Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet65/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   61   62   63   64   65   66   67   68   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

ҚУЛПЫТАСТАҒЫ ЖАЗЫЎЛАР 
(эпитафия) 
Көпирип көп жазатуғын шайырдың қулпытасындағы 
жазыў 
Бул соныңдай шайыр: ол ҳеш өлмейди,
(Тухымы көп нəрсе қалай өледи?)
Пушкин бул дүньяға енди келмейди,
Бирақ, мына шайыр талай келеди... 
Зықна ҳəм сақ адамның кулпы тасындағы жазыў 
Буның сақлығынан кудай сақласын,
Сыр сейфиниң гилтин жойтпастан кетти.
Кирзовой етикте сақлап ақшасын,
Өлерде өзине де айтпастан кетти. 
Ғыйбаткештиң бас ушындағы жазыў 
Бул «домалақ арза» жазса, қорқыңлар,
(Дөҳметинен көплер урылып кетти.)
Қоңысы қəбирлерде жатқан марҳумлар
Бул барғансоң қорқып тирилип кетти... 
1975-жыл. 
АТЛАР 
Атлар, атлар! Алыс кеткен қыялдай,
Төрт аяқтан төгилген гүл ҳөнери.
Жулдыздай, дəрьядай, сулыў ҳаялдай -
Тəбияттың йошлы дөретпелери.
Дойнақ пенен жазып дүнья тарийхын,
Планетаны дүсирлетип өттиңиз.
Үркип даўысынан машиналардың 
Сахна артына шапқыласып кеттиңиз,
Адам жүрисиңнен қанəəт қылмай,
Жүўениңди бастан сыйырып алды.
Баяғы даўрықлы даңқыңыз, ай-ҳай,
Енди тек шайырдың қосығында қалды.
Заман қатты кетти. Ете алмас қайыл
Оны ҳəтте лайнерлердиң пəрўазы.
Жер танабын қанша қуўырған сайын,
Сонша асығады, болмай ыразы.
Ийең сени минбес жаяў қалса да,
Машинада оның ғəрези-қасты.
Жолда авария аңлып турса да,
Олар мотоцикллерге жармасты.
Сиз тек мал атыңыз бенен бул күнде
Елден аўлақ дүркиресип жүресиз.
Техас даласында, қырғыз жеринде,


127 
Поездлар даўысына қулақ түресиз.
Ал енди уллы той күни шаў – шуўлы – 
Бəйги ҳəм ылаққа шыққанда сизлер,
Адам намысы ушын қайтип шабыўды
Ат намысы менен көрсетесизлер...
Əне, жылқы үйири көлге қулады,
Жаныўар бир жийрен қасқа тайыншақ,
Таң алдында не деп киснеп турады,
Жаңа туўған Шолпан жулдызға қарап?! 
Атлар, атлар! 
Мəңги досты адамның... 
Июнь 1974-жыл 
Несибең ақ болсын қысқы даладай:
Қызыл түлки аўнап азанғы қарға,
Аяз күн қəҳəри шағылысып нурға,
Кеўлиң - тай шапқылап шыққан баладай. 
Кеўлиң ыссы болсын жазғы даладай:
Əрман теңизиндей булдырап сағым,
Суў ҳəм саяны ең сағынар ўағың,
Түн - рəҳəт. Жулдызлар парлап жанады-ай. 
Өмириң жайнасын бəҳəрги даладай:
Қара нөсер менен таўдан сай қулап,
Булт артында қызыл-жасыл айқулақ,
Инсан үмитлери гүллер даладай. 
Ақылың кəмил болсын гүзги даладай:
Жантақ сөклеп, ҳаўа мумдай тынығар,
Кеўилиң əллекимди аңсап зарығар,
Төбеңде шырылдап торғай турады-ай... 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   61   62   63   64   65   66   67   68   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling