Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
ВЕНЕРАНЫҢ СКУЛЬПТУРАСЫНА
Сүўретиңди қандай шебер салды екен, Келбетиңди қайсы ҳаялдан алды екен. Қанша дəўир, қанша əўлад қылғынып, Сынған қолың қайсы жерде қалды екен? Арыўлықта əрман етсе жан нени, Сулыў тулғаң өз бойына жəмледи, Қолсыз мынаў журтты ийирип турғаның, Қолың болса қырасаң ғой ҲƏ ммени… Май, 1973-жыл, Москва. ГЕДЕЙЛИК Дүньяда не жаман-гедейлик жаман, Жүзиң төмен етип, қоймаслар аман. «Атың шығып, абырайың артса да, Биздей байғусларға түспеди-аў саяң». 123 Деди бир əмеким аўылдан келип, Тыңлай бердим оны зейнимди берип. Ағайин азарда, безери болмас, Аяп кеттим барып аўҳалын көрип: Бийшара ырастан əбигер тартқан, Бир басына сонша машақат артқан, Рузыгер машқаласын арқалап, Мал табыў жолында жуўырып-жортқан. Бес гектардан зыят ҳəўли-ҳəреми, Бес сыйыр, отыз қой - малым дегени. Бес мың түп ақ терек, бир ферма таўық, Бес танаптай жоңышқасының көлеми. Үй болып соларды бағады екен, Тынбай жанын отқа жағады екен, Ол да аздай, үйден жырылған ўақта Совхоз жумысына шығады екен... Дүнья мал жигиттиң ақылын алған, Ол қаралай өшип, өзеги талған. Турмысында рəҳəт жоқ, тыным жоқ, Кийиниў, ишип - жеў дəстүрден қалған. Ҳəўлиси айланған таўық қораға, Əтирапы толған гүдшек, ураға, Қат-қат гилем, кийиз арша үстинде Бир төселмей жатыр изейханада. Күн-түн жуўырады малдан күш алып, Баллары оқыўдан «еки», «үш» алып, Өрмекши аўына түскен шыбындай, Жигит байғус қалған жипсиз тусалып. Қурдас патлы еди, кеткен азып та, Үйден, малдан бир шығалмай жазыққа. Əкесиниң егип кеткен бағлары Айланыпты мал байлайтын қазыққа. Быйыл жигит бир қыдырып қалмақшы, Бой тиклеп дүньяға нəзер салмақшы. Москваға барғандағы мақсети, Арзанырақ үш-төрт гилем алмақшы... Гедеймен дегенин билмеңлер жалған: Қоңысылар сыйлыққа «Жигулий» алған. Бул «сорлыда» ҳəтте мотоцикл жоқ, Телевизоры да көрсетпей қалған... «Гезек пада» менен бағып жүр малын, 124 Малға пида етип бир шыбын жанын, Шынында да аяп кеттим жорамның Адам шыдамастай гедейлик ҳалын. Айттым оған: Сондаймысаң еле сен? Бул жүристен əжел жетпей өлесең. Əкең қуўмай кеткен дүньяны қуўып, Буның рəҳəтин қашан көресең? Дүнья қуўып жаслай қəддиң дал болып, Заманың алдында тилиң лал болып, Абырай барда есиңди жый, жоражан, Өзиңдағы кетпей турып мал болып… 1973-жыл. Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling