Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
ТОҚАЙҒА
Бəҳəр келди. Келди демек поэзияның нəўбети, Шық достым қəбириңнен, қызсын, шайырлық сəўбети. Қуяш қызсын ышқы етип татардың Тоқайына, Кетейик Қазан арты я Қырлай тоғайына! Билгенмен ол жерди мен де онда туўылмасам да, Жез тырнақлар түсиме енип жүрген анда-санда. Онда еле ертек сөйлеп қайыңлар гүўилдесер, Жапырақ өзгеше сылдырлап, самал өзгеше есер. Онда еле күшли жаңлап хош ҳаўазың тур сениң, Аз шертилген, ерте үзилген муңлы сазың тур сениң. Гөззал татар музасының мəканына бул ўақта Сазың ышқыңда жаңадан əўладлар ағылмақта. Жүйрик қəлем ийелери таўап етип сөзиңди, Көзине сүрме етер басқан балалық изиңди. Жəне де онда қүдиретли лираңа болып ҳəўес, «Шертсем» деп, тырмасып атқан виршеплет 9 ҳəм аз емес. Ал сен ше? Көп раҳмет Тоқай болғаның ушын, Кара нан жеп, шайырлықты ақлай алғаның ушын. Туўған ел, ана тилиңниң əрманларын жырладың, Бес қосық жаза салып, көкирегиңе он урмадың. Түркий зибан шияриятын 10 жаңартып алға айдадың, Қосықтың қос материгин тутастырып жалғадың. Байрон, Лермонтов Шығысқа танылып лапыз бенен, Пушкинди сөйлестирдиң Саадий, Ҳафыз бенен. Қазан үстинде қуяш нур шашып тур, түргелиң, Мен ҳəм əкелдим саған алыс даланың бир гүлин. Сандуўғашлар сайраған бул бəҳəр шағларында, Жүр қəне, сайран етейик ол Қырлай жақларында. Байшешеклер балаўызға толтырып пал келтирсин, Жаман шайырларды шүрəле 11 қытықлап өлтирсин. Нəлет айтып сен жасаған заманның жəбирине, 9 Втршеплет – еплемей шайыр. 10 Шиярият - көркем əдебият, шайырлық өнер мəнисинде. 11 Шүрəле – жезтырнақ. Тоқайдың поэмасындағы образ. 88 Егер сен тирилер болсаң, мен жатайын қəбириңе. Апрель, 1968-жыл. Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling