Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet22/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   18   19   20   21   22   23   24   25   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

САҒЫНЫЎ 
Сəҳəр ўақта минсем Машук таўына,
Күлди күншығыстан таңның жулдызы.
Гүмис булақлардың шоқ қайнаўы да
Сени еске салды, Əмиўдиң қызы. 
Таўдан ақ бултларды айдаса самал,
Былғап турғандайсаң маған орамал.
Суў ишиўге келген бир арыў марал
Саған мегзеп қалды, Əмиўдиң қызы. 
Асқар таў Эльбрус аспанға тийген,
Сымбатлы ақ төсин көкше булт сүйген. 
Бəҳəр байрамында ақ көйлек кийген
Турқыңды яд еттим, Əмиўдиң қызы. 


44 
Самал сылдырлатса жапырағын талдың,
Сени келди ме деп талай алдандым.
Кеклик дүрлеп ушса астынан жардың,
Жамалың елеслер, Əмиўдиң кызы. 
Көрсем сыңқ-сыңқ күлген суўларын сайдың,
Тыңлап шопан шерткен сестин сырнайдың,
Сонда бир сен болып шадлығым, қайғым,
Турдың көз алдымда, Əмиўдиң қызы. 
Нарзан булақлары қандай азада,
Сениң кеўлиң яңлы тынық ҳəм таза.
Таўлар оянады, кеўлим биймаза,
Иңкарым өзиңсең, Əмиўдиң қызы. 
Сағынышларың бийлеп бар тақатымды,
Тас үстинде турдым оқып хатыңды.
Жазсам жас еменге ойып атыңды,
Таўлар ядлап алды, Əмиўдиң қызы. 
Бештаў мунарланып турар қасымда,
Көкше булт желбирер ушабасында.
Ҳəр ким яр ышқында күйсе жасында,
Мендей болып күйсин, Əмиўдиң қызы. 
1953-жыл. Пятигорск.
 
ЕРКИН ӨЗЕК 
(тымсал) 
Көп ўақ қайыл етип қарақалпақты,
Дəслеп ол суў қусап дурыс жолдан ақты.
Журт айтысты «Еркин-тəўир өзек» деп,
«Мине, бул өзекке келди гезек» деп.
Суўында сүўенлер көп қурды ойын,
Сыңсыған тоғайлар қаплады бойын.
Бирақ алысырақта ерекше өскен 
Қыйсық тораңғыллар кеңести əстен
Ҳəм суўдың ағысын бақлай баслады,
Өзекти өлгенше мақтай баслады:
- «Пай-пай, отағасы, сиз бир пəтли суў,
Қайда сиздей болып мəўжирип ағыў!
Айтсақ, «мақтадың» деп, бəлки кейирсиз,
Сиз бар ғой, дым ғана кишипейилсиз...»
«Ақпағаныңызда бул жерден, аға,
Қыйын болар еди Əмиўдəрьяға»,
«Ўаэй, егер ақпағанда Еркинжан бизиң,
Кеўип қалар еди-аў Арал теңизиң!»
«Енди не деп едиң? Кебиўи сөзсиз!
Бирақ сиз ҳəдден тыс кишипейилсиз.
Сиз, ақыры, бул жердиң тирегисиз ғой,
Дəўраның келгенде тасалама бой.


45 
Айдос бий айтпаған ба: «ҳəмел тийгенде
Болмасын бетиңе қараўшы бенде!»
Ал, сениң жағаңда гей бир қамыслар
Өзлерин ҳəдден тыс қақайтып услар.
Сəл-пəл самал болса, козғалаң таўып,
Сизге қарсы сөйлер, бойыңа шаўып.
Мына бизлерди ал, ийилип алдыңа,
Тəжим етпей турған күнимиз болды ма?
Ийилемиз, бирақ турмаймыз тегин:
Сиз жөнинде камыслардың өсегин
Самал алып келсе бизге егерде,
Жалпылдап гүўлеймиз тап усы жерде.
Қамыс ше? Ийилмес, сыныўға таяр,
Сəл-пəл бос усласаң колыңды қыяр...
Пай-пай, отағасы-ай, гүўлеп өтпейсиз,
Неге сиз соларды жапырып кетпейсиз!»
Буны еситип Еркин ғоддаслап кетти,
Тасып, дөгерегин көл-дəрья етти,
Күлки болды, сөйтип ғаз бенен қуўға.
Қыйсық тораңғыллар мантықты суўға.
Суўда көп турған соң қуўрай баслады, 
Бирақ жəне пайын туўрай баслады
Я
ҒНЫЙ 
иске салды билген өнерин:
«Мине, дым əтияж болды бул жериң.
Енди бир де қамыс келип бетиңе,
Өз пикирин айтып көрсинши, қəне!
Аўа, отағасы, гүўилдеп басып,
Тасып алыў керек, усылай тасып.
Ақыры, сениң атың Еркин емес пе,
Қəйтип ағар болсаң еркиң емес пе?
Əне, енди ақсаң тынып жай-жайўат,
Бойыңа жəне де қосылар қуўат,.,»
Деген сөз өзекке қатты унады,
Ол енди тартылып, кем-кем тынады.
Гүўлеп бурынғыдай шықпады сести,
Өжет толқынлар да ериншеклести.
Суўы тынды, ербийип ырашы-жары,
Түбинде көринди қурбақалары.
Жасыл бақатосқын торлады үстин,
Сайызлап, тынысы тарыла түсти.
Гейде «ағаман» деп, омыраўлар ол,
Бирақ, ултандағы уйма бермес жол.
«Неге қол созбайсыз, жаныңыз бар ма!»
Деп ол жекиринер тораңғылларға.
Бирақ, олар кем-кем алысласады,
Тек те өзли-өзи сыбырласады.
Сөйтип, Еркин байғус кепти де кетти,
Қыйсық тораңғыллар басына жетти... 
Бул тымсалға керек болар ма мораль?
Марапат дегениң пайдасыз самал.
Ким қасына жағымпаз жыйнаса егер,


46 
Еркиндей ултанын тез уйық тебер. 
1959-жыл. 
 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   18   19   20   21   22   23   24   25   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling