Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
АЯЗ ҚАЛА
Аяз қала - даналықтың қаласы, Гөне тарийх саған ийек сүйеген. Қыйратыўшы ўақыт пенен таласып, Тас буркиттей турысыңды сүйемен. Тасың күйреп, топырағын тозғыған, Сен билесең туралмайсаң мəңгиге. Бирақ сениң басыңдағы боз думан Уйып қалған уллы тарийх - əңгиме: I Археолог жигит Ленинградтан Мың жыллык жазыўды оқыйды ядтан. 128 Қазып атырып бир ески қорғанды, Көк шыршалап жазған тас таўып алды. Жазыўды урыстырып оқыды əсте Ҳəм бир гөне ертек сөз түсти еске: Ғəзеп пенен қайнап халықтың қаны, Тахтынан тайдырды залым патшаны. Ҳəм дүзде мал бағып жүрген пақырды “Тахқа отыр, хан болдың" деп шақырды. Сөйтип, хан көтерди шопанды олар, Шопан - хан зор болып шықты геллеғар. Зейнинде бар еди ақылдың көзи, Ҳəр бир айтқан сөзи нақылдың өзи. Халықты сорады соныңдай əдил, Көз жасларын тыйды жетим ҳəм жесир. Елди тазалады уры-ғарыдан, Байыўлылар ушты таппай гөне там. Ақша дəрья бойы гүлистан болып, Ат шығарды кимсең Аяз хан болып. Дəўлети бəршеден болды зыяда, Əдалатлық даңқы кетти дүньяға. Қоғадай жапырылып халқы сыйлады, Туўрылықта теңи-тайы болмады. Бийжөн көтермеди адамға қолын, Ойлады ол асып-таспаўдың жолын. Сөйтип, ол өзиниң хан сарайына, - Бийик алтын тахтың қақ маңлайына – Қазыққа қыстырып қойды ол бүгин Шопан ўақта кийген жаман шарығын. Ҳəм көк шырша тасқа жуўыртып нурды, “Аяз, шарығыңа бақ!” деп жаздырды ... 2 Қаланы жаў қамал етти бир ўақта, Ел басына түсти тағы дəртли күн. Лəшкер басы бир мəрт екен бирақ та (Жаў да болса айтпай болмас мəртлигин.) 129 Бир бийикке минип алып ол адам, Қоразланып буйрық берди даладан: “Биз келгенбиз еркек пенен урысыўға, Қатынлар тез шықсын – деди - қаладан! Шашы узын, қысқа олардың ақылы, Бир ақшамда кетсин олар мақулы. Ҳəтте ҳəр бир ҳаял керек буйымын Көтергенше əкетиўге ҳақылы”. “Өйббей бала, жақсы жаў ғой, ҳаў мына!” Деп ҳаяллар қуўанысып қалысты. Затын түйип, тислеп алып аўзына, Балаларын қолларына алысты. “Өлгениңнен аманлығың дым қызык, Ҳай, бери кел, мин мойныма, балажан!” Деп еркегин мойынына мингизип, Барлық ҳаял шығып кетти қаладан... Паҳ, шабазым, акылыңнан-ойьңнан, Яр айлансын сениң қəдди-бойыңнан! Əттең бирақ соннан бери көп еркек Түскиси келмей жүр жумсақ мойныңнан... 1974-жыл Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling