Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
ТАСҚА КӨГЕРГЕН ГҮЛ
Адам адам болып тилге келгели, Дəстанлар дөретип, китаплар жазып, Өз-өзин түсинип болған жоқ еле, Адам тастан қатты, гүлден де нəзик. Инсан ийниндеги жүктиң аўырын Артсаң, асқар таў да ыңырана баслар. Қус шоқыса Прометейдиң баўырын, Адам төзер, лекин төзбейди таслар. Сол қара тасларды жарып бəҳəрде, Өскен гүлди көрип жаның қулазып, Мақтанып, елжиреп ойларсаң ҳəм де: «Адам тастан қатты, гүлден де нəзик». Брестте тас ерип, темир тапланды, Соңғы демге дейин шайқасты солдат. Карбышев музлады, Гастелло жанды, Тəслим болғанда да тас пенен полат. Бирақ мəңги тарийх тасына олар Мəртлик оты менен кеттилер жазып,- 173 Бул жазылған бес сөз былай оқылар: «Адам тастан қатты, гүлден де нəзик». Инсан кеўлиндеги мийрим-шəпəəт Егер қуяш болса, тас гүллер еди. Ағар дəрья болса ышқы-муҳаббат, Дүньяда шөл қалмай гүлленер еди. Соңғы нанын берип өз жолдасына, Адам жығылады жүреги сазып. Жазсаң арзыр оның қулпы тасына: «Адам тастан қатты, гүлден де нəзик». Дослық, мийрим ушын кең қушақ ашқан Бул заманда озық ақыл-зейинлер. От ҳəм суў, пал ҳəм уў табысты қашшан, Табысалмай атыр бирақ пейиллер. Олар Хиросима ҳəм Освенцимди Дүньяға таңбақшы ақылдан азып. Қыйраған тиршилик тахтына ҳəм де «Адам тастан қатты…» деп қоймақ жазып. Кеўил - бир гөззал бағ, тəрбия етип. Татлы мийўасын жеп, аралаў мүмкин. Бир жыллы жүз бенен ўақтын хош етип, Бир жаман сөз бенен жаралаў мүмкин, Гүлленсин деп инсан кеўлиниң бағы, Бағман гүл егеди тəңирге жазып, Гүлди женшип кетер малдың туяғы, Ал адамның кеўли гүлден де нəзик. Адамзат дүньяға келгели бери, Жақсылық-жаманлық ойынын ойнап, Кимлигин түсине алмай өзлери, Қанша китап жазар басларын қыйнап. Адамзаттың минезлемесин маған Дəл, толық сүўретлеп бер десе жазып, Айтар едим халықтың нақылын оған: «Адам тастан қатты, гүлден де нəзик». Май, 1982-жыл. Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling