Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet12/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

КАВКАЗ 
 
«Ўатанымның сулыў қосығындай көрип, 
сүйемен Кавказ»
М.Лермонтов. 
Кавказ, сəлем, жасыл таўлардың себи,
Сəлем жер қундызы, гүлге безенген!
Ўатан ышқы менен сүйемен сени,
Таў жырларын сүйген жүрегим менен.
Балалық жылларымда мен сени көрдим,
Бетлеринде Пушкин жазған китаптың.
Лермонтов қəлеминен тоқылған жырдың
Ҳəр бир катарында сен шешек аттың.
Сонда тербеп ақыл-ҳуўшымды алған
Шайырлық музасындай сендеги шырай.
Шайыр қосығына илесип, саған – 
Балалық қыялларым ушқанды талай... 
* * * 
Азанда дəрьяны өрлеп екеўмиз –
Шықтық шың басына сени көргели.
Баслап алып жүрди альпинист бир қыз,
Ой, сонда көркиңе бəнт еттиң мени:
Қыятас астынан уңгип жол салып, 
Шабар сайды қуўып бурқыған суўлар.
Жылтыр қой тасларды қушаққа алып,
Жасыл жағалардан ентигип зуўлар.
Ҳəм қулар тик жардан төменге ҳарлап
Заўықлы өр тасқынның сарқырамасы.
Алып қашты сонда ойымды урлап
Ол жерден басланған таўлар ҳалқасы. 
* * * 
Тауға өрмелеген айланба жолда
Барар жүйрик «газик» тоғайға кирип.
Жасыл өңирде ҳəм отлақ жылғада
Ызғыған «альпинист қойлар» жүр өрип.
Тоғай артындағы шыңды айланып,
Мине бунда шықты сол «газик» зуўлап.
Шофер достан соңғы почтаны алып
Қалды шопан жигит кеўилли, қуўнақ...
Қызыл черепицалы ақ жайды нусқап
Альпинист жолдасым тил қатты маған:
«Бунда миллион қойлы совхоз тур жасап,
Даңқлы шопанлар бар таўды жайлаған.
Олар - мал өсириў исине маман,
Олар - ҳəм альпинист, шың ҳүкимдары.


26 
Бунда сай жоқ, олар соқпақ салмаған
Ҳəм олар баспаған таў жоталары.
Бизлер де олардың силтеўи менен
Музлы қыснақлардан өтип адаспай,
Төсин булт аймалап, бүркит бекинген
Шыңлар шоққысына мингенбиз талай», -
Дегенде жолдасым нусқаған туста
Көринди Эльбурс - қос өркеш, думан.
Қарлы шың, Кавказдың гөззаллық даңқын
Баянлап турғандай туйылды маған. 
* * * 
Сарқырама жанында иркилип қарап,
Сөзин даўам етти альпинист тағы.
Бизиң қарсымызда турды булдырап
Таў баўырында қызған қурылыс ошағы.
Тынышлық мийнеттен ҳəўиж алған жумыс,
Дəў машиналар жүр тасларды гүреп.
Бəлки, бунда бүгин басланған қурылыс
Ертеңги бир ГЭС тен бергендей дəрек.
Қуўандым Кавказдың жаңа өмирине,
Қуўан альпинист қыз, сендағы қуўан!
Буннан да Эльбурс көринер, əне,
Қызық ертек сөйлеп турғандай маған. 
Гүл төселген шалғын алапты бойлап,
Қайтып жеттик мине қала қасына.
Алма арашларын аралап жайлап,
Жасыл төбелердиң миндик басына.
Жасыл қала жатқан етекте - бунда
Нарзан булақлары мөлдир суў шашар.
Қулпырған көриниси таўлар таңында
Уйқыдан оянған арыўдай мысал.
Қыялым қала үстинде тыныс алғандай,
Сүйсине көз салып турғанда оған,
Бахытлы өмир даңқын баян кылғандай
Буннанда Эльбурс көринди маған...
Кавказ! 
Мақтан, 
Қуўан, бөленип сəнге,
Қəдирдан таў ели, туўысқан үлкем!
Өмириң бахтияр, шад, абадан ҳəм де
Баўрайыңда өскен гүлиндей көркем.
Сени бир гезлери буўып кыйнаған
Ҳəзир жоқ сол тилсиз, жабайы қүдирет.
Қойныңды абадан еллер жайлаған, 
Мəңги баўыр басқан дослық ҳəм хүрмет.
Сениң шексиз ҳəм-де гөззаллығыңа
Шыңларың қасында турдым сүйсинип.
Бүркит пəрўазындай йош келип сонда,
Сездим Эльбурстай бахтымды бийик.


27 
Хош бол көрискенше, жасыл таў ели!
Сен де хош альпинист, қара көзли қыз!
Қаратаў баўырында жүргенде сени
Ҳəм Кавказды мақтап жүрермен сөзсиз. 
1952-жыл.

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling