Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet3/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

Иброҳим Ғафуров
Өзбекстан Республикасы Мемлекетлик
сыйлығының лауреаты. 
Ташкент. 


ЖАҢА ҚОСЫҚЛАРДАН 
 
 
ЖАҢА ƏСИРГЕ 
Лекин қорықпа! Инсанлардың кеўлинде
Сөнген жоқ жақсылық пенен диянат. 
Ф. Шиллер. 
Сəлем, Жаңа əсир! Адасқан сейяд
1
Бийтаныс есикти қорқып қаққандай,
Босағаң алдында бул инсаният
Гүдик, үмит пенен саған баққандай. 
Мəңги жасамаққа аңсары аўып,
«Жаңа клеткалар» торлаған адам;
«Азон түнлиги» ниң жыртығын таўып,
Мың жыл алдындағын болжаған адам,- 
Сениң кимлигиңди болжай алмастан,
Босағанда турып басы қатады.
Бир аўан кимседей ақылдан сасқан,
Қырқ мың қыял менен ойға батады. 
Сен неткен əсирсең? Қылўаң бар қандай?
Көк жийегиң қəўип-қəтерлер думаны.
Абыржы муз бенен баратырғандай,
Руўҳымызды қыйнар Гамлет туманы. 
Ақыл, илим екеўи тил табысып,
Жаҳан лал қалғандай сырларды ашар.
Бирақта пейиллер, мəплер дағысып,
Дүнья-берекетсиз бир үйге усар. 
Адамзат бул үйде бир жасап турып,
Бири-бирин сүйип, жийренип атар.
Шайтан ҳəзир компьютерге отырып,
Адамлардан сумлық үйренип атар. 
Жаҳан базарында не сатпас ҳəзир?
Сатылады қанлы қырғын қуралы.
Бизнес ышқысында өртенген дəўир
Доллардың жолына дузақ қурады. 
Бул дəўирдиң иплас термини де көп:
«Мафия» ҳəм «коррупция», -жəне не?
«Наркотик», «маньяк», «спид» -бийəдеп,
Айта берсең, толып атыр еле де. 
«Өзим болсам» деген əййемги иллет
1
Сəйяд – аңшы. 



Инсан кеўлин изей суўдай жайлаған.
Нəпси, ишкирнелик тикени гүллеп,
Балалардай қурал менен ойнаған. 
Жатырқап ел-елди, адам-адамды,
Бажханаға толып жол дəрбентлери,
«Өтиў дəўири» деген қатал заманды
Биз өтип атырмыз бираздан бери. 
Сен буған не дейсең, ўa Жаңа əсир?
Келешекке не таярлап атырсаң?
Сендеги мириўбет, ақыл ҳəм тəсил
Қандай ҳалўа? Қай таңлайға татырсаң? 
Гөне əсирдиң жақсы-жаман мийрасын
Сен əлбетте қабыл етип аларсаң. 
Адамзаттың пейли бузық дүньясын
Дүзеймен деп көп ҳəрекет қыларсаң. 
Лекин, биз жасаған əсирге ерип,
Ҳеш еликлей көрме буған өмирде:
Инсанды «ақ», «қызыл», «арий» ға бөлип,
Тежирийбелер қойма халық тəғдирине. 
Көргенбиз, ойсызлық кеткенде асып,
Дəрьялар терис ағар, теңизлер кебер.
Биймəни жаўызлық урысларды ашып,
Адамзат өз-өзин қырыўға шебер. 
Лекин инсаниятта бир зор Үмит бар,
Дүнья жақсылыққа таянып атыр.
Өз-өзин жаңадан танып халықлар,
Ғəрезсизлик ушын оянып атыр. 
Жаўызлық, менменлик, жаманлық күши
Ҳəзир ҳеш кимге де басларын иймес.
Лекин қайсы елде Халық деген киси
Тыныш ҳəм пəраўан жасаўды сүймес? 
Кел сен, Жаңа əсир! Орнат əдалат,
Үмит Жəйҳуниндей тасып толғайсаң.
Ақыл қурылтайын шақырып адамзат,
Тең-тайы жоқ алтын əсир болғайсаң. 
Бизден ақыллы ҳəм бахытлы əўлад-
Келип жаңа əсирдиң гөззал баллары,
Қойнында табысып мийрим, муҳаббат,
Тутассын дослықтың «Жипек жоллары». 
Январь, 1999-жыл. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling