Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet33/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   29   30   31   32   33   34   35   36   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

АРМЕНИЯ 
 
Арасынан асқар таўлардың
Бир ҳасыл тас таўып алдым.
Тəждиң гəўҳар тасы ма?
Гүлжүзиктиң қасы ма?
Шатырлап жасын түскенде,
Майдалап оны кескен бе?
Сыныклары қай жақта?
Жатыр ма екен узақта?
Дойнақ яки қылыштың,
Изи ме қанлы урыстың,
Бул не шыжбай тастағы?
Ямаса əўел бастағы
Жазыўы ма əрменниң?
Маштоц яки əлле ким
Бир гезде жазып қалдырған?
Абовянның кеўлиниң


65 
Жарасы ма бул турған?
Мийримсиз ўақыт, сум заман
Тырнағын тасқа батырған.
Севандай мөлдир, туңғыйық
Тастың тынық жүзине
Қарай бердим сүзиле.
Көп шыжбайдың астынан
Бир хат көринди маған:
«Армен, демек, бул - адам,
Жоғалмас адам ҳеш қашан!...»
Жанға жақын, туўысқан, 
Жаңа заманға қуўысқан,
Аўа, бул тас жоғалмас.
Армен - сулыў, армен - жас,
Гүллене берер Аястан,
Ал мен болсам бул тасты
Шийринниң сулыў көзиндей,
Туманянның сөзиндей
Жүректе мəңги сақлайман,
Ҳеш дүньяға сатпайман! 
1963-жыл, Ереван. 
ХОСЕ МАРТИГЕ 
 
Ядға түссе алыс Куба еллери,
Бəрҳа сен туўралы ойға таламан.
«Солмайсыз, даланың қоңыраў гүллери»
Деген сөзлериңди еске аламан. 
Сонда көз өңиме келер бир сүўрет:
Аш өлең, қырғый көз, кабағы қатқан,
Бир киси жаралы геўдесин сүйреп,
Қаны шөпти бояп жылжып киятқан. 
Оқлар шүйкилдесер, жаў басып келер,
Теңсиз урыс барар Ўатан жеринде.
Əрман, кек тыйығы кеўилди тилер,
«Куба!» деген бир сөз келер еринге. 
Сол сөзден жанланып өлим пайтында,
Күлер, тарқағандай кеўлиниң шери.
Қанлы гүлди қармап сыбырлар сонда:
«Солмайсыз, даланың қоңыраў гүллери!». 
Испан оқларының астында анаң
Сени туўды қырғын саўаш күнлери. 
«Ўатан ерки» деген еки сөз мудам
Қəўипли соқпақлардан айдады сени. 
Сен сол еки сөздиң шынлығы ушын
Бир жарқ етип жанар жылдырым болдың.
Өлдиң Дос-Риоста сен оққа ушып,


66 
Бар отыңды таўға сиңдирип өлдиң. 
Сол таўдан адамлар отлық тас алып,
Ғазеп өртин жақты өз атаўына.
Ериксиз материкке ерк апарып,
Жаңа əўладың соққы берди жаўына... 
Оны ҳеш қандай күш сөндире алмас,
Изге қайтпас азат Куба еллери.
Хосе Марти айтқан сөз қалый болмас:
«Солмайсыз, даланың қоңыраў гүллери!» 
1963-жыл, 10-ноябрь. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   29   30   31   32   33   34   35   36   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling