Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet39/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   35   36   37   38   39   40   41   42   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

НƏРЕСТЕ 
Нəресте, ол - адамның ең үлкени,
Ким болсаң да сен баласаң кешеги.
Шешең бул турсында туўмаған сени,
Ғаррылар да бала болған деседи. 
Нəресте өмирдиң жүреги, деми,
Еле булт көрмеген ол бир алтын таң. 
Нəресте - адамның туңғыш қəдеми, 
Соңғы қəдемиң де апарар оған. 
Уллы келешек ушын иске, гүреске
Тили шықпаса да ол үйретеди.
Ол ийе пəкликке, қүдиретли күшке,
Қуралсыз дүньяға ҳүким етеди. 
Талпынған жас нəрестеге қарасам,
Өмирге мен қыздай ашық боламан.
Усы адамлардың бəри ырас-ақ
«Бала болған ба?» деп саўал қояман. 
Жоқ, жоқ, бəри емес! Тек те жақсылар, - 
Ҳақ кеўил адамлар бала болғанды.
Ал ишкирне жаўызлар ше? Жақ, олар
«Бала болдық» деген сөзи жалғанды. 
Егер олар журттай бала болғанда,
Жүрмей ме Сонгмиде
8
балалар өлмей.
Мың-мың бала ботинкалары сонда
Освенцимде жатбас еди-аў кийилмей … 
8-февраль, 1970-жыл. 
НЕРВАЛАР 
Ўа, нервалар, байғус нервалар,
Жүреклердиң аяўсыз тары!
8
Сонгми - америкалы империалистлер қыйратқан Вьетнамлы аўыл. И. 
Ю. 


79 
Рəҳəтленип сизди урғылар
Адамлардың жез тырнақлары,
Бар тəшиўишин биймаза адамның
Үстиңизге алғансыз сизлер.
Аўыр блокларын заманның
Кран болып көтересизлер,
Умтылыўлар, бəлентке ушыўлар.
Қатал гүрес қарсылықлары,
Излениўлер, айтыс, ашыўлар
Сизге салмақ таслайды бəри.
Бəри-бəри полат серпинли
Пружинадай шыйратар сени.
Қысқа өмирге жəбирдур булар,
Ўа, нервалар, жапакеш нервалар! 
Ашшы тиллер, аларған көзлер,
Кезерген ерин, сазарған жүзлер.
Иштен шалыў, сырттан сайыўлар,
Гедейлениў яки байыўлар,
Кисилик жарыстырыў, күнлеўлер -
Бəри қурт боп алманы геўлер.
Бəри сизге даўагер булар,
Ўа, нервалар, даўкес нервалар!
Ең бир сезгир локациядан
Қыбыр еткен сести услайсыз.
Бəлент частотада сиз мудам
Сезимталлық пенен ислейсиз.
Əлле қайда сыналған атом,
Əлле қайда түскен бомбалар;
Баласы өлген вьетнамлы қатын,
Кескилесиў алыс Конгода ...
Пентагонлар, боннлар дүньясы 
Бəри-бəри мийди бурғылар.
Бул заманның Эол арфасы.
Ўа, нервалар, шыққыш нервалар!
Дүнья деген кең үйди талап,
Тарылтыўшы тар пейиллер бар.
Үйиңизден безбеймиз бирақ,
Маўасасыз саўашлар барар.
Маўжыраған тəбият қойнында
Сизге ҳəз жоқ ҳəзирги гезде.
Жүрек соғар өмир ышқында,
Уллы мақсет жүкленген бизге. 
Мəрт жүреклер - өмир моторлары,
Инфарктқа «жоғал» дер булар.
Əсиримиздиң аяўсыз тары,
Ҳармаңызлар, полат нервалар! 
Июль, 1968-жыл. 


80 
ЎƏСИЯТ 
Баҳрамға 
Жулдызды жулып бер десең, 
Өрмелейин таўларға, 
Маржан терип бер десең, 
Сүңгийин терең суўларға. 
Қартайған түйе гезимде 
Көшегиме ерейин. 
Ойыншық десең, өзимди 
Ойыншық қылып берейин. 
Шалбар кийсең тар балақ, 
Тартып шешиндирейин, 
Қосық десең, арбалап 
Қосық жазып берейин. 
Ат керек деген жериңде, 
Миңгизейин арқама. 
Қыңырлық қылсаң, бəрин де 
Көтерейин бəрҳама. 
Тек ғана жалғыз тилегим: 
Бол адамның адамы. 
Адамшылық жүрегиң 
Таза болсын мудамы. 
«Азамат екен бир» десин. 
«Адамнан ийт туўғанын 
Көрдик» десип жүрмесин. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   35   36   37   38   39   40   41   42   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling