Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet138/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   134   135   136   137   138   139   140   141   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

Екинши тараў 
 
ДƏРЬЯ БОЙЫНДАҒЫ КЕШ 


312 

Қолында китабы, көзлери ойшаң,
Көшеде асықпай барар Арыўхан,
Қызғыш биртартары от қусап лаўлап,
Желбирер көргенниң көз нурын аўлап, 
Жолыққанлардан ол шетлеп барады,
Минекей, артына бир жалт қарады.
Жигит сəл жасқанды оннан албырап,
Сөйледи Арыўхан жигитке қарап: 
А р ы ў х а н 
Мен саған бир ермек болған қусайман,
Неге ергишлейсең изимнен, Айман? 
А й м а н 
Ол не дегениңиз? Ергени неси?
Жол болған соң ... жолдан жүрмей ме киси?
Мəлел берген болсам мен сизге, айым,
Басқа көшеден-ақ кете қояйын ... 
А р ы ў х а н 
Жолымыз бир түскен болсалар, Айман,
Шынында ҳақым жоқ қуўыўға жолдан.
Мейли, оннан қайта, ўақыт тапсаң сен,
Жағада сайранлап жүрейик аз-кем? 

Айманның бул сөзден туўлап жүреги,
Жигит шадлығының болмады шеги.
Бирақ, кеўилдеги тасқын сөзимди,
Айта алар ма адам бундай гезинде. 
Екеўи дизилисип, минди жағаға,
Төменде лепирип дəрья ағады,
Жасыл шатыр тигип суў жағасына,
Төрткүл қушақ жаяр жаз шуғласына,
Өрлеп туў алыста барар пароход,
Кешки қуяш тынық көкке қояр от ... 
А р ы ў х а н 
Ҳаял жаралмаған болыў ушын қул ...
А й м а н 
Аўа, Əбекеңниң айтқан сөзи бул,
Есиңе түскен ғой ... 


313 
А р ы ў х а н 
Түспеске неге? 
Бул сөз тек мен емес, унар ҳəммеге,
Бундай сөзди айтар кең, сулыў жүрек,
Оны жақсы ҳаял сүйиўи керек.
Мен оны сүйер едим ... 
А й м а н 
Əбдираманды?
А р ы ў х а н 
Аўа, от жүрекли сол бир адамды,
Сөзсиз сүйер едим. Бирақ, мен оған
Минасип бола алсам ... 
А й м а н 
Қойың, Арыўхан.
Дурыс, Əбдираман – азамат киси.
Бирақ, сиз түсиниң... Арыўхан, түсин:
Өйтип, сен өзиңди төмен услаўға
Ҳақың жоқ ... 
А р ы ў х а н 
Айтқаның туўры. Сонда да ...
Қандай бахытлысаң сен өзиң, Айман. 
А й м а н 
Мен ҳəзир бахыттан бийҳуш қусайман, -
Сен барсаң қасымда ... 
А р ы ў х а н 
Жоқ, түсинбедиң,
Мен саған мынадай демекши едим:
Сен жап-жас жигитсең, қатарда нарсаң,
Көп болса, он сегиз жаста шығарсан... 
А й м а н 
Жигирмаға кирдим, жылымыз - улыў ...
А р ы ў х а н 
Аўа, қандай жақсы жас жигит болыў,
Турмысқа шықпайсаң ерикли-ериксиз,


314 
Жасқаныў, жалтаңлаў болмайды ҳəргиз,
Қатын болып енбейсең жат босағадан.
«Меники бол» демес дус келген адам ...
Саған қызығаман, булай дегеним,
Кеўлиңе келмесин. Егер мен сениң,
Күшиңе, жигитлик тəбиятыңа
Ийе болсам еди ... 
А й м а н 
Арыўхан, тыңла, 
Жулғандай гүл болса сол айтқанларың,
Етеклеп шашар едим жолыңа бəрин,
Бəрин берер едим жалғыз күлкиңе ... 
А р ы ў х а н 
Көрдиң бе, сөзге де шеберсең бəле,
Ҳəр сөзиң дəл тийер мирдиң оғындай, 
Ким ойлаған сени шайыр деп бундай?
Аўа, айтқаның дурыс, мен неге сонша,
Өкинемен ҳаял болғанлығыма?
Жоқ, бул - күстанылық, бул - тек те мениң
Өзиме тəн бослығым, өз əззилигим.
Усындай натықлығым бираз жерлерде
Жүзимди қаратып болды-аў төменге.
Бул қурлақым тилге келгеннен кейин,
Саған бир қызық сөз сөйлеп берейин:
Мине, он күн болды, бунда бир адам
Ерип көлеңкедей жүрипти маған,
Дəслеп ол жиберди маған файтонын.
Барғанша мақсетин билмедим оның.
Кирип барсам, отыр бир муртлаш киси,
Əллен ўаққа дейин болмады иси.
Бир гезде қағаздан көтерип басын,
Бир жат күлки менен сыйпады шашын.
Мейли күлгенинде бар қандай исим,
Билемиз ғой еркеклердиң күлкисин.
Бирақ, бир мəҳəли шоршып жалма-жан,
Албырақлап ушып турдым орнымнан:
Өйткени, таныдым ғарры сағалды,
Толды бир елеске көзимниң алды:
Биз танысқан едик төрт-бес жыллықта,
Ол гезде жүр едим мен тоқаллықта.
Журттан тасаланып бир күни түнде,
Бир «жүриўши» түсти байдың үйине.
Бай сонда қылпылдап, жүгинип саққа,
Дəрҳал бир семиз қой сойды қонаққа.
Түңликти түсирип сөйлести олар,
Есите алмадым, не дести олар.
Ал, мени көриўден қонақ өзгерди,
Байға «қызың ба?» деп сыбырлай берди.


315 
Бай тез аңлап қонағының шамасын,
Шығып кетти, «қыс - деп - қəйниңниң басын»... 
Сумырай шал суўқылдап əлемди қуртқан,
Ергенекти илип кетипти сырттан.
Түлки көрген ийттей бас салды қонақ,
Менде де жоқ емес екен күш бирақ,
От басында жатқан садық атөшгир
Күниме жарады сол жерде де бир ...
Есикти тайдырып, далаға қаштым,
Жылап жийделикте маўқымды бастым,
Келди көз алдыма сол қорлықлы түн,
Дирилдеп, өзимди жоғалттым пүтин.
Ал енди, сол сағал шақырып мени,
Кеширим сорап жүр усы күнлери.
Ҳайран болып жүрмен мен басым қатып,
Ҳеш адамға айта алмайман уқсатып,
Қысқасы бир аман қалған пазнадан,
Уўлы шөп пе, деп ойлайман, бул адам. 
А й м а н 
Бул əжеп ис екен. Ертең азанда,
Ойлассаң қəйтеди Əбдираманға? 
А р ы ў х а н 
Шақырған гезиңде барып еле мен,
Жəне бир-еки рет сынап көремен,
Егер терис пикирли болса ол адам,
Дəрҳал жуп жағадан тутып аламан. 
(Куўақыланып, рольге кирип) 
«Аҳа, ғарры сағал, түстиң бе қолға» -
Деп, оны əкетип халықтың алдына,
Сотлайман. Сот ағасы өзим боламан.
Жаўдың басына бир зəўлим саламан:
«А, ну-ка, айтыңшы мынадай ўақта, 
Болғансыз ғой байдикинде конақта?»
«Мениң есимде жоқ», «Как, есиңде жоқ?
Соттың өзи гүўа, былшылдамаң көп.
Ал, мына атөшгир екинши гүўаң ...» 
А й м а н 
(күлип
Сен нағыз артистсең, олла, Арыўхан.
Саған жарасады ҳəр қандай хызмет,
Мақтағаным емес ... мени əпиў ет. 
А р ы ў х а н 
(жəне қуўақыланып


316 
Жоқ, əпиў етпеймен мен сени, Айман,
«Əпиў етсин» десең, қулақ сал маған:
Отыр усы жерде көзиңди ашпай
Ҳəм де жүзге дейин сана алжаспай. 
«Арыўхан, сүйиклим, жипек минезлим,
Сениң ҳəзилиңнен де сулыўлық сездим,
Мейли, жүз мəртебе жүзди санайын,
Мейли, алсын мени толқын я жайын,
Тек сен кеўлиң толып, болсаң шадыман,
Соның өзи де тек зор бахыт маған.» 
Деп Айман қайырда көп ўақыт жатты,
Көзин жумып, шийрин қыялға батты.
«Ларс» етти бир ўақта суўға бир нəрсе,
Ҳаўлығып, көзлерин ашып жиберсе,
Ҳеш ким жоқ, тек ғана анадай жерде,
Қулаған дегиштиң айдынын көрди. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   134   135   136   137   138   139   140   141   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling