Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
ӨЗБЕК САЗЫ
Жүрек тарынан исленген əсбап тар ма деймен, Саздың ең нəфис ағласы өзбекте бар ма деймен. Тахияңды шеккеге қойып, шертесең тарды, гөззал, Шерт, бирақ мениң жаныма бунша дəрт салма деймен. Сүйрик саўсақта қыяғың ҳəр тийгенде шарханаға, Тар емес, жүрек-жанымды тырнап турар ма деймен. Дəртиңе дəрман таппай, қашсам деп, қашалмайман, Алты жуп сырлы дузағың мудам таяр ма деймен. Бул дузақтан шығарлық жол сорадым Наўайыдан, «Мен ҳəм күйгенмен, - деди, - ядыма салма деймен». Айттым таң самалына, «алып қаш» деп тардың сесин, Бир шалқытты да қашты, ол да қорқарма деймен. Титретпей қақ тарыңды, жаным «Тəнаўвар» гөззал, Буншелли титиретип мени, жазығым бар ма деймен. Ашықлық ағуўшында өртеме Аязийди, Ҳей, сен сазенде гөззал, мийримиң бар ма деймен?! 1958-жыл. КЕГЕЙЛИ Кеўлим көтериңки киргендей бағқа, Толқынласып, ҳаллас урған Кегейли. Айдыныңда шоршыған ақ шабаққа Мен қызығып қарап турман, Кегейли. Жағаң желкилдейди қамыс, урықтан, Балалық гезимди ойлап турыппан... Суўыңда шашылған уўылдырықтан Өршиген бир шабағыңман Кегейли. Жазда қайырыңда ойнап қырғалақ. Қыста музларыңда тептик сырғанақ, Кекили гүзелген, мойны ырғанақ Қара бала ядыңда ма, Кегейли? 33 Бəлки шығып кеткенменди есиңнен, Өйткени бир мен бе өршиген сеннен? «Балалық ўақтында өтер ҳəр кимнен, Бəри есте қала бермес» Кегейли. Ышқының бəҳəри жетип маған да, Жигитлик ҳəсери гезгенде қанда, Балалығым ойнап қалды жағаңда, Өмир өз жолынан ақты, Кегейли. Биз көп шабақ едик өршиген бирге, Үйретип анамыз, жүздирген өрге. Хызметке жарадық туўылған елге, Өмирдиң мақсети солдур, Кегейли. Бəлент ырашыңа мен миндим тағы, Қандай ысық туўған жердиң қушағы! Мунарланған терек, мийўалы бағы, Бахытлы аўылымның сəни Кегейли. Күншығарың Тағжап, батысың Аршан, Ақ алтын мəканы қай жерге барсаң. Жүз жап, мың салмадан ҳағлап ағарсаң, Сонда да тартылмас суўың, Кегейли. Сендей нəўпир болып ақпаса шайыр, Халықтың кеўлине жол таппаса шайыр, Шайырман деп ширенгеннен не қайыр? Ҳəзир соны ойлап турман, Кегейли... 1956-жыл. ҚУРЫҚ Көл бойында, Еркин өзек таманда, Жас жылқыман қурық таслар ғунанға. Тақымында қара торы арғымақ, Жигит ҳəмирин булжытпай жүр табанда. Сайгүликти бөлип қуўып үйирден, Өкшелетип, зебересин үйирген. Гейде көлдиң барысындай ақырып, Гейде илгир лашын қусап шүйилген. Ғунан бийе жүйрик екен жаныўар, Қыз қылықлы жилўасы бар, сəни бар, Ағып барар ол қуйрықлы жулдыздай, Жылқы көрки усындайда танылар. Буктен ушқан қырғаўылдай дүрлейди, Кең жайлаўда керип туяқ сермейди. Ал қызғаншақ айғыр үйир басында 34 Жылқыманды жат көзбенен серлейди. Жылқыманда тəсил деген көп еди, Гейде тартып, гейде дизгин төгеди. Шабандозға туў сыртынан суқланып, Қараўыллап қыз турыпты төбеде. Аңлар жигит, уйтқып барар қуйындай, Ышқы ҳəўири лаўлап жанар бойында. Салқын самал баса алмас желигин, «Сүймейди ол» деген жат сөз ойында. Жас байталға ҳəзир қурық таслайды Ҳəм туўлатып, шоқлығынан услайды. Бирақ арқан тутқан мықлы қоллары Қыз аддында қалтырана баслайды. Муҳаббат ол арқан емес атпаға, Байтал емес қурық таслап тутпаға, Қыздың жаны жақсы қөрер мəртликти, Əдетленбе сыр алдырып буқпаға! Сен сезесең оның қарап турғанын, Ал сезбейсең тап ҳəзирги ығбалын: Сезбейсең сен «сүйиклим» деп сыбырлап, Ерлигиңе иштей ырза болғанын... Ҳей, жылқыман, беккем усла қурықты, Жас байталға берме, достым, ырықты! Туў сыртыңда ерлигиңе елжиреп, Күни ертеңги ярың қарап турыпты... 1958-жыл, Нөкис. Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling