Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


ТУСЫҢНАН БИР ЖƏНАН ӨТИП БАРАТЫР


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet98/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   94   95   96   97   98   99   100   101   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

ТУСЫҢНАН БИР ЖƏНАН ӨТИП БАРАТЫР 
Ағаңның сөзине қулақ сал, бала,
Бет алысың жаман кетип баратыр.
Зейни пəслик қылмай бир серлеп қара,
Тусыңнан бир жəнан өтип баратыр... 
Билмедим кийгени қандай таўардан
Сын-сымбатын көрип естен аўарман,
Ҳəр басқан қəдеми бир дəртли əрман,
Сен өзиң бил, маған өтип баратыр. 
Гөззаллық дүньясы соншелли абат,
Сулыўларда болар ғайры кəрамат,
Гүлли көйлегинен желпип аромат,
Жүзи маҳый табан өтип баратыр. 
Наданлар ашықлық лəззетин билмес,
Саз-сəўбетти сүймес, ойнайып күлмес,
Соңыра қонып кет деп жалынсаң келмес 
Үй тусынан мийман өтип баратыр. 
Илҳамым яр болып, келсе əўметим,
Бир тəрийплер едим қəдди-қəўметин,
Жаслық дəўран тең-тайы жоқ дəўлетиң,
Тез бақпасаң, дəўран өтип баратыр. 
Сен болсаң жаныўсыз, гүлханың суўып,
Уўызда тоймапсаң енеден туўып.
Əкең жетеалмаған дүньяны қуўып
Бир аш көзли надан өтип баратыр. 
Инсанда сиз-бизлик ҳəм де мириўбет,
Көзлериңде нур жоқ, сөзиңде - лəззет,
Муҳаббатың басқа журтқа күйеўлеп,
Көкиректе əрман кетип баратыр. 
Ашық нəзер менен серле, ҳəй, бала!
Жаслық бағы солмайды деп ойлама,
Бəҳəр паслы келди, гүллеп айнала,
Таў басынан думан өтип баратыр. 


214 
Кеўил əндийшесин айттым мəзи мен,
Жаслық дəўран болмас өзи-өзинен,
Көзиңди аш, жуўермек, жуўыр изинен,
Тусыңнан бир жəнан өтип баратыр! 
Москва, декабрь, 1988-жыл. 
ЕССЕНТУКИДЕГИ СƏРЎИ ТАЛЛАРДАЙ ... 
Бултлар ақбоз атын таўға тусаған,
Суўларында шербет бардай, пал бардай.
Күнлер өтер бир-бирине усаған
Ессентукидеги сəрўи таллардай. 
Қыялым таўларға ушар ҳаўалап,
Жаслық дəўран жасыл дөнген бир дарақ,
Узағына турмас екен ол бирақ,
Ессентукидеги сəрўи таллардай. 
Халық қыямет нақыл сөзлер дөретер:
Бир жигит тусынан бетерме-бетер
Салланысып жети дүркин қыз өтер,
Ессентукидеги сəрўи таллардай. 
Бəри өтип болған еди тусымнан,
Ҳеш бир дүркинде жоқ едиң ғой, жанан?
Жасарта жақсаң ба бизди қайтадан,
Ессентукидеги сəрўи таллардай? 
Таў басында бултлар қозғалаң таўып,
Қой, тыныш кеўлиме салма ғалаўыт.
Өмирим жайпарахат өтсин ырғалып,
Ессентукидеги сəрўи таллардай ... 
Август, 1982-жыл. 
ҮШ ОҚ 
(Легенда) 
Бажбанның баласы ойнар тоғайда,
Кеклик қус қышқырып жылайды сайда.
Излеп таўып алса қустың уясын,
Бир жылан ол жерде болыпты пайда. 
Бала услап ылақтырды жыланды,
Палапанын көрип кеклик қуўанды,
Сол ўақта сес келди тоғай ишинен,
Сүйсиндирип қулақ салған адамды: 
«Адам улы, қандай жақсы баласаң!
Сыйлыққа сен енди үш оқ аласаң.
«Аттым!» десең, жықбайтуғын жаўың жоқ,
Көзи қатты көзмəмбет сен боласаң. 


215 
Тири жанға айтпа бул сырды бирақ,
Дус келгенге атпа оқты заялап.
Егер айтып қойсаң буны адамға,
«Аттым» деген оғың атылмас онда ... 
Бала үйбетине қашты ҳəўлирип.
Бир күни тоғайда жигилдик терип,
Қоңысының қасымкер баласы менен
Төбелесип қалды ол ойнап жүрип. 
Сол таўназар бала буны сабады,
Дым қорлығы келди, өксип жылады.
«Аттым» деди сынған тисин түкирип,
Қоңсы бала жар басынан қулады. 
Бала үйбетине қашты ҳəўлирип,
Ержетти бир қызды унатты сүйип,
Кесе турды буған бир жигит бирақ,
«Аттым!» деди. Ол ҳəм күл болды күйип. 
Қатынға сыр айтпас еркек кемде-кем,
Шарап ишкен ўақта мақтанып дəкең,
Сырын айтып қойды. Қалған бир оғы.
Атқан менен енди көшпейди екен. 
Барған сайын болды душпаны мықлы,
Бирисинен бири күшлирек шықты.
Енди өкинип жүр жигит өгейсип,
Тоғай пийри берген ессиз уш оқты ... 
Февраль, 1988-жыл.

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   94   95   96   97   98   99   100   101   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling