Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
«ДАЛА ƏРМАНЛАРЫ» китабынан
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
«ДАЛА ƏРМАНЛАРЫ» китабынан
1966 ТАЛЛЫ ЖАҒЫСТАҒЫ ЕСКЕ ТҮСИРИЎЛЕР Ю. Мəденге Кегейли бойында қалған нартларым, Сиз қандай өскенсиз, нəрўан болғансыз! Даўыл менен бас байласып мудамы, Гүресте бел бермес палўан болғансыз. Урыс жыллары таллар қараўсыз қалды, Таллар түўе бағлар қараўсыз қалды. Сөкитлерди шаўып көпирге салды, Сонда түбирден сиз пайда болғансыз. Анам гейде жоқлап үлкен баласын, Жағаласа ақшам суўдың жағасын. Сизлер түсингендей оның наласын, Суўға ушыңызды малып турғансыз. Əкесин сағынған балалардайын, Солқылдап турдыңыз көрсем ҳəр дайым. «Кел, биз бенен бирге сырлас, Ибрайым!» Деп түсимде шақырғандай болғансыз. Ала көйлеңкели нартлардың асты, Самал китабымды жулқылап ашты, Биреў келип сонда көзимди басты, «Ким екенин бил» деп сылдырлағансыз. О, сиз, жаслығымның сырласы, таллар! Аҳ, сол жағымлы қол, жүзикли қоллар! Бир жыл басып турса көзимди олар, Қабақ шытпас едим, досларым, ҳəргиз. Көзимнен қолларын жаздыра берип, Сыңқ-сыңқ етип күлди алдыма келип. Оның ықлас пенен күлгенин көрип, Ойлар едиң қыз екен деп əрмансыз. Бирақ ат басындай еди əрманы, Ушып кеткен еди алғыр тарланы... Залым урыс, дым көп болды-аў қурбаны, Көшə-көш əйледи жолсыз, кəрўансыз. 54 Алмамекен дедим уўылжып пискен, Бойынан ышқының сəўири ескен, Билектей қос бурым бөксеге түскен, Бир қоса жупқасын басқа шалған қыз. Кирпиги қайысқан тебендей еди, Кумай көзлер мени жегендей еди. «Ағаңнан хат жок па» дегендей еди, Айралық дəртине иштен жанған қыз. Суўдан бир мешинди қармап илгени, Мойныма салмақшы болып келгени, «Қашан жигит боласаң?» деп күлгени, Есимде сыр бермей сабыр қылған қыз. Жигит болыўын биз болдық-аў, бирақ,- Талай азаматлар, қолында жарақ Ўатан ерки ушын қушты топырақ, Қанша ҳаяллар тул, ярсыз қалған қыз! Кеўилде кек лапўла жанды шаладай, Ойын, күлки жетим қалған баладай, Қосықлар қулаққа урған танадай, Баўыры пүтин бир де жан қалмағанбыз. Бирақ қуралдан да мықлы ҳəм өзге, Уллы бирлик, ғайрат-күш болды бизде. Сол ғайрат жеткерди жеңисимизге, Кекли жаўдан кегимизди алғанбыз... Ўа, туўысқан таллар, дала батыры, Ўа, сиз, жаслығымның жасыл шатыры! Сарғайған саратан бармас батылы. Сизге кəр ете алмас, айтсам жалғансыз. Күнниң əптабынан қашқан самаллар Саяда түсленип тынығар, ойнар. Жаўшымшық, мəдделер ҳəм қурқултайлар Сенсиз ҳəлден тайып, қалар дəрмансыз. Ығбал айдынында шаршамай жүзген Бир əўлад руўҳы сезилер сизден. Жаслық сазын тыңлап гүўилдиңизден, Мине, саяңызда отырман жалғыз. Жүзигин жоғалтқан қыздай үңилип, Өттим астыңыздан ойларға шүмип, Кешеги нарт нəрўан болғанын көрип, Дедим: «бунша тез ержетип қалғанбыз!» Ыраш өсип, жаплар жаңа саға алып, Баяғы ат қулақ өскен жағалық, 55 Айдардай желкилдер ысқа қоғалық, Қолларды қанатып талай орғанбыз. Баяғы кебирлик пахта жер болған, Ақ жайлар көбейип сыбайлас қонған. Машиналар жүйиткип барар тас жолда, Бир жағы жүзим бағ, бир жағы палыз. Əне, сол палыздан бетлеп бермаған, Бир бала қыйқыўлап киятыр маған. - «Қостан қаўын жесин» деп атыр апам! Апаңды таныдым, иним, гүмансыз. Кирпиги қайысқан тебендей еди, Қумай көзлер мени жегендей еди... Улы емес, өзи келгендей еди, Баяғы мойныма мешин салған қыз. Баяғыдай маған телмирип қарап, Қыйнамас ол енди ағамды сорап, Урысқа нəлет айтар ишинен, бирақ, Дəслепки ярынан айра болған қыз... Хош болың, талларым! Қосқа барайын, Мардыйып отырып қаўын жарайын. Оннансоң сазымды қолға алайын, «Таллы жағысым» деп, сайрап əрмансыз... 1969-жыл, Шымбай. Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling