Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
ƏМИЎ ЖАҒАСЫНДА ЖАЙНАП ТУРАРСАҢ
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
- Bu sahifa navigatsiya:
- РАБОЧИЙ ИНСАН
ƏМИЎ ЖАҒАСЫНДА ЖАЙНАП ТУРАРСАҢ
(Тақыятас гидроузелиниң ашылыў салтанатында оқылған қосық) Уллы қурылыс-абаданлық тарнаўы, Ырыс қазанындай қайнап турарсаң. Биз дөреткен дəўран болып нурланып, Əмиў жағасында жайнап турарсаң. Аяғың тирелип айдын көллерге, Атағың жайылып елден-еллерге, Абиҳаят суўын берип шөллерге, Бахыт булағындай ҳағлап турарсаң. 97 Мəртлер қуйған сени дөрпенбес тастан, Турарсаң көп дəўир өтирип бастан. Суў ҳаққында сен бир əжайып дəстан, Дəўиримиздиң даңқын жырлап турарсаң. Серлесең Хорезм шахлардың ўақтын, Суў қыт болса, таслап қаштылар тахтын. Тарийхын тыңласаң қарақалпақтың Суў бойында «суў» деп шырлап турарсаң. Суў - бул уллы тарийх, тамыры арыда, Суў болған халықтың аҳыу - зары да. Ҳəттеки Бердақтың қосыклары да Еле суў сорайды, тыңлап қарасаң... Минерсең Жəйҳунди жалынан қармап, Жигирма үш тоғыртқадан сен ҳарлап, Қырқыўға айдалған қойдай топарлап, Асаў толқынларды айдап турарсаң. Өриң Түйемойын шалқарлы ҳəўиз, Тыным табар дегиш деген жалмаўыз. Қарақалпақ ҳəм Хорезм, Ташаўыз, Əспек етпей кеўлин шағлап турарсаң. Пахта кəни болар шөлге суў барып, Жантақлы далада бағлар ырғалып. Алтын кирпик ақ салылар салланып, Гүлте жоқышқа болып нурлап турарсаң. Өриң Төрткүл, ығың Қоңырат болып, Сен суў берген жерлер шын абад болып, Гүлабы, гүрбеги, торнабат болып, Ширең тил үйиринип, торлап турарсаң. Пəсиңнен Əмиўим ағар сарқурып, Үстиңнен поездлар өтер ҳайқырып, Нөкисти абадан кэнтли жай қылып, Қутлы кəрўанларды жоллап турарсаң. Москва ҳəм Ташкент, Ленинграды, Бир жерде ҳəммениң мақсет-мурады, Үш мың уста - қырқ миллеттиң əўлады, Бəрин - бир семьяға жайлап турарсаң. Тақыятас - нур қаласы қойының, Мəканысаң дослық, мийнет тойының, Шамшырағы Əмиудəрья бойының Уллы ислерге бел байлап турарсаң… Ғарқəллезий суўға арналар толып, Саҳраларда бағы-бостан қулпырып, 98 Заманға бир гөззал ескерткиш болып, Əмиў жағасында жайнап турарсаң. 1973-жыл. РАБОЧИЙ ИНСАН (Шарико-подшипник заводында) Қолымдағы үш түп қəлемпир гүлди Станок үстине қойып қасыңа, Қарап турсам, сениң ислегениңди, Не ойлар келмеди дейсең басыма: Жер бетинде бизлер туўылып, өсип, Қуўанамыз, қайғырамыз, сүйемиз, Қурамыз, егемиз, айтысқа түсип, Жулдызға жол излеп, қыял сүремиз. Базда ақыл-ойың алысты шарлап, Илим əйнегинен үңилсең егер, Қыямет космослық тезликте зырлап, Астымызда тынбай айланады жер. Сен дүзеткен уллы подшипниклердиң Үстинде айланып турма деймен ол!... Тиреги, ийеси өмирдиң, жердиң, Рабочий инсан, мəңги, аман бол! 1976-жыл. Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling