəнзилден шықтың сəҳəр ўақтында? Қандай нийетлер бар сениң ойыңда? Айт жасырмай жəриялылық ҳаққына. Ошақ басы, арша ағаштың жанында Үмийдиўар сени күттик бийқарар. (Аязлы арқаның қай орманында Өскен екен бул көк шырша жаныўар). Мине, жүрис тынды көше-күйлерде. Азап пенен тапқан шампанды ашып, Арша ағашты безеп ҳəмме үйлерде, Отырмыз бийтақат кейпимиз қашып. Жақсы билер ҳəзир ҳəр если адам, Бөлинсе бөри жеп, дүзде қаларын. Дүнья аман болса бəле-қададан, Өз ошақ басының аман боларын. Тарийх - ана таза заманға жерип, Жаңаша жасаўдың жолын гөзлеген. Көз ашылып, тиллер ғөяға келип, Қарадық дүньяға жаңа көз бенен. Қарап көрсек қайырылып излерге, Көп бийҳүўда жанға қысым қылыппыз. Гүўлеп қол шаппатлап қысыр сөзлерге, Дəрьяны теңизден шөлге бурыппыз. Енди жаңа жолға бурайық десек, Гөнерген машина бурылмай атыр. Бəрин тезден қайта қурайық десек, Бул сирескен дүнья қурылмай атыр. Бир жақтан, оянған ойлар қозғалып, Жаңаша жасаўды талап етпекте. Ески интизамлар көнбей, шамланып, Минберлерди бурып күш көрсетпекте. Бир жақтан, оянған халықлар бел буўып, Жаңа гүреслердиң минген атына. Бир жақтан, биреўлер отқа май қуйып, Жылынбақта миллетшиллик отына. 226 Жаңаша ислетип адамлар мийин, Тубалаўдың мунар күни батқандай. Бир жақтан, ҳаўлыққан дүньянын, үйин Жаўыз рэкетирлер тонап атқандай ... Қабағы қатыңқы келген Жаңа Жыл, Сен не менен белгилейсең орныңды? Ақбоз атын гижиңлеткен бала жыл, Билсек деймиз сениң платформаңды. Жеңил көрдим Қарбабаның қапшығын, (Ол не қылсын, жоқты жерден қаза ма!?). Бəлки бизди дағдарыстан ап шығып, Бəлки тартарсаң ба аўыр жазаға? Ушан кемелерди шайқаған даўыл Теңизлерде тегинликте басылмас. Биз баратқан жоллар қыйын ҳəм аўыр, Боз думаны ҳə дегенде ашылмас. Ақбозатқа жайдақ минген Жаңа Жыл, Беккем отыр, мəккем қармап жалынан. Үлкен үмитлердиң жылы бола бил, Ақыл, инсап периштеси дарыған! Январь, 1990-жыл Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling