Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet13/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

ЛЕРМОНТОВ TУPFAH УЙДЕ 
Болдың ба Машук таўында?
Етеги қандай гүл жайнар.
Ҳəм оның жасыл баўырында
Кишкене ғана бир жай бар. 
Есигин ашып енгенде,
Ишинен жасыл бақшаның,
Шалқыған сулыў сезимге
Бөленди мениң жас жаным. 
Айнасы ашық өзи жоқ
Қосығы жатыр питпеген.
Илиўли қалған пистолет
Оклаўлы шығар кек пенен? 
Биргезде бунда бир киси
Узақта аңсап өз елин, -
Кавказдың уллы жыршысы
Өткерген жаслық өмирин. 
Бул жайда тапқан кəмалын
Жаўынгер сазы гурестиң. 
Шайырға шаққан муң зарын
Қаракөз қызы черкестиң... 
Жаўызлық пенен ол сонда
Жападан-жалғыз алысқан.
Патшаның қолы оны да..
Нышанаға алды алыстан. 
Гүресип өлди өлерде,
Өлмеди жыры, бирақта,
Қалса да өзи бул жерде,
Даўысы жаңлар узақта... 
Айнала сулыў гүл еккен
Машукта оның үйи бар.
Ол үйге ҳəр бир жүректен
Муҳаббат нуры қуйылар. 
1952-жыл. Пятигорск. 


28 
«КҮНШЫҒЫС ЖОЛАЎШЫСЫНА» 
китабынан 
1959 
ҚАРА
ТАЛ 
Суў бойында шайқатылған жаным қара тал,
Маған бальзам, сен тымықта шақырған самал; 
Маған туўысқан ҳəр шыбығың ҳəм бүртиклериң, 
Сениң астың - киндигимнен қан тамған жерим. 
Анам саған байлап мениң əткөншегимди, 
Тербеткенде ырғалғансаң ҳайялап сен де. 
Сениң үниң, турсаң гуўлеп алдында тамның,
Жаныма үнлес ҳəйиўиндей əзиз анамның. 
Кешки иңирде жуғырласқан шоқ шымшықларың 
Берген маған шоқ минезин, шоқ қылықларын. 
Самал турса, сен бир тегис ырғалып ойшаң, 
Салдамлырақ ой ойлаўды үйреттиң маған... 
Сонда ылай суў бойында, сениң саяңда 
Туўған жерге туңғыш сезим менде оянған. 
Гə шежиресин баслайтуғын ғаррыдай үнсиз, 
Гə романтик жас қыялдай шуўлап тынымсыз, - 
Кулағымнан кетпес еле туўысқан талым,
«Шайыр бол» деп маған талай сыбырлағаның. 
Билим қуўып мен қалаға сапар шеккенде,
Ҳақ жол тилеп, анам менен узаттың сен де. 
Шадлық, дослық урқан атар ғыр айланаңда,
Туўған аўылым қурғынласып өсер, саяңда. 
Гүллене бер, таллы жағыс, пахталы далам, 
Мен - сениң бир нарт шыбығың, мен - сениң балаң! 
 
1955-жыл. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling