Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


ОРНЫҢ БƏРҲА ТӨРДЕ БОЛДЫ, АҚСАҚАЛ


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet7/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

ОРНЫҢ БƏРҲА ТӨРДЕ БОЛДЫ, АҚСАҚАЛ 
 
(Мəтеке ақсақал Жуманазаровтың естелигине
Таллы жағыс тамғалының жеринде
Бул жақты жаҳанға келдиң ақсақал.
Ат көтерип қарақалпақтың елинде,
Бир киси ким болса, болдың, ақсақал. 
Улы едиң қара табан дийқанның,
Аўыр мийнет нанын жеген адамның.
Алдыңа ат тартқан жаңа заманның
Аянбай хызметин қылдың ақсақал. 
Халқың менен өстиң қаның қатысып,
Кегейлини қаздың қоста жатысып.
Бирге жарма ишип қасық атысып,
Тақан шайысқансаң елге, ақсақал. 
Қатебин жазбаған нардай күшли едиң,
Ҳарып-шаршап ат белинен түспедиң.
Ел ушын ентелеп жумыс иследиң,
Халқыңның кеўлинен шықтың, ақсақал. 
Ҳақ кеўил, ел сүйген адам екениң,
Ақыл-зейини алық инсан екениң,
Йолдаш ата, Осман, Шараф əкениң
Нурлы нəзерине түстиң, ақсақал. 
Туўры сөзден жалтармадың жасқанып,
Халқың менен астың турмыс асқарын.
Он сегиз жыл парламентти басқарып,
Заң-закун басында турдың, ақсақал. 


17 
Төбеңди көргенде журтлар қуўанды,
Шөллегенлер булағыңнан суў алды.
Ҳəзиллессең, қапа кеўил жубанды,
Отырыспаның гүли болдың ақсақал. 
Жийреншедей жүйрик, шийрин тил болса,
Ата-баба дəстүр қылған жол болса,
Бул əтирапта қанша улыс ел болса,
Бəри ҳүрметиңде болды, ақсақал. 
Жоқары орынға халық сайлады,
Бирге мийнет етип, бирге тойлады.
Ташкент, Мəскеў бəри сизди сыйлады,
Орның бəрҳа төрде болды, ақсақал. 
Ғəрезсизлик орнап бүгин Ўатанда,
Уллы ҳүрмет қылып уллы инсанға,
Халық сыйлаған қалый болмас қашан да,
Руўҳың шад болғай мудам, ақсақал. 
БУ ДҮНЬЯ 

Адам уғлы, өз кеўлиңди шад əйле,
Ашылсаң, ашыла берер бу дүнья. 
Өткенлердиң ўəсиятын яд əйле,
Жыйнасаң шашыла берер бу дүнья. 
Ҳадал мийнет етип, тапса дүньяны,
Бийғэрезлик ғош жигиттиң əрманы.
Ҳийле қылсаң, алдайман деп сен аны,
Сумлығын асыра берер бу дүнья. 
Журттан артық жасайман деп егер сен,
Тəсил қылсаң, өзиң азап шегерсең.
Түлкиниң изинен тазы жиберсең,
Туттырмай, қашыра берер бу дүнья. 
Алтын деп жыйғаның темир тат болып,
Ақырында опық жерсең мат болып.
Сен қуўсаң, ол наймыт перизат болып,
Жүзлерин жасыра берер бу дүнья. 
Бул дүньяның берген ашшы сабағын
Ҳəр көргенде шүкирлик қыл, тоба қыл.
Ашық Аяз, ашық жүрсин қабағың,
Қапылсаң қапыла берер бу дүнья. 

Бул дүнья «бес күнлик», «ялғаншы» демек


18 
Бурынғылар айтқан сөзинде барды.
«Асығады бизден қалғанша» демек,
Бийопалық күлер жүзинде барды. 
Тəңирим бул дүньяны жоқтан бар етти,
Бендем шалқысын деп, лалазар етти.
Лекин ғапыл бенде асқынлап кетти,
Көбинде инсап жоқ базында барды. 
Дүнья деп, адамзат бир-бирин қырған,
Шайтан ғулғуласы ҳақ жолдан урған.
Бул жерде жазық жоқ дүньяда турған,
Ҳəр бəле адамның өзинде барды. 
Бул дүнья ялғаншы емес шынында,
«Нəпсиңди тый» деп айтқан ғой бурында.
Бир қысым топыраққа толған соңында,
Аш көзлик адамның көзинде барды. 
Ашық Аяз, ҳақ жолынан жүрмесе,
Бул дүньяның гөззаллығын көрмесе,
Бул сөзге ўақтында мəни бермесе,
Уллы пушайманлар изинде барды. 
Декабрь, 1996-жыл.

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling