Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
АҚ АЛТЫНЛЫ ЕЛДИҢ АҚСАҚАЛЛАРЫ
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
АҚ АЛТЫНЛЫ ЕЛДИҢ АҚСАҚАЛЛАРЫ
(Республикалық халық хожалық ислерине өз тилеги менен белсене жəрдемлесип журген пенсионер отағасылардың ҳүрметине) Халық шақырса жатпас намыс-арлылар, Қыймылдасар жеткенинше ҳаллары. Жигитке бергисиз ғошшақ ғаррылар - Ақ алтынлы елдиң ақсақаллары. Жигитлик өткенсоң, ғаррылық мурат, Кəхудалық сөзиң журтқа ўəсият. Топлымға көп түскен ғайратлы ғыйрат, Дүбир сезсе, желге тарар жалларын. Жигитликте ҳəр ким есирик нар болар, Қайда кыйқыў болса, сонда бар болар, Халқы ис буйырса тындырар болар, Еске түсер сол ғайратлы жылларың. Талай ат болдырды шабысыңыздан, Талай беллер сынды тебисиңизден, Қазан зорға қайнап табысыңыздан, Көп болған кеўилдиң қыйлы - қаллары. Пурсат бермей тал бойыңды жазыўға, Əкеңниң орнына кеттиң қазыўға. Қатты шаңғалақты салып азыўға, Шақсаң, пуш боп шықты жаслық əрманы. Айдасаңда байдың қосын, арбасын, Биймиллет ишкизбей суйық жармасын, Қыз-келиншек айта ғойса ҳармасын, Аш қарынды тойдырғанды паллары. Онсери бел менен сийсери кетпен, Жантақ дəстелетип, томар геўлеткен, Кегейли, Есимжап, Ханжап, Қызкеткен, Талай қазыўлардың болдық белдары. Соннан аяқ басып жаңа турмысқа, Қатнасқансыз қанша уллы қурылысқа, Кимиңиз Ўатанды қорғап урыста, Кимлер, аўыр тыл арбасын айдады. 117 Ис гезегин енди жасларға берип, Дем алсаңлар елдиң зийнетин көрип, Бахытлы ғаррылық дəўранын сүрип, Ҳəзлессең, келинниң таяр шайлары. Бирақ дийқан бийғам шалқая билмес, Мийнет сүйген адам қартая билмес, Жамбаслап көрмеген жантая билмес, Отырса алдына сыймас қоллары. Ғаррылықтың дəрти сизге жуўымас, Тамырыңызда дийқан қаны суўымас. Жерге ҳəм мийнетке оятар ықлас, Шамурат атаның өрнек жоллары. Жас əўладлар мақтанады сиз бенен, Шаўлық сүйип, шағлаң жарқын жүз бенен. Аман болың кемпирлериңиз бенен, Ақ алтын елиниң ақсақаллары. 1976-жыл Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling