Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
- Bu sahifa navigatsiya:
- АКТРИСАНЫҢ ЫҒБАЛЫ ( Таң нуры ) Лиро-драмалық поэма 32 Əбдираман Өтеповтың естелигине арнайман. Автор ПРОЛОГ
ДОС-ЯРАНЫҢ БОЛМАСА
Өмирде не лəззет бар, дос-яраның болмаса, Жан деген менен жанбас, өз жананың болмаса. Жылғалар жылжып түсер бəлент таўдың басынан, Олсыз мəўжирип ақпас дəрьяларың болмаса. Бир душпан көплик етер, досларың мың болса аз, Суңқар қусқа жарасар жалғыз əйлемек пəрўаз. Ғəрипке Сəнем болмас бийопалы сəрбиназ, Қасында қəдир билер мийрибанық болмаса. Бүлбил қус қалғып кетсе, гүлин көрер түсинде, Жат журтта жүрген адам елин көрер түсинде. Қулан-кийик секирип ойнар өз шөлиниң ишинде, Базергенде 31 базар болмас, қарыйдарың болмаса. 31 Базерген – саўдагер. 307 Қатнасар қарындассыз ел-жайыңда не сəн бар, Барыс-келис қылмасаң, ағайында не сəн бар. Дослары илҳам бермесе, Ибрайымда не сəн бар, Ели - халқың, дос-яраның - қəдирданың болмаса. 19-январь. 1990-жыл. АКТРИСАНЫҢ ЫҒБАЛЫ (Таң нуры) Лиро-драмалық поэма 32 Əбдираман Өтеповтың естелигине арнайман. Автор ПРОЛОГ Ҳей сен, қоңыратлы қыз, жаным Арыўхан, Қызыл қапы алдында иркилдиң, неге? Сығалап турғанды қой тал арасынан, Жетер тартынғаның, кир ишкериге. Кир деймен, қымбатлым, қолыңды узат, Қəнекей, бир батыл қəдем ур, - тамам, - Тек сөйтсең болғаны, ўəдем ҳақыйқат, Əжайып бир дүньяны ашайын саған. Сен ушын жат емес бул қызыл есик, Бийкар гүдикленип иштен жанасаң, «Қолдан келмес иске умтылар» десип, «Күлип журе ме» - деп гүманланасаң. Жоқ, бул жерде саған «арман тур» демес. Жаслар бунда қурар заўықлы кеше. Бул Жəлеке байдың хəўлиси емес Ҳəм шашыңнан сүйреп урмас бəйбише. Бунда жоқ, Жəлекениң Əйтен гешшеси, Сени қанға бояп, шалмақшы болған. Излеп келип, кирмей қайтқаны неси? Неге қамсығасаң жаным, Арыўхан? Сен жетим қыз едиң, сен шоры едиң, Бирақ аўылымыздың сəни болдың сен; Қалжыңбас жигитлердиң сен соры едиң, Жуўапты шарлар едиң, өткир сөз бенен. 32 Поəма аз-кем қысқартылды. И.Ю. 308 Сен тезек териўге шығып арқашқа, Гейде қандай жақсы қосықлар айттың. Төздиң сен ыссыға, суўыққа, ашқа, Сулыўлығың қарыйдарды молайтты. Анаң ерте өлди, мийримсиз əкең. Сени сатты байға он төрт жасыңда. Киси есиги деген тоң тезек екен, Еритиў қыйын болды ғам-ғуссасында. Бирақ, аўылымызда ҳеш қыз, ҳеш қатын Алдыңа түспеди ақыл, шырайдан Ҳəм ашық минезиң, шоқ тəбиятың Куўды ғам-қайғыны сен жүрген жайдан. Лекин, тал шыбықтай таўланып сонда, Aўыp жүк астында сен өскен сайын, Азап сонша батты зил берип жанға, Журтқа ермек ушын сен болдың қайым. Гейде айдылыңның жийегин тислеп, Кеттиң көзден таса жийделик бетке, Бастың өксигиңди өзиңди күшлеп, Тири жанға муңыңды шақпадың хəтте. Сөйтип жүргениңде, таң атқан еди, Таң атты, нурлы таң, бир əжайып таң. «Қəпестеги бүлбил, азатсаң» деди Ҳəм мəңги қутылдың қуллық торынан. Аўыл муғаллими сени жетелеп, Төрткүлге əкелип оқыўға берди. Азатлық таңында суңқардай түлеп, Көзлериң еркинлик нурларын көрди. Сен мəңги азатсаң, жолдас Арыўхан, Ҳей, көп азап көрген қарақалпақ қызы. Hyp алып еркинликтиң алтын таңынан, Күл сен, күн шығыстың гəўҳар жулдызы. Аш қызыл есикти, бас, аяқты бас, Бахытын қарсы алыўы керек ҳəр адам. Тартынба еркинлик алған қарындас, Жол ашық, жол ашық, жол ашық саған! |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling