Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
- Bu sahifa navigatsiya:
- ХОШ КЕЛДИҢ ТҮРКМЕНИМ, САПА КЕЛИПСЕҢ!
МАҚТЫМҚУЛЫНЫҢ ЖОЛЫНА Əл ҳасыл малына базар таба алмай, Сегбир тартқан кəрўанбысаң, несең сен? Көкиректе шер болып сыртқа шыға алмай, Жылап кеткен əрманбысаң, несең сен? Селлер қутырмаса Əтиректе сайдан, «Қут қашты» деп, геркез қашар ол жайдан, Шабылмаған қылыш, мəртке зар майдан, Сүрилмеген дəўранбысаң, несең сен? Яшмақ тислеп, гүляқалар тағынып, Ақ жүзиңе қара жаўлық жамылып, Айралықтан баўыры оттай қамынып, Зарлап кеткен жананбысаң, несең сен? Зергерсиз зермисең, бағмансыз бостан, Қəлемсиз көкирекке питилген дəстан, Шөлде Ғəриб Шасəнемге табысқан Гөззал көшки - əйўанбысаң, несең сен? Устасы дүньяға бир келген ғалы, Сатып ала билмес дүньяның малы Сəти түсип оңнан турмай самалы. Атылмаған қырманбысаң, несең сен? Жети ықлым гилтин зейинге салып, Гүл жапырағын қазан аязы қарып, Жəҳиллик дəртине дəрман ақтарып, Тапбай кеткен данамбысаң, несең сен? Шадлы дəўран келип, гүллеп диярың Зер - зергерин тапты, кəрўан- базарын, Жаңа əўладларға толып гүзарың, Шешек атқан бостанбысаң, несең сен? Ибрайым дер: шын шайырлық жолысаң, Адам кеўлиниң сен солмас гүлисең, Қосықтың қудайы Мақтымқулысаң, Халқың менен қайта туўған шешенсең. 92 1968-жыл. ХОШ КЕЛДИҢ ТҮРКМЕНИМ, САПА КЕЛИПСЕҢ! Шəйда бүлбил қонып таза гүллерге, Ығбал мийўаларын молдан терипсең. Кеўлиң ылғал етип, бизиң еллерге Хош келдиң түркменим. сапа келипсең! Сапар əнжамында сəрўи раўаның, Гөруғлыдай гүрлеп сүрген дəўраның. Қурбаның болайын əзийз мийманым, Хош келдиң қардашым, сапа келипсең. Дос сəлеми шийрин зибан - тиллерден, Нар, маялар шырпынысқан шөллерден, Қара қумлы, мурғы-зарлы көллерден, Хош келдиң түркменим, сапа келипсең. Əтирек, Гүрген, Бəҳри Ҳазар жақлардан. Мурғап мəнзилинен, феруз бағлардан, Боз думанлы Балхан, Көпет дағлардан Хош келдиң əзийзим, сапа келипсең. Жүгирик жəйранларды артыңа салып, Райхан гүллердиң жупарын алып, Туўысқан дийдарын аңсап қуўанып, Хош келдиң түркменим, сапа келипсең. Ханлар бизди жаўластырып та көрди, Алдап, түрли жолға бурып та көрди, Бирақ буза алмады дос кеўиллерди, Əзелден қардашым, сапа келипсең. Ата-баба бир жайлаўда мал бақты, Муўса, Сүйеў бир дуўтардан тар қақты. Кесте тиксек бирге бүктик бармақты, Намалас нағысым, сапа келипсең. Ибрайым дер, аржақ ҳəм бержақ болып, Бир муқамға дуўтар ҳəм ғыжжақ болып, Сен Сейидий болсаң, мен Бердақ болып, Шадлы саз шалыўға сапа келипсең! 1967-жыл. Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling