Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


ТҮНИ МЕНЕН ҚЫРҒАЎЫЛЛАР ШАҚЫРДЫ


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet85/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   81   82   83   84   85   86   87   88   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

ТҮНИ МЕНЕН ҚЫРҒАЎЫЛЛАР ШАҚЫРДЫ 
Түни менен қырғаўыллар шақырды.
Узақ тентиредик аўыл сыртында.
Қорықшы ғаррының гөне журтында
Түни менен қырғаўыллар шақырды. 
Аңшы қуўған арқардайын жуўырған
Булт артында барар ай көкти шолып.
Екеўмиз барамыз: елден қуўылған
Ертектеги еки ашықтай болып. 
Гезенип турғандай ғыйбат садаға,
Барамыз айланбай биз артымызға.
Адамларсыз жасай алмасадағы,
Адам адамлардан қашады базда... 
Жипек леби менен жүзиңди желпип,
Сени жубатады август ақшамы.
Шегирткелер тынбай үшбөлек шертип,
Жанды жулдызлардың бийҳесап шамы. 
Ел уйқыда, салыкерлик тусынан
Ескен самал ғана ҳүким сүреди.
Ырғалған нар қамыс капелласынан
Жан тербеткиш муңлы сазлар келеди. 
Большой театрдың зер ложасында
Отырған ханымдай сабырлы, үнсиз,
Сен узақ отырдың мениң жанымда,


177 
Шаршаўлы ойларға шүмип кеўилсиз. 
Самал айтты «сулыў, қысынба» деди,
«Налышқа шертбегил кеўил тарықды.
Ҳəр дайым келип тур усында» деди,
«Кептирейин ессиз көз жасларыңды. 
Билгир ҳəм тəкаббыр адамзат деген,
Оның көп қылўасын жақтырмасам да,
Бир гөззал иси бар «муҳаббат» деген,
Соған тəн беремен мен ҳəр қашан да. 
Сүйген - айып емес, сүйилмек - ығбал,
Қызғаныш қалўени тырнайды гүлди.
Мениң сазларыма қулағыңды сал,
Бəлким, сергитермен қапа кеўлиңди», - 
Деп самал жағымлы елпилдеп есер,
Руўҳымызды бөлеп бир сырлы сазға.
«Инсан-тəбияттың перзенти» десер,
Неге самал шенли болмаймыз базда? 
Тыңлап көр, не деген мийрим онда бар,
Жанға жағымлысын қəйтерсең оның.
Ҳеш бир джаз оркестр, ҳеш қандай дуўтар
Орнын баса алмас бул қапелланың. 
Оның қарапайым намаларында
Бир де ғəлет сес жоқ үйлеспей турған...
Түн бойы тентиреп аўыл сыртында,
Жуўдық ҳəсирет дағын зейинге урған. 
Өмирге қуштарлық қайта оянып,
Жубаттық, сергиттик кеўил пақырды.
Түни менен нар қамыслар ырғалып,
Түни менен қырғаўыллар шақырды. 
Март, 1985-жыл. 
* * *
Тағы тар соқбақта ушырасып қалдық.
Бир жағымыз - тикжар, бир жағы - қурдым.
Саған жол бермекши болдым да алдын,
Қурдым ернегинде қыялап турдым. 
Бир аяқ сыйғандай бул кийик сокбақ,
Сен аман өт, жаным, мен жол берейин.
Мейли, аш қурдымға қулайын мен-ақ,
Лекин, аман өткениңди көрейин. 
Муҳаббаттың сырлы соқбақларынан,
Алдаў неге керек, талай жүргенмен.


178 
Оның дəртлеринен, азапларынан
Мəжнун емес, мəжгүн болып көргенмен. 
Бирақ, ҳəр соқпақтың өз сүрдеўи бар,
Ҳəр сулыў - қалемсиз битилген хаттай.
Бул тилсимли хатты оқыўға, дилбар,
Саўатым жетпей тур, тислерим батпай… 
Кеўлиң музқаймақтан жаралса керек,
Жибисип кеткей деп үмит етемен.
Ышқыңда өртенип жанады жүрек,
Бирақ, өзим байғус тоңып кетемен... 
1986-жыл. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   81   82   83   84   85   86   87   88   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling