Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet86/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   82   83   84   85   86   87   88   89   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

ЖАҢАЛАН, ДОСТЫМ... 
(Қасым Нурымбетовқа) 
 
Журтқа айтпаған сырымды,
Айтайын саған, достым:
Заманың жаңарғанда,
Сен де жаңалан, достым. 
Ескилик тозып барар,
Жаңалық - озық болар.
Өзиң жаңарып барсаң,
Өмириң қызық болар. 
Арттырып айбатыңды,
Аяма ғайратыңды,
Жаңа топлымға қос,
Қамшыла ғыйратыңды. 
Жаңарған ўақта заман,
Жаңарсын сезим - санаң.
Жаңа жолды жатырқап,
Гөнеңе болма алаң. 
Дүнья - дегишли дəрья,
Тынбай өзгереди.
Кеше еситкенди
Бүгин көз көреди. 
Журт жаңа кийим кийсе,
Жаңала кийимиңди.
Жаңала дəркар болса,
Үй-дəске, буйымынды. 
Т
ОЗЫҒЫ 
жетсе, өзгерт
Тысынды- астарыңды. 
Бирақ, жаңалай көрме,


179 
Сен ески досларыңды. 
Дос арттыр жаңа əўладтан,
Жатырқамасын өзиңди
Лекин, ески дослардан
Бура көрме жүзиңди. 
Жаңасы қызық, əўесек, 
Жаңа дос жақсы болар.
Бирақта мендей болып,
Сени түсинбес олар. 
Қанша жасасаң, қасыңда
Сүйген қостарың болсын.
Жаңа заманларда да
Ески досларың болсын. 
Жасаудың қызығы
жоқ
Өзиңнен бөлек маған.
«Ҳəй, шайыр! Келмей кеттиң-ғой!»...
Дегениң керек маған. 
Сентябрь, 1985-жыл. 
АШЫҚ СӨЗ 
 
Пəтли самал шайқап ўақыт дəрьясын,
Жарысларға урар жаңа толқынлар.
Таза өзгерислер симфониясын
Бул түсимпаз дүнья қумартып тыңлар.
Жүрек ҳəўлирмесин, ушпасын қутың,
Өмир өзгерислер менен өрлеген.
Жасай бил өзиңди мəрдана тутып,
Үлкен мақсет, жаңа үмитлер менен. 
Ким ол, уллы ислер шаңынан қашқан,
Гүллендириў ушын жаңа дүньяны?
Теңизге бир тамшы суў апармастан,
Шөллерге бурғанбыз асаў дəрьяны.
Лекин, марапаттың заманы өтти,
Ашық сөйлесилер жигитлер менен.
Жасай бил шынлыққа тик бурып бетти,
Үлкен мақсет, жаңа үмитлер менен. 
Пахтаның ақлығы, нурдың пəклиги, -
Дийқан халқымыздың ҳүжданы таза.
Оның мийнетиниң машақатлары
Шынтлап жырланбаған ҳеш шығармада.
Кимлер сол пəкликке қара дақ салып,
Жалған даңқ-абырайдың жорғасын сүрген?
Бөлекленген өзин жоқары алып,
Майда мақсет, ғəррем үмитлер менен? 


180 
Хошамет сөз айтып бийик минберден,
Шаңлы жолдан бағқа атларын бурды.
Детсад салатуғын қарежетлерден
Мəрмерлеп, ганж ойып дачалар қурды.
Жоқ сыйыр сүт берди қағазға ийип,
Мағлыўмат отлады маллар падасы.
Пахта пунктлерде отырды мықшыйып,
Қундыз малақайлы ҳарамзадасы... 
Қара көйлеңкелер заң тасасында
Сыртқа шығып кетти нызам шегинен.
Гəўҳар жанып тилла жүзик қасында,
Гарнитур жыйнады пил сүйегинен.
Артық дүнья көз шығарар қашан да.
Айтайық келгенде гəптиң ыңғайы.
Ҳарам дəўлет бахыт бермес инсанға,
Неге керек «Қурбангүлдиң сырнайы».
Қəлўен өсти гүлдиң туқымларынан, 
Үлкен исенимлерге болды ғылаплық,
Енди ҳақыйқатлық толқынларынан
Қырға шығып
қалды сол «алтын балық». 
Мийнеткеш халық мəңги, əдалат мəңги,
Мəңгилик инсаный инсап-қанаат.
Нəпси қурбанына сабақ ҳəм тəмби,
Бул кескин өзгерис - ашшы ҳақыйқат.
Пəтли самал шайқап ўақыт дəрьясын,
Урсын жағысларға жаңа толқынлар.
Таза өзгерислер симфониясын
Бул түсимпаз дүнья қумартып тыңлар. 
Көп пенен көргениң уллы той демек,
Келиң мəртлик, ҳүждан шақырған жаққа.
Бахыт ушын жол жоқ халқыңнан бөлек, 
Алағада болмаң қыйсық соқпаққа. 
Атларды нық ертлең, ғошшақ жигитлер! 
Жоллар машақатлы, мəнзиллер узақ. 
Ең жақсы мақсетлер, жаңа үмитлер, 
Бул жолда бизлерге ҳəмдам болажақ. 
Сентябрь 1985-жыл. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   82   83   84   85   86   87   88   89   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling