Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
ПОШША ТОРҒАЙДЫҢ ӨЛИМИ
(Элегия) Жол бойында бир түп жуўсан түбинде, Жатыр, əне, жайып жансыз қанатын. Жаңа ғана кең даланың көгинде Сайрап турған еди-аў лəззетке батып. Шаңға шомылып, аўнап алып асықпай, Бираз ўақ жер тыңлап жатар еди ол. Бир ўақлары ылақтырған асықтай, Əл ҳаўаға өзин атар еди ол. Көз астында қубылар қыр дөгерек, Кең даланың көркине көз қамасып. Диң аспанға өз жүрегин шегелеп, Шыр-пыр болып баслар еди намасын. Туўған жерге ҳəм өмирге бийиктен Ҳəр ўақ ышқы етер еди жаңадан. Ҳəтте үркеклигин умытып кийик те, Сыйқырланып турғандай бул намадан. 81 Сыңқылдысын қойып мөлдир булақ та, Селеў шөплер жасыл шашын жайғандай. Пүткил əлем айланып бир қулаққа, Текте торғай даўысын тыңлап турғандай. Йошланғанда өзин усылай умытып, Еси кетип көкте сайрай берди ол. Бир ўақта сел буршақ оқларға тутып, Бəленттен қулдырап түсип өлди ол. Қызғалдақ қан жылап, жуўсанлар аңқып, Қосықшы азасы гүрсинтти шөлди. Өлди ол. Бирақ та қосықтың даңқын Қол жетпес бийикке шығарып өлди. 1968-жыл. НАЎАЙЫҒА (Шайырдың 500 жыллық мерекесинде оқылған қосық) Сен əрмансаң шөлге питкен бақ болып, Саялы, мийўалы бир дарақ болып. Заманлар даўылы шайқаған сайын, Жамалың қулпырған зербарақ болып. Жети ықлым гүзарында бир гүмбез, Дəўирлер апатынан жырақ болып, - Ол турар. Өтер өзимшил патшалар, Дүньяға жақсы-жаман қонақ болып. Турдың жақтыртып гөззаллық əлемин, Қараңғыда жанған шамшырақ болып, Əўладлар кеўли ашықдур дийдарыңа, Жаны жолыңызға жапырақ болып. Саҳра гүллерин шашайын үстиңе, Наўайыны сүйген қарақапақ болып. Ибрайым дер, уллы руўҳың алдында, Бас ийейин шəкиртиң Бердақ болып. 19-сентябрь. 1968-жыл, Ташкент. Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling