Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


ЎАТАН  Сен əўеле шайқатылдың тал шақасында, Мен


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet29/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

ЎАТАН 
Сен əўеле шайқатылдың тал шақасында,
Мен өрмелеп барып сордым палыңды сениң.
Қабығыңнан сырнай соғып шерткен ўағымда
Сада сестиң баянлады жанымды мениң.
«Мен сениң бир жас шыбығың, жасаў жоқ сенсиз» 
Деп безилдеп суў бойында жуўырды сырнай.
«Дурыс» деди даўысы менен жиңишке ҳəм минсиз
Перзентине уя тоқып турған қурқултай.
«Қудай ма я қурқултай ма, ким шебер екен?
Жарқылық-ай»!-деди анам уяға келип.
Сонда анамның мийрим толы нурлы жүзинен


58 
Туңғыш ирет танығанман мен сени көрип.
Оннан кейин шық малынған таңда алдымда
Жоңышқалықта сен сап-сары гүл болып питтиң.
Үзип алып, түп жағынан аўзыма салдым да, 
«Қой болма да қошқар бол!» деп гүбирлеп кеттим.
Ал сен сонда қозы болып шаптың томпаңлап,
Əллеқайда бөденелер «пыт-пытлап» жатты.
Сен əжжедей мектеп болып турдың сығалап,
Шақырды жез қоныраўын шыңғырлап қатты.
Сен Кегейли болып ақтың алдымда бирдей,
Ашылған ақ пахталарда мен сени көрдим.
Сырлы əрман айдаўында шаршаўды билмей,
Тал түслерде қырғый аңлып далада жүрдим.
Көрдим сени қумай көзли коңысы қыздың
Жүзиндеги жанға ысық күлдиргишинде.
(Мақтанышы еди ол қыз аўылымыздың.
Сағынаман оны еле көрсем түсимде),
Гейде дəртли қосық болып сен арқаш жақтан
Падашы ҳəм пада менен өристен қайттың.
Қаўын қоста, түтинликтиң басында ақшам
Сен қорықшы ғарры болып ертеклер айттың.
Мен қайсындай суўретлерде көрмедим сени!
Гүзги аспанда уштың дизилип жыл қусы болып.
Сен қырғаўыл болып талай шақырдың мени
Ҳəм қышқырдың кебирликте жылқышы болып.
Түн ишинде жарты пахса үстинен қарап,
Бақлар едим көл бойында жанған отларды.
Көпти көрген гүзар жоллар тум-тусқа тарап.
Ўəде етти қызык-қызық саяҳатларды... 
Мен қайсындай сүўретлерде сени көрсем де,
Исен, Ўатан, уллылығың шыққан жоқ естен!
Киндик қаным тамған жерди қанша сүйсем де,
Оны сеннен бөлип алып сүйген емеспен.
Жулдызларға ракеталар кəрўанын тартып,
Мəгəр қайсы планетаға салар болсам из,
Сағынарман сен арқалы Жерди қумартып,
«Мен сениң бир шыбығыңман, жасаў жоқ сенсиз». 
1963-жыл, Июль. Нөкис. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling