Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet137/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   133   134   135   136   137   138   139   140   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

Биринши тараў 
 
ТӨРТКҮЛ КЛУБЫНДА 

Хор 
Турғыл, қарындасым, жатпа муңайып,
Турсаң, жарық жолға алып бараман.
Тур, еркин жолларда қəдем урайық.
Журсең жарық жолға алып бараман. 
Көп ўақ жылан шақты бизди,
Енди азатпыз, халайық.
Кел, қурдаслар, бахтымызды,
Бизлер күтип алайық. 
Еркинлик қуяшы жақтыртты жолды,
Ҳəмме азатлыққа талабан болды,
Түргел, ески жолда тек те сен қалдың.
Турсаң таза жолға алып бараман. 
Əкең сатты байдың қызып малына,
Бай залым жетпеди арзы-ҳалыңа,
Бул жолда қарайды ким обалыңа?
Жүргил, жақты жолға алып бараман. 
Б и р қ ы з 
Рахмет, Əбдираман, ҳəр сөзиң дүрдей,
Жүректи толқытар тыңласаң бирдей.
Еле қəпестеги қуслар аз емес.
Алсын олардағы еркинлик нəфес. 
К ө п ш и л и к 
Бағжан дурыс айтады, қосыламыз биз де,
Рахмет, Əбдираман, рахмет сизге. 
Ə б д и р а м а н 
Билемен, гирбиң жоқ бул сөзиңизде,
Сөйтсе де, адамды мақтамаң көзге.
Қосық - бул өмирдиң мəңги жолдасы,
Ол - дəрья, жүректен алар сағасын ...
Кимниң тиси шықса ҳадал мийнеттен,
Бул əдил турмыстан қалмасын шетте,
Қатнассын күш, жигер, уқыбы менен,
Я билим, я қəлем, мылтығы менен;
Я жаў сырын көргиш көзлери менен,


310 
Ҳақ нийетли иси, сөзлери менен.
Шайыр қосығы, бақсы намасы менен.
Ал, артистлер? ... 
К ө п ш и л и к 
... гүрес сахнасы менен.
Ə б д и р а м а н 
Демек, солай болса, умытпаң онда:
Жақында шығасыз сиз каникульға.
Үйли-үйиңизге тарқалмаң, бирақ,
Биз ойын қоямыз елди аралап. 
К ө п ш и л и к
Биз таяр, барамыз ҳеш сепсиместен. 
Б и р қ ы з
Тек те мен барыўға таяр емеспен. 
К ө п ш и л и к
(таңырқап
Сен - бизиң бағымыздың ғошшак бүлбили,
Сəнли сахнамыздың ең сулыў гүли, -
Бул сөзиң дурыс емес, не болды саған,
Неге бара алмайсаң, айтшы, Арыўхан? 
А р ы ў х а н 
Гастрольға жан деп бара алар едим,
Журт көрип, мен де ел аралар едим;
Əттең, бара алмайман, сиз айып көрмең,
Бүлбил өзлигинен бардан безер ме?
Мениң туўған əкем қаттылаў адам,
Каникульда бармасам бақырар маған ... 
Басқа сөз айтпады, тек усылай деп,
Жупқа орамалдың бир ушын тислеп,
Ҳеш бир тəўеллеге қулақ салмастан,
Үнсиз шығып кетти сыртқа Арыўхан.
Көпшилик таңланды изинен қарап,
Қызлар «Арыўхан» деп жуўырды. Бирақ,
Бағжан жолды тосып, иркип оларды,
Айтты көпшиликке мына хабарды: 
Б а р ж а н 
Мүмкин қатты қоллы шығар атасы,
Бирақ, бул, - мениңше жай баҳанасы,


311 
Буннан он күн бурын көрдим бир аўҳал:
Сабақтан шықтық биз түс аўған мəҳəл.
Ҳəм тез аўқатланып жатақханадан,
Жуўырдық екеўмиз клубқа таман,
Жолымызды тосты бир файтон арба,
Бир қағаз бар файтоншының қолында.
Ақырында Арыўхан файтонға миңди ...
Досларым, аржағын билмеймен енди.
Кеште жатақ жайға келсем клубтан,
Китап оқып отыр екен Арыўхан,
Соннан бери китаптан бас көтермес,
Ақшам уйықлай алмас, жадырап күлмес,
Жалынсам да «айт» деп ҳəр күн сайын мен,
Сабақ тарта алмадым сыр келебинен. 
Ж и г и т
Билсем, бул ҳəдийсе тегин емес ҳеш. 
Қ ы з
Ий, əдира қалсын, бузылды десеш ... 
Ə б д и р а м а н 
Қарындасым, неге олай дейсең сен?
Бузыла бере ме файтонға минген?
Дос адам өлшемей сырттан тон пишпес,
Сүринсең, сөз ертип, изиңе түспес.
Қайта, оның сырын билиңлер қəне.
Қолдан келсе дəрман бериң дəртине. 
К ө п ш и л и к 
Аўа, билиў керек бул сырды тезден.
Ə б д и р а м а н 
Қыз кеўли - ақ сандық. Гилтин теңизден,
Сүңгип тапқан ашар ... 
Ж и г и т 
Сүңгир едим мен ...
Бул əжеп ис екен не деген менен. 
Жигит жуўырып шығып кетеди. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   133   134   135   136   137   138   139   140   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling