Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
ЗАМАН МЕНЕН АЯҚ ҚОСЫП ЖҮРМЕСЕҢ
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
- Bu sahifa navigatsiya:
- МИЛЛИОНБАЙ АЗАМАТҚА
ЗАМАН МЕНЕН АЯҚ ҚОСЫП ЖҮРМЕСЕҢ
Заман менен аяқ қосып жүрмесең, Кеўлиндегин қас-қабақтан илмесең, Шаңда қалып, ашалмассаң көзиңди Ҳəм шетке аларсаң кем-кем өзиңди. Озып кеткенлерге гийне етерсең, Кисиниң түйесин түйме етерсең. Қызғаныштан кең пейилиң тараяр, Ақ нəрселер көз өңиңде қараяр, Қызықтырмас дəўир өзгерислери, Жақпас басқалардың жақсы ислери. Сезим тыйығыңды кем-кем тат басар, Қайралмаған қазан пышаққа усар. Кеште узын көйлеңкеңе қарарсаң, Ҳəм өзиңди үлкен адам санарсаң. Жүрек-баўыр деген жоқ енди сенде, Өкпеге айланған ҳəммеси демде. Өткендеги азын-аўлақ хызметиң Баҳаланбай атырғандай мийнетиң. Дүньяны тек жалғыз өзиң қурғандай. Басқалар қасыңда қарап турғандай, Шурт минез боларсаң, түтип жүниңди, Мойынлап сезбессең өзиң миниңди. Дослар кеңес берсе, қорлап атқандай, Жорта бир нəрсеңди урлап атқандай. Сен - дана, басқалар - бас емес, бөрик 184 Неге сеннен ақыл сорамас келип? От басында өзиң билгиш боларсаң, Озып кеткенлерди сырттан саярсаң, “Шабазымлап” жүрген ҳаялың сонда, Шыдамы таўсылып, тийген соң жанға, Айтып салар журт айтпаған миниңди, “Өзиңнен” деп келтирер ол жиниңди, “Еселеп сөйлейсең, кеселеп ишип, Онша не арақтың изине түсип? Өзиңдей пəленше жур ғой қатарда, Ал сен мысал алтақтасыз ат арба, - Сатырлайсаң, ҳеш ис келмес қолыңнан. Дос дегенлер хабар алмас ҳалыңнан...” Деп тоңқылдар ийни келсе қашан да, «Ҳаял дурысын айтар жақтырмасаң да)… Ноябръ, 1984-жыл. МИЛЛИОНБАЙ АЗАМАТҚА (Қарақалпақстанда миллионыншы бала - Азаматтың туўылыўына арналған митингте оқылған қосық.) Бизге ғəнийметдур тез өсип-өнбек, Келешектиң ығбал гүллерин термек. Қандай жақсы, ақ бесикте иңгалап, Бул əжайып елде дүньяға келмек! Таза ашылған гүлдей жамалы менен, Елге шадлы тойдың хабары менен, Узақ өмир, несип ығбалы менен, Бул қызық дəўранда дүньяға келмек. Келинлер көз жарып, айдай көрикли, Айдың əтирапына жулдыз толыпты. Əмиў бойындағы бул ақ отаўдың Перзентлери бүгин миллион болыпты! Мейли Азамат я Ахмет, Ерназар, Гүлайым, Гүлчехра, Галя, Гүлбазар. Уллы Ўатан ҳəммесиниң анасы, Бир бахытлы үйдиң перзенти олар. Майсөк уўып, шашыў жесе болады, Қолда шампан толы кесе болады. Қарақалпақстан деген бул елди Бахыт роддомы десе болады. Уллары - жигиттиң шери дер едим, Қызларымыз өмир гүли дер едим, Қарақалпақстан деген бул елди Қаҳарман аналар ели дер едим. 185 Сүйинши сорап аяқ жетер жерлерден, Шайырлар дүр шашып шийрин тиллерден, Бул гөззал келинниң аяқ астына Паяндозлар төсең таза гүллерден. «Балалы үй - базар» деген бар мақал, «Азамат» деп қойды атын ақсақал, Ҳəр туўылған перзент қымбат биз ушын, Ол пүткил дүньяның мүлкинен абзал. Мийрим сылаўмайын жағың үстине, Бул бурыннан аналардың дəстүри. Мурнын шымшып, қуйрығынан шапатлаң, Бақырғанда ғазлар үрксин сестинен. Жақсы ырымларды ислең елдеги, Киндигин ил керегеге төрдеги. Кундақласаң тикке турсын колыңда, «Ақ алтын» пахтадан болсын жөргеги. Мине, бесиги ҳəм таяр əндамлы, Басы алтын, аяқ ушы дəнданлы. Дузлы суўға шомылдырып турыңлар, Жигит болып өссин писик, бардамлы. Жеңгейлер жаўлығын қыя тасласын, Қыз-келинлер бесик тойын басласын. Ҳəййиў айтып шарлаң айланасында, Əкеси той əнжамынан қашпасын. Аклық - шаўлық көрип, ғаррылар йошсын, Шаўқым - сүрен менен қулағын тессин. Келинлер жумыстан қайтып келгенше, Бала-бақша қылсын кемпирдиң үстин. Мектеп, туўыў үйи көплеп салынсын, Спорт сарайы ҳəм еске алынсын, Бала бақша салмай жүрген баслықлар, «Жəрдем бер» деп оқыўшыға жалынсын. Нəсил көп туўмаса, халық өсе ме, Көпсинбеймиз жетседағы нешеге. «Əсте айда, абайлы бол балларға!» Деп ГАИ жазып қойсын ҳəр бир көшеге. Ҳəр перзент өмирден өз орнын таўсын, Əзийз аналарға раҳмет жаўсын. Бала туўмай жүрген батыс еллери, Бизиң жаққа қарап аңсары аўсын. Ҳəр перзент өз орны, несибеси бар. Миллионы ержетсе, миллион иси бар. 186 Келешек деген сол уллы сарайдың Ертеңги зор усталары усылар. Бизге ғанийметдур тез өсип-өнбек, Келешек бағының мийўасын термек. Қандай жақсы, ақ бесикте иңгалап, Бул шадлы заманда дүньяға келмек! Азамат бол, халық исине палўан бол, Бир ғошшақ жигит бол, жақсы инсан бол. Буннан ҳəм қызықды дəўран бар саған. Қарақалпақтың Миллионбайы, аман бол! 6-ноябрь, 1982-жыл. Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling