Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet96/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   92   93   94   95   96   97   98   99   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

БОРАНЛЫ КЕШТЕ 
Үстүрттиң шөли көк тайғақ,
Шыдатар емес боран дым.


210 
Ықлады келип көп сайғақ
Мал қорасын Оралдың.
Бас салды ийтлер шаўылдап,
Қызық болды қалайда.
Қəпелимде аўылда
Кийиктиң ети молайды.
Қақаман боран жулқынып
Қағады кеште айнаны.
Ҳəр қазанда бул күни
Сайғақтың гөши қайнады.
От басында Орал мəс,
Ет туўрар малдас қурынып,
Езиўден күлки жыйылмас,
Қатынына бурылып:
- Журт машынлы жүрипти
Сайғақ атып боранда.
Қудайдың өзи кийикти,
Əкелер айдап Оралга... –
Деп мардыяр мақтанып,
Қызара бөртип қулперең.
Сексеўилдиң шоқлары
Ысытып, ҳəмме терлеген.
- Ийтлерге несип болар-ма.
Ең ириси сол аңнан...
Тойсын-да етке олар-да,
Алған жоқ ғой қораңнан. –
Деп ҳаял сорпа қуяды
Дуўрамалы самарға.
Балалар-да тояды, 
Уйқыға жатар олар-да.
Ашыўлы боран далада
Айнаны сабар ҳүўилдеп.
Маңырай-ма, жылай-ма,
Түсинбедим тилин тек... 
Москва, Октябрь,1987-жыл. 
ТИЙМЕ ОҒАН 
Тийме, бала, жыланға
Ийреңлеп баратырған!
Жасаў ушын буманда
Олдағы жаратылған.
Сениң аўылың болса,
Оның-да ўатаны бул.
Ақсардың арасында
Ҳəз етип жатады бул.
Сен тек, табаның менен
Жер басып, жүресең жол.
Пүткил денеси менен
Бул жерге берилген ол.
Оқыў я пайда қуўып,
Кетерсең ер жеткенде.


211 
Ал, ол усында туўып,
Өледи усы жерде,
Жыланның түси суўык.
Адамның иши суўық.
Баўырына тартып жүрип-ақ,
Адамлар жаяр уўын.
«Жыланның тили зəҳəр,
Шақса шатақ" дейди сол.
Бул сөзде наданлық бар;
Шақпайды, тислейди ол.
Тислейди уўын жумсап,
Урсаң ҳəм азап берсең.
Мийрим-шəпаат қумсап,
Жалт-жалт қараўын көр сен.
Сезимиң серли болса 
Сен серлер едиң бəрин:
Қыз минез қылықларын,
Қамшы өрим нағысларын...
Туўылып өскенине
Бул бир усқынсыз жерде,
Айыплы емес ҳəм де
Оған өкинбейди де.
Жерге жылан-да керек. 
Ем болар уўы ушын,
Адамлар серлеңкиреп,
Аяқ басыўы ушын.
Ҳəй, бала, тийме оған!
Сен не, уражақсаң-ба?
Жасаў ҳуқыўқынан
Мəҳрум қылажақсаң ба? 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   92   93   94   95   96   97   98   99   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling