Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet57/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   53   54   55   56   57   58   59   60   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

 
ШАЙЫР 
(М. Ю. Лермонтовқа) 
Халық өз жүрегинен тамшы қан алып,
Ўатан топырағына қарып сап ҳуждан,
Өлмес руўҳы менен үрлеп дем салып,
Уллы нийет пенен жан берер оған.
Шийрин зибан берип туўған анасы,
Муҳаббат бесигин оның тербетер.
Асқар таў, ағар суў, тоғай, даласы
Бəри оны танып тəрбия етер. 
Ол, сөйтип, даўылдан тынышлық излеп,
Бир ақшамда жалғыз жолға түседи.
Кеўлинде қарлы шың аспанды гөзлеп,
Жулдыз жулдыз бенен сəўбетлеседи.
Орфейдиң сыйқырлы сазын жаңлатып,
Ол жақсы сезимге интимақ етер.
Дүньяның кең, гөззаллығын аңлатып,
Тар пейилли инсанларға үйретер.
Пəлектиң гəрдиши, заманның иси
Жүрек тарын шертип турады бирдей.
Ерк ҳəм де өмирге деген ышқысы
Тийген жерин өртер Демон лəбиндей.
Қасқақбас ким оған гөзлеп оқ атса, 
Мəңги күлер өзин атқан жаўына,
Инсанияттың арына ким қол қатса,
Дуэльге шақырар ол Машук таўына. 
Октябрь 1974-жыл, Кисловодск. 
ƏЖИНИЯЗДЫҢ МОНОЛОГИ 
Бир кишкене елдиң шайыры болсам да,
Мен уллы ислердиң парқын билгенмен.
Тикенекли тар сокпақтан барсам да,
Талай үлкен жолдан жүрип көргенмен.
Көргенмен кең гүзар жоллар бойында
Еллерди басқалар барып көрмеген.
Ҳүрмет көрип, мен олардың тойында,
Айтысқа түскенмен дилўарлар менен.
Халыктың халыққа деген кеўил ханасы
Дослық мийманына толыдур бəрҳа.
«Бул дүньяның көрки адам баласы»
Деген сөз мəнисин билгенмен сонда. 
Дүнья əўўел бир сум перийзат болып,
Ышқы кийиклерин көп қуўалатты.
Соңыра үмит көшким гүл опат қылып,


112 
Шексиз ғам-қайғының селине атты.
Жүздим жанталасып сел қушағында,
Сел емес, əрманлар умманы еди.
Заманым - инсанның ҳижран дағында
Гүлдей шөлиркеген заманы еди.
Илми - мағрифеттен ҳақыйқат гөзлеп,
Мен сонда «Гүмбези даўўар» көргенмен,
Аҳли данышлардан тəлимат излеп,
Талай уллы мəжилислерге киргенмен.
Лекин ҳеш мəжилис, ҳеш данышпанның
Заман тəдбийрине ақылы жетпеди.
Көкке жетип налышлары адамның,
Жулдызлар жасқанып, айдан шетледи. 
Дүнья дəслеп маған көп ўəде еткен
Əреби ат минип, дəўран сүрмекти.
Соңыра үмит гүлим орып бир шеттен,
Орнына өкиниш қəлўенин екти.
Ел серпилип көшип Ўатан үстинен,
Суңқар қус оралды аяқ баўына.
Бүлбил үркип қырлы дүпең сестинен,
Зағ қонды кеўлимниң Бозатаўына,
Аҳ, кырқ өрим шашлар, қос-қос бурымлар,
Мойныма оралса беререм жанды!
Əттең алма мойын, ақ билек қоллар
Сол шаш пенен артқа қайырып байланды.
Наркес кирпик қумар көздиң қарасы
Қыз өңирин жас пенен жуўғанын көрдим.
«Бул дүньяның көрки адам баласы»
Соншелли қорыў - зар болғанын көрдим. 
Дүнья! Айтшы, менде не қаслығың бар?
Жуўҳаланып қайда баслаған едиң?
Пейлиңди Наўайы, Мактымқулылар
Айтқанда ҳеш қулақ аспаған едим.
Маған Ўатан бердиң айра түссин деп,
Жəнан бердиң ҳижран жапасы менен.
Заман бердиң қайғы суўын ишсин деп,
Бермедиң ҳеш заўқы - сапасы менен.
Маған зибан бердиң журттан зыяда,
Қахнус киби гə тирилип, өлсин деп.
Саз бердиң де, келтирмедиң гөяға,
Көкирек бердиң зерде толып жүрсин деп. 
Инсан қайғы - дəртин, дүнья, егерде
Жылыныўға сондай пайызлы билсең,-
Тек бир заман ғана мен турған жерде,
Бул отқа жақынлап ысынып көр сен.
Мейли, маған артқан дəҳмет жүгриңди,
Не шара, кеўлимде көтерип өтермен, 
Бирақ, бийўапалык, нəмəртлигиңди
Мен ҳəм əўладларға айтып кетермен.
Мен сөнермен, сөнбес үмит қуяшы,


113 
Бир күн дəўран келер инсаниятқа.
«Бул дүньяның көрки адам баласы»
Деп дəртли Зийўарды алысар ядқа. 
Июнь 1975-жыл. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   53   54   55   56   57   58   59   60   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling