Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


ТЫНБАЙ ЖАМҒЫР ЖАЎАР ПЯРНУ ЖОЛЫНДА


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet46/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   42   43   44   45   46   47   48   49   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

ТЫНБАЙ ЖАМҒЫР ЖАЎАР ПЯРНУ ЖОЛЫНДА 
X. Турымбетовқа 
 
Тынбай жамғыр жаўар Пярну жолында,
Тоғай көк плащын қымтар гүрсинип.
Түнерер арқаның кеўилсиз күни.
Тынбай жамғыр жаўар Пярну жолында. 
Қəнекей, Мамыйдың кең майданында
Ҳəзир бир ат шапсаң, тозғытып шаңды.
Əттең, телеграмма титирер қолымда
Ақ кептердиң сынған қанаты яңлы. 
Тəўбе! Ким ойлаған алдынан жорып,
Сени бунша ерте өледи ғой деп.
Мен де аңламаппан: бүгин сен өлип,
Алыста көзге жас келеди ғой деп. 
Бийтаныс жол. Барар машина зуўлап,
Көз жумып отырман. Тек сен ойымда.
Кеўлим сүўретиңди сызар сулыўлап,
Күн сиркиреп жаўар Пярну жолында... 
Тəбият өнерге бай, қолынан келеди,
Адамның, шайырдың түрлери аз ба!
Минезиң бир қыйын қолжазба еди,
Журт қыйналар еди оқыўға базда. 
«Ол енди жоқ» деген бир уғым жанға
Ат жаўырына батқан ердей батады.
Толқынсақлар минип-түсип атқанда,
Жағада мыңқ етпей жар тас жатады. 
Сен сондай нар едиң. Едиң бийҳазар,
Тең едиң үлкеннен-балаға шекем.
Ал енди ашшы тил, бийпул аўызлар,
Сенсиз кимди мүнжип ҳəз табар екен! 
Өзимизди санаймыз илгир зейинге,
Ким басты көтерсе соны бассынып.
Уйқасқа кире алмай жүрген фейиллер
12
Енди кетер деймен сенсиз асқынып. 
Қосығыңа бир жыллы сөз айтса жайлы,
Өзиңди сөксе де сен қайыл едиң.
Өйткени, шынында сен шайыр едиң,
Соқпағың бар еди өзиңе пайлы. 
Енди қосық оқыр ўақыт қызғанбай, 
Регламент сүймеўши базыбир шеберлер.
12
«
Уйқасқа кире адмай жүрген фейиллер» - Хожамурат қосықта фейил 
сөзлерди уйқасқа онша жолатпайтуғын еди. И. Ю.


91 
Сениң ер геўдеңди көтере алмай,
Енди сықырламас ағаш минберлер. 
Журтқа не жетпейди? Дүньяда зал кең,
Ҳəр ким отырар билет алған орнында.
Бирақ орның бос тур. Жоқсаң енди сен...
Тынбай жамғыр жаўар Пярну жолында. 
Таллин, июнь 1968-ж. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   42   43   44   45   46   47   48   49   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling