Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet93/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   89   90   91   92   93   94   95   96   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

ЖƏНЕ БƏҲƏР КЕЛДИ 
Жəне бəҳəр келди. Бирақ та
Ғазлар бунда келмейди қайтып. 
Теңиз қашар жағадан узаққа,
Кимлергедур нəлетлер айтып... 
Ертеде өзим қонақ қыдыртқан
Көк сейнерим жатар қырғақта. 
Бир қызалақ, бир бала оған
Минип қарар көк теңиз жаққа. 
Гүрпилдесип мерўерт толқынлар
Жуўмас енди бул жағысларды. 
Көрмес енди бул жас балалар
Шарқылдасқан шағалаларды. 
Бунда енди «өзим биймен» деп,
Дузлы даўыл қанатын жайды. 
Ал адамлар жағыста гүйбеңлеп,
Бүгингиси менен жасайды. 
Март 1986-жыл. 
ҲАМАЛ 
Жигит, абайлы бол, бул сондай бийик,
Мингениңди өзиң билмей қаларсаң.
Мəртебе атының жалын тарарсаң,
Ойда жоқта ҳəмме қалады сүйип. 
Жигит, сақбол, абайлы бол, бирақта
Абайлы бол - журттан емес,... өзиңнен. 
Көзлер үмит пенен тигилген ўақта,
Көгереңлеп нур қашпасын жүзиңнен. 
Алдыңа тартылған ғəлетий тулпар,
Үстиңде өзиңди сезерсең бийик.
Ҳəм жығып кеткенин аңбай қаларсаң.
Жүрсе ҳүрметиңе көплер бас ийип,
Тек сонда, тек сонда билип аларсаң, -
Тырнақша ишинде жүргенин «сүйип».... 
Апрель 1982-жыл. 
 
 
 
 
 


197 
«Дузды самаллар» китабынан 
 
1988 
 
БУЛ ЖЕР ЕЛЕ ЗОР БОЛАДЫ 
 

 
Қəўесет бар: қарақалпақлар
Көп узамай көшер деген.
Қайдағы бир жақсы жаққа
Барып қоныс басар деген. 
Оқыдым бир газетадан,
Ғамқоршымыз көп-аў, тоба!
Еринбестей есаплаған,
Сыртымыздан сызып жоба. 
Айтыўынша: көшшек буннан, 
Жаңа қоныс жайға қарап,
Аралға суў апарғаннан
Анағурлым арзанырақ. 
Есаплаған шотқа салып...
Ал буған не шек қоясаң!
«Шотын қолдан жулып алып,
Ҳəссени бир!..» деп коясаң. 
Айырымлар алағада
Болып сондай қəўесетке,
Көшип үлкен қалада да
Өз аўылын ҳəўес еткен. 
Мейли, өзи билсин ҳəр ким
Билгишлердиң заманы бул.
Бирақ артық болмас бəлким,
Сəўирлесек шамалы бир. 
Кеткен ғазлар көлин жоқлап,
Усы күнде келип жүрген.
Ой жуўыртып соған шақлап,
Бир нəрсени билип жүрмен. 
Бардур болжаў қəбилиетим,-
Билген нəрсем сол болады:
Сəл азырақ сабыр етиң,-
Бул жер еле зор болады. 
Сабыр етиң сəл азырақ,
Дузлы шаңғыт деген гəп бе?
Көмпис болып биз ҳəзир-ақ
Үйренистик оған ҳəтте. 


198 
Аўыз суўың дузлақ болса,
Үйренген өз дузың болар.
«Суў бар ма?» деп соза-соза,
Түйе мойны узын болар… 
Асты да дуз, үсти де дуз
Жасап турған жеримиздиң.
Ашшы ғой деп налымаңыз
Тамған маңлай теримизди. 
«Дуз татып кет!» дегенди де
Тегин айтқан деп болмайды.
Сөйлегенде сөзиңниң-де
Дузы болса шеп болмайды... 
Бирақ жетпес өз жериңе,
Қанша жаман дегенде-де.
Бейиштиң тап нақ төрине
Катеж қурып бергенде де. 
Өйткени бир қарабарақ -
Шөп емес ғой адам деген.
Терең тамыр урған дарақ -
Ўатан деген, ўатан деген! 

Қатты ағыслы уллы дəрья
Көк теңизге қуйған жерде
Қос басарда ата-баба,
Сүйенип сийсери белге, - 
Нийет еткен дейди таңда:
Ким ислесе ҳадал еңбек,
Жарқылық жер, сол адамға
Əрўанадай ийегөр деп. 
Жер ашып дүт кегейлерден,
Суў апарып, дақыл еккен.
«Кесеў шанышса көгергендей»
Деген сөзди нақыл еткен. 
Усы жерде өсип-өнип,
Қара шаңарақ ел болғанбыз.
Аўыр мийнетине көнип.
Ислеп қара тер болғанбыз. 
Бунда тапқан ырғақларын
Қосығымыз, ертегимиз.
Бул жер ушын бир ўақлары
Дирилдеген телпегимиз. 


199 
Жағаласып жаў келсе-де,
Бул жерди ҳеш бермегенбиз.
Ким қай тилде сөйлеседе,
Тил жатырқап көрмегенбиз. 
Қара үй, ме, кийиз үй ме,
Хийўа тараш ҳəўли ме я …
Сыбай қонып татыў күйде,
Бир шынарға салдық уя. 
Кеўлимиз де, арымыз да
Бир ғөректей ханаласқан.
Малымыз да, жанымыз да,
Қанымыз да араласқан. 
Дийханшылық гүл жайнаса,
Теңизинде аў майлаған,
Шарўалары мал айдаса,
Шайырлары сөз айдаған, - 
Жаңа турмыс қушағында
Шалқып атқан ел едик биз. 
Абаданлық ошағында
От сөнбеўин тиледик биз. 
Тойып секирип соң бирақ та,
Ҳəдден асып кетсек керек.
Бул əдиўли топыраққа
Көп қыянет етсек керек. 
Қайта қурыў айнасынан
Қарап көрсек өзимизди,
Жулдыз излеп ай қасынан,
Май басыпты көзимизди. 
Нəпсимиз ашылып кеңнен,
Пейлимиз дым тарайыпты.
Енди мине өзгелерден
Излеп жүрмиз бар айыпты. 
Бир-биреўге айып тағып,
Айтыс пенен өтермиз биз.
Дəрья еле толып ағып,
Жағысына қайтар теңиз. 
Теңиз қашқан менен бизден,
Биз қашпаймыз үйимизден.
Арба жүрип кетер еле,
Иске өтип алсақ сөзден... 



200 
Жаратылыс əдил қандай!
Обал-саўап, инсабы мол.
(Сум болғанда адамлардай.
Тутар еди-аў басқаша жол; 
Күшлилердиң ығын шалып,
Əззилерин қорлар еди.
Жақсысын өзине алып,
Жақынларын қоллар еди) ... 
Жаратылыс əдил қандай!
Үлесерде байлықларын,
Анаң бөлип берген нандай,
Алаламай бөлген бəрин: 
Биреўлерге асқар бийик
Таў берсе де жер бермеген.
Марал маңырап, ақша кийик
Жуўырғандай шөл бермеген. 
Бир жерлер хош тəбиятлы,
Қырғаўылдың қанатындай.
Бирақ жемиси жоқ татлы
Гүлабы, тор набатымдай. 
Биреўлер балыққа жерик,
Биреўлерде-Адриатик...
Биреўлерге жамғыр берип,
Күн бермеген жадыратып. 
Ең бай еллер мүтəж ҳəтте
Боян тамыр, газли кəннен.
Японлардың «топырақ сат» деп,
Жалынғанын еситкенмен... 
Сиз бенен биз мəкан қылған 
Бул топырақта бəри-де бар.
Егин ексең өрре турған,
Шөплеринде дəри-де бар. 
Нар қамыслы көллеринде
Ойнар сазан, бөргелери.
Жантағының гүллеринен
Пал жыйнайды ҳəррелери. 
Кең жəзийра даласында
Малына жай өрислерин. 
Қара талдың саясында
Бир желпинип шай ишкениң... 
Мийнетиң де, лəззетиң де
Басымыздан кеширгенбиз.


201 
Жети иреңли сүўретин-де
Руўҳымызға көширгенбиз. 
Тегин емес туўған топырақ,
Безе алмайды адам деген.
Терең тамыр урған дарақ, -
Ўатан деген, ўатан деген! 

Өзгермели дəўир деген,
Жерге де бир нəўбет келер.
Бизлер дүземеген менен,
Дүзеледи бул жер еле. 
Келер өз ийеси оның, -
Жаңа əўлад - ақыллы жас. 
Көп сөйлемес биздей болып,
Биздей осамаслық қылмас. 
Жердиң қəдирине жетип,
Көтерисер төбесине,
Биздей өлерменлик етип,
Күл тартпайды көмешине... 
Кайта қурыў кəбилети
Жер-анада мол болады.
Аз ғана жыл сабыр етиң,
Бул жер еле зор болады. 
Зер қəдирнн билип зергер,
Сондай заман келген гезде,
«Ижараға аз-маз жер бер»
Деп жалынар дүнья бизге... 
Сентябрь, 1988-жыл 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   89   90   91   92   93   94   95   96   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling