Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet59/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   55   56   57   58   59   60   61   62   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

ХОРЕЗМГЕ 
Халқыңды мен ханалас туўысқаным деп сүйемен,
Жериңди мен баўырлас мəканым деп сүйемен.
Хорезмниң топырағын қайда жүрсем сағынып,
Киндигимниң қаны тамған ўатаным деп сүйемен. 
Сен əййемги гөззаллықсаң, шаҳлар саған таласқан,
Бабаларым бул Хийўаның тасын бирге қаласқан.
Ўақыт пенен өшегисип өң бермеген бояўың,
Гүңгирлеген гүмбезлериң, минарларың əласпан. 
Сен алымсаң журттан бурын жети ықлым жаратқан,
Күнбатысқа алгебраның сырлы есабын санатқан.
Дүнья илими аспанында ай туўғандай жарқ етип,
Мың жыл бурын Берунийдей бабам шыққан Қыяттан. 


115 
Шырша тасқа гүл питирген Хийўа наққаш шебери,
Əўез Отар əрман еткен жерлерге гүл көгерип.
Мақтымқулының жас музасы қыз болып бойжеткен жер, 
Əжинияздың изи түскен көшелериң теберик. 
Тамырымызда туўысқанлық қанымыз бар қатысқан,
Ата-баба бир нан тапса, бирге бөлип татысқан.
Халқымыз бар бир дəрьяның еки бойында турып,
«Ассалаўма əлейкүм!» деп насыбай сорап атысқан. 
Еки дийқан тəжирийбелес, еңбек етсе жарысқан,
Еки палўан бир тойда ыңыранып жамбас салысқан,
Бир қара телпек астында еки көздиң бирисең,
Қыяметлик қоңысымсаң қазан-табақ алысқан. 
Əмиў суўы жеримизге қан тамырдай тараған,
Жапларымыздың тарнаўлары бир-бирине қараған,
Күн десе күн, гүл десе гүл, жайна гөззал Хорезм,
Ал мен мəңги ўатанласың қарақалпақ боламан! 
БИР АДАМДЫ БИР АДАМ... 
Қандай жақсы, бирадар,
Адамзаттың жүреги!
Бир адамды бир адам
Жандай жақсы көреди. 
Бир адамды бир адам
Сүйип қалар танысса.
Бир адамды бир адам
Сағынады алыста. 
Кетсе биреў арадан,
Биреў жоқлап жылайды.
Бир адамнан бир адам
Барып кеңес сорайды. 
Оқ атылса биреўге,
Жанын тигип гиреўге,
Жетип барар сүйеўге
Бир адамды бир адам. 
Нəпсин тыйып нан берер,
Тамырынан қан берер,
Керегинде жан берер
Бир адамға бир адам... 
Жақсылық өсип өнер ме,
Милионды миллион сүйер ме, -
Сүймегенде егер де,
Бир адамды бир адам? 


116 
Ишип мийрим кəсасын,
Тас жүреклер босасын.
Берҳама сүйип жасасын
Бир адамды бир адам. 
Сентябрь 1975-жыл.

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   55   56   57   58   59   60   61   62   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling