Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
- Bu sahifa navigatsiya:
- РОМАНС
- УКРАИНА, ЖҮРЕГИМДЕСЕҢ
ЭКСПРОМТЛАР
1 Əй, ўақыт, қартайғанымда мақтаншақ қыла көрме, Мəўжирип аққан турмыстан артта қалдыра көрме, Тек өзиме өзимди мақтатып, мазақ етип, Жаслардың аддында сонда сырым алдыра көрме. Əй, ўақыт, бол-бол жебеўшим, жол ортада мен талықсам. Демесин əлле ким маған: «түҳ, сен артта қалыпсаң» Қүдиретли қолың менен қамшыла сонда ябымды. (Артта қал...демек, сенде бир қайырға шыққан балықсаң). 2 Бул теңиздиң бойында ким турмаған, Бул толқынлар қайсы аяққа урмаған. Ай соқпағы ақ көйлектей шубалып, Пушкинниң де талай түнин урлаған. Мен де турман. «Ойың не?» деп сора бир, Теңиз айтар «сүңгип маржан ала бил». О, мен ҳəзир компас болсам, сүйиклим, Саған барар еди-аў барлық корабль! Май 1960-жыл, Гурзуф. РОМАНС («Ҳа, суйгеним Айпара»... деген қосықтъщ намасына) Есиңде ме, жасыңда Үйимиздиң қасында Қос талшыбық көгерттик Салманың жағасында? 49 Жыл артынан жыл өтти, Билим қуўып мен кеттим. Тал шыбықтай таўланып, Сен аўылда ержеттиң. Жыл өткизип арадан, Аўылға мен бараман, Қос терекке сүйенип, Сени еске аламан. Есиме түсер мениң Суў бойына келгениң, «Ай не ушын жалғыз?»-деп, Сырлы саўал бергениң... Аўа, жаным, ай жалғыз, Сени алған қай жалғыз? Сол балалық күнлерди Сен де ядыңа ал, қыз. Ҳəрре ушар, пал қалар, Қуслар кетер, тал қалар. «Қара көзли қоңысың, Қайда?» деп, тал ырғалар. Қайдан билсин қара тал, Бойында алыс дəрьяның, Қос терегин бир сулыў Сағынып ҳəзир турғанын… 1960-жыл, Украина. УКРАИНА, ЖҮРЕГИМДЕСЕҢ Əдиўли анамдай аймалап сени, Мен тəңир сəлемин берейин десем,- Бирден төрт көпирге 7 шақырдың мени, Украина, жүрегимдесең. Күнниң зер кирпикли перзентлериндей, Айғабағарларың ырғалар ҳəсем. Сулыў жер көрмедим сениң жериңдей, Украина, жүрегимдесең. Кобзарь қосығы жаслай жаныма инақ, Сенде досларым бар шайыр ҳəм шешен. Узақта жасайман. Өмиримше бирақ, Украина, жүрегимдесең. 1960-жыл, Киев. 7 Киевтиң тусында Днепрде қатарына төрт көпир бар (И.Ю.). |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling