Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet21/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

«ОЙЛАР» китабынан 
1960 
 
ТАСҚЫН БОЛЫП АҒЫП ӨТ 
Заманың бар шалқып дəўран сүрмеге,
Суўман десең, тасқын болып ағып өт.
Желмен десең, дүбелей бол дүрлеген,
Шоқпан десең, жүреклерди жағып өт. 
Гүлмен десең, аҳыў-зар ет көзлерди,
Тилмен десең, дүр қылып шаш сөзлерди,
Əуладларың атыңды айтқан гезлерде
Танығандай тəўир белги тағып өт. 
Шабар болсаң, арғымақтай арқыра,
Ушар болсаң, сунқардай уш шарқ ура,
Жигериңди жумсап жаслай халқыңа,
Елдиң мəпин көз нурындай бағып өт. 
Ўақыт қымбат, исырап етпе тегинге,
Қыйынлықтан қыйпалақлап шегинбе.
Гүркиреген еркин жаслық көгинде
Таўлар аса шақмақ болып шағып өт. 
Жаслық өмириң жазылмаған бир дəстан,
Жаз жақсылап, бир сөзин де бурмастан.
Мына сөзди яддан шығарма ҳаслан:
Жаслық саған бериледи бир рет. 
1958-жыл. 
ТУҢҒЫШ МУҲАББАТ ҚОСЫҚЛАРЫ 
 

Ким мени «сүйе алмас» деп қылар насақ?
Сүйемен ҳəтте бағда шымшығыңды.
Əйнегиңниң алдында дүмшеге усап
Шомпыйған сениң қара пышығыңды. 
Үйиңниң алдындағы үш терек те,
Бəри де жүрегимнен емес жырақ.
Өкпелеп жүрегөрме, жаным, текте,
Ийтиңди жек көремен сениң бирақ. 
Муҳаббат ийттен қорқса, муҳаббат пе!
Сөйтсе де, күйдим сол бир Қутлыаяқтан:
Жеттим аў десем еплеп есик бетке,
Əўпилдеп ала кетер кең балақтан. 


43 

Сен мийримсиз болып өстиң жасыңнан,
Мен турыппан қарақшыдай асынған.
Жас «урыға» олжа тилеп, мысқыллап,
Милиционер өтип кетти қасымнан. 

Үйиңниң алдында үш түп қара тал,
Гүзде салма ишине жапырақ боратар.
Дəрўазаң алдында турман аңқайып,
Мысал топты күткен аңқаў вратарь. 

Азияның əсте өзгергиш ҳаўа райындай
Сол сабырлы минезиң дым жаныма тийди. 
Мен келемен бурқасынлап əтшөк ғайындай,
Сен асықпай китап оқып жатасаң үйде. 
1949-жыл.
ƏМИЎГЕ 
О, Əмиўим, сен ҳасыл суўсаң!
Егер мениң адамларға деген
Майда-шүйде өкпе-гийнем болса,
Аяғыңа ығызып кет сен! 
Ығызып кет шөптей қалқытып,
Мен де сендей шалқып ағайын,
Сəл нəрсени кеўилге кек тутып,
Сəл нəрсеге табаламайын. 
1959-жыл.

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling