Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
ҚАРАҚАЛПАҚТЫ КӨП МАҚТАМА КӨЗИМШЕ
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
- Bu sahifa navigatsiya:
- МЕНИҢ ҮЙИМ
ҚАРАҚАЛПАҚТЫ КӨП МАҚТАМА КӨЗИМШЕ
«Бир халық көрдим, жүреги Көринер қабырғасынан» (Михаил Луконин.) Қарақалпақты көп мақтама көзимше, Қармаққа тез қабатуғын балықпан. Ҳəр кимниң бар əззи жери өзинше, Шортанымдай аңқылдақлаў халықпан. Бул кисини көзге мақтаўдан көре, Пайдалырақ минин таўып сөккениң. «Қарақалпақ жақсы халық» дегенге Бабам шешип берип кеткен шекпенин. Жалғыз атын сойып берип қонаққа, Жаяў қалып бул халық талай тарыққан, Соны айтып мақтайғойсаң бирақта, Оннан да зорын көрсететин халықпан ... Беглиги көп йошып кетсе бул халық, Дəстанларды қойдай дизип матаған. 99 Ҳəмме халықты қарақалпақтан шығарып, Өз тарийхын баслар Адам атадан ... Мийнет десе жең түринген палўандай, Арбаға таў тийе десе тийеген. Дослық десе жулдыз таўып алғандай. Халқымның ак көкирегин сүйемен. Жек көрсе ол, «жек көремен сени» - деп, Саған барып айтпағанша тынбайды. Бир пул тапса, «бай деп санаң мени» деп, Есип жумсап қуртпағанша тынбайды. Сумлық қылса сыр алдырар баладай, Кеўилшеклик минезине күйемен. Ал енди онық кең жазийра даладай Азаматлық кең пейилин сүйемен. Тайын мақтап, атын минсең - сынамас, Мен бул халықтың минезине қанықпан. Кеўлим мениң Жəйҳун менен сағалас, Ҳəр нəрсеге йошатуғын халықпан. Жақсы сөзге жан семирер деген бар, Хошаметке ҳəр ким ҳəўес өзинше. Сондадағы өтинемен, адамлар: Қарақалпақты көп мақтамаң көзимше ... 1974-жыл, январь. МЕНИҢ ҮЙИМ Шөл ҳəм бостан мəңги өшлескен жерде, Гүл ҳəм жуўсан қоңсы өскен өңирде Адам жатырқамас үйим бар мениң. Ҳəмме жерди көриў кисиге мəр ме! «Жердиң түби ғой» деп қыйналып жүрме, Шақырып мазаңды алмайын сениң. Бирақ адам менен адам дусласар, Ат баспайман деген жерин үш басар, Нағайбыл дуз тартып келсең булманға. Есигимди қағып, тартынып турма, Дүзиў нийет пенен еркин келе бер, Кел, қонағым, есик қақпай кире бер! Үйге шақырыўсыз қонақ келгени. Бул ҳəм азаматлық абырайың сениң! Шақырмай келгени - Зейни илгени «Адам-адам ушын мийман» екенин... Мениң де өзиндей исим көп мүшкил. Бир баста көп жумыс ирили - майдалы. Лекин, қонақ күтиў--жумыс емес бул, Бул мен ушын көркем өнер байрамы. 100 Қəстерлеймиз қонақтық қай-қайсысын, Наўқан қурттай илле-пиллеге орап. Жайлысын да көрдик, Көрдик жайсызын, Қонақтың жаманын көрмедик бирақ. Шақырыўсыз қонақ- Биймиллет қонақ, Кел, төрле, бирадар, Азамат инсан! Бир сулыў дүньяға болғайсақ инақ, Кеўил есигимди ашайын саған... Бизиң халықтың кеўлин қайсы бир гезде Ҳеш қандай ҳүкимдар, Ҳеш бир патша, хан - «Миймандослық» деген дуўалы сөздей, Биллəҳий, ҳеш жаўлап ала алмаған… Хош мийманым, Келмекте бол бул үйге, Кешеги қонағым - Бүгинги достым. Дос арттырыў-ең бир уллы ғəзийне, Раҳмет, ырысыма сен ырыс қостың. Саў жүрсек, табарсаң бизди ҳəрдайым Усы шөл ҳəм бостан аралығынан, Саған унай ма деп сорап неғлайын, Суўым да, қырым да өзиме дəрман. Бир жағым суў, бир жағым шөл болмаса, Бейиш қурып берсең де мен бармайман, Гүл ҳəм жуўсан ийси аңқып турмаса, Ол жерде мен қарақалпақ болмайман. 6-март 1972-жыл. Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling