Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


ЖƏНЕ КЕЛДИМ СЕНИҢ ҚƏБИРИҢ БАСЫНА


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet129/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   125   126   127   128   129   130   131   132   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

ЖƏНЕ КЕЛДИМ СЕНИҢ ҚƏБИРИҢ БАСЫНА ... 
Жəне келдим сениң қəбириң басына,
Келгенимди билмесең де, билсең де.
Өзиң барда жетиў ушын қасыңа,
Мен асығар едим қайда жүрсем де. 
Əлле қандай көрип басқа бағларды,
Кеўил қусым ушса сайран етиўге,
Дəрҳал-ақ сағынып арзыўлы ярды,
Талўас етер едим саған жетиўге. 
«Шайыр, усайды ғой сенде йош барға!»
Деп күлген жүзиңе мен едим ҳəўес.
Сол өзиң сыйпаған қара шашларға
Қыраў түсти, бирақ гəп онда емес. 
Гəп сонда: сен бизди таслап кеткели,
Адамлар өзгерген, заман өзгерген. 
Дарғасы бийрəҳим əжел өткели,
Арғы жүзге кетти талай көз көрген. 
Адамлар өзгерди, заман өзгерди,
Мен қалай өзгермей калайын сонда?!
Ойламаған ислерди де көз көрди.
Тəғдир бурды атымды өзге бир жолға. 
Бундайда көбейер пəнди-үгитлер,
Ақылға көп ерген адасар екен.
Өмирлик жолдасы өлген жигитлер,
Қызлы үйге қарап жыласар екен. 


281 
Гүзги кеш. Ызғырық. Түспекте геўгим.
Шаршадым, сандалып жалғыз жүристен.
Бир кеште айнасын қақсам биреўдиң,
Күлки ҳəм музыка еситилди иштен ... 
«Жаңарар» деп еди сүйги-муҳаббат,
Жаңармаса керек ол бир түйирде.
Босатып жиберген ийеси жоқ ат,
Басы батпас екен бөтен үйирге. 
Көплердиң қүстаны қылғаны аздай,
Бəлким, сен де бизге тағне етерсең?
Тобынан айрылған торала ғаздай,
Сонда неге өзиң таслап кетесең? 
Базда мен сыймайман бул кең əлемге,
Сыртлай қарағанға жоқтай əрманым.
Не деп турғанымды еситесең бе?
Мен сени, мен сени... сағындым, жаным. 
Тек сен қас-қабақтан аңлар едиң де,
Кешир, гүбирленип дəртимди айттым. 
«Суўықта жалаңбас турма» дедиң бе?
«Қайт үйге» дейсең бе? - Ал, онда қайттым. 
1-ноябрь 1990-жыл. 
СОҢҒЫ ХАТ 
 
Жансыз сулыў жатар қанға боялып.
Адамлар жуўырысып келер даладан.
Сыбырлап атқандай шала оянып:
«Тиймең ол кисиге, ол жақсы адам». 
Үнсиз қалды хатты оқып көргенлер:
«Егер бир ис болса усыннан маған,
Күйеўиме айып тарып жүрмеңлер.
Тиймең ол кисиге, ол жақсы адам.» 
Еркектиң көз жасы тамып сарғайған
Сол қағазды ашып оқысам, мудам -
Бир муңлы сыбырлы еситилер маған:
«Тиймең ол кисиге, ол жақсы адам ...» 
Май, 1989-жыл. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   125   126   127   128   129   130   131   132   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling