Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet69/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   65   66   67   68   69   70   71   72   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

САНАТ
15
 
 
 
Күшли болсаң жердей бол.
Бар нəрсени көтерген.
Таза болсаң суўдай бол,
Бəрин жуўып кетирген.
(Қырғыз санаты). 
 
Кеўил деген жаман зат.
Таў болсам деп турады,
Нəҳəнликте ҳəммеден
Ғаў болсам деп турады, 
Кеўил деген жаман зат,
Дала болсам дейди ол.
Қартайғанда қайтадан 
Бала болсам дейди ол. 
13
Парнас – грек мифологиясында шайырлық йош таўы. 
14
Атақлы демократ илимпаз. Шоқан Ўəлийхановтың анасы қарақалпақ 
қызынан туўылған (И.Ю.). 
15
- Қырғызда термени «санат» дейди. И.Ю. 


133 
Кеўил нени күсемес?
Бүркит болып уяда,
Қус баласы қонбаған
Қонсам дейди қыяға. 
Қой баласы шөп отлап,
Енапатқа семирер.
Кеўил деген сондай зат,
Марапатқа семирер. 
Кеўил деген кеңейсе
Кең сарайдың өзи ол.
Кеўил қурғыр тарайса,
Бир тебенниң көзи ол. 
Кеўил қусы йошланса,
Жулдызларға ушар ол.
Кеўил көзи жасланса,
Жапалаққа усар ол. 
Кеўил күни қызарса, 
Таўдың тасын жибитер. 
Жүреклерде муз турса, 
Сол музды да еритер. 
Кеўил қурғыр музласа, 
Басқаларды тоңдырар.
Кеўил гүли жайнаса,
Шөлге бостан қондырар. 
Сəл нəрсеге қылтыйып,
Шамырқанып туратын,
Кеўил деген не десем,
Насыбай екен бир атым. 
Айнадан қатты нəрсе жоқ,
Сəл нəрседен сынар ол. 
Кеўилден пəтли дəрья жоқ,
Сəл жерде тынып қалар ол. 
* * * 
Дəўран деген бир жорға, 
Сүре алған сүрип баратыр.
Нəпси деген бир дорба,
Таўлар сыйып баратыр. 
Нəпси деген зоң ғарға,
Тояр күни болар ма.
Размерсиз бир дорба,
Толар күни болар ма! 


134 
Кисилерди қыйнайсаң,
Ўа кисилик-кисилик!
Өз ханаңа сыймайсаң,
Сəл нəрсеге исинип. 
Үлкенсип жүрип ҳəммеден,
Ушалмаған кисилик.
Аттан түссе, зəңгиден –
Түсе алмаған кисилик. 
Əп-əнейдей көзлериң, 
Алаўратқан кисилик 
Тəкаббырсып, тиллерин 
Лалаўлатқан кисилик. 
Əззиге үйип қабағын, 
Шалқайып кеткен кисилик. 
Күшлини көрсе, аяғы –
Қыйсайып кеткен кисилик. 
Жыйнап-жыйнап гийнени, 
Жипке дизбе ийнени. 
Досларыңа өкпелеп, 
Түйе қылма түймени. 
Сайып-сайып сыртынан,
Күлме адамның артынан.
Зар боларсаң достыңның
Көшип кеткен журтына. 
1975-жыл. 
СОҢ КӨЛДЕ 
Бермес едим он көлге,
Көл ийеси мен болсам,
Кел сулыўы Соң көлде
Мен болсам да сен болсаң. 
Азанда ерте оянсаң,
Көл суўына шомылсаң,
Аққуўдай боп тарансаң,
Қапталыңда мен болсам. 
Қосықлар келсе дөреўге,
Қалсаң көлде түнеўге,
“Сүйемен” десең биреўге,
Сол биреўиң мен болсам. 
Болот болсам жылқы айдар,
Тартып алсам Жантайдан.


135 
Сулыўлықта халық айтар
Ақмөр
16
менен тең болсаң. 
Төртеў қалсақ аўлақта:
Самал ессе таў жақтан,
Соң көл менен сол ўақта
Сен болсаң да мен болсам. 
Соң көлдиң жаўған қарында, 
Жаслығымның барында,
Қалар едим Нарында,
Егер жаным сен қалсаң... 
1973-жыл. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   65   66   67   68   69   70   71   72   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling