Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet64/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   60   61   62   63   64   65   66   67   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

МАРАПАТ УЙЫҒЫ 
«Өр беттен көп жаңа каналлар алып,
Дəрьяда суў қайтты» десип атқанда,
«Ағаш куйрық» ағам қуўақыланып,
«Ҳасла олай емес» депти ол сонда. 
«Мақтаўдан кай нəрсе кетпейди азып?
Əмиўди марапат уйығы тепти:
«Жəйҳун дəрья», «асаў дəрья» деп жазып,
Дəрьяны шайырлар қурытты» депти. 
1976-жыл. 
ДАҢҚ АРБАСЫ 
Даңқ арбасы гүпшекке зер жалатқан,
Бөгенегин көмкерген сап гүмиске. 
Даңқтың жүгин тартыў ушын жаратқан,
Болмайды ол шаңлы жолға миниске... 
А
ЯҒЫҢДЫ 
пута тырнап, тас қыйып,
Өрмелейсең асқар таўдың басына.
Жол азабы қастын тигер қасқыйып,
Таў қарынан қыраў түсер шашыңа. 
Ҳəмме қайтар машақатқа көне алмай,
Тек сен кеттиң шыңға аяқ басыўға.
Ақырында миндиң, журтлар мине алмай,
Етекликте телмирискен асыўға. 
Бултлар аўнар аяғыңа бас урып,
Бирақта күн жердегидей қыздырмас.
Түсерликте киятырсаң мəсирип,
Аяқ талып, кирпигиңе муз турмас. 
Киятырсаң түсерликте сен əсте,
Мəнзилиңе жетиўге аз қалды дə.


125 
Көбинше сол көлик керек еместе,
Даңқ арбасын тартар сениң алдыңа... 
Журт гүўлесип көтермелеп баратқан
Бул арбаның жолы дымнан жиңишке.
Марапаттың морт ағашынан жаратқан,
Жарамас ол жумыс ушын миниске. 
Баз биреўлер буны жақсы билсе де,
Тоздырар оны қуўып айдап дембе-дем.
Ямшик жаллап жол арбасын минсе де,
Пушкин жолға даңқ арбасын минбеген.. 
ҒАРРЫЛАР 
 
Аўылымның ғаррыларын сүйемен,
Ҳəр сөзине беререм бир түйеден,
Ҳəр биринде Жийреншениң ақылы,
Қалтасынан түртип турар нақылы.
Гүрриңлескенинде жайласып олар,
Ҳəр бири өзинше «фəйласуф» олар.
Олар сəл нəрсеге қанəəт қылған,
Олар асықпайды, асығып болған.
Ғаррылықтың, аўыр миннетли жүгин
Сыр бермей көтерип жүрисер бүгин.
Сөз қозғаса Адам атадан баслар,
Изин ай, жулдызға апарып таслар,
Айдан келип, мақтасар бул заманды, 
Сиясаттан «оқытар» ҳəр адамды. 
Не айтса да, өзи көргендей айтар,
Билмесе де, өзи билгендей айтар.
Базда қайыл қалсаң даналығына,
Базда күлкиң келер садалығына,
Сөйтсе де, оларда терең мəни бар, 
Ғаррысыз аўылдың қандай сəни бар?
Жаслар хызмет етип, төринде күтер, 
Сөйтип азаматлық сынаўдан өтер.
Егер сен аспанды турсаң да тиреп,
Аттан түсип, сəлем бермегиң керек.
Сонда ғаррылар қайтадан туўғандай, 
Қуўанар белине белбеў буўғандай.
Жүрдек ешеклер үстинде ғаўқыйып, 
Сөйлесип барар жолға зорға сыйып.
Бирақ аңламаған едим ҳеш бурын:
Кеше аўыл жолында кешқурын
Көрдим базардан қайтқанын олардың. 
Айҳай, дым сийрексип барар олар дым... 
1975-жыл. 
 
 
 
 


126 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   60   61   62   63   64   65   66   67   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling