Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet62/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   58   59   60   61   62   63   64   65   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

БИЗИҢ АЎЫЛДЫҢ ҚЫЗЫНА 
Саған көлдиң ақ қуў кусын
Мегзеткенин көп еситтим.
Тырналар өз отырысын
Сеннен алған деп еситтим. 
Əрўаналар боталағына
Усатып көз көрисиңди,


121 
Кийиклер өз ылағына
Үйретермиш жүрисиңди. 
Тойда көрсем, ҳəмме сақый,
Жолларыңа шашар барын.
Исте көрсем, бир илəҳий
Музыкадай қыймылларың. 
Айта берсем, журт алдында
Мақтаныўдай болып кетер,
Сен бəҳəрде шыққаныңда,
Шөллер гүлге толып кетер. 
Төринде шөл далалардың
Ойнар еркин ақ мараллар!
Аш көз залым аңшылардың
Түслерине енер олар… 
Сен ҳеш кимге берме ерик,
Умыт, жаным, баяғыңды.
Көкиректи сəл көтерип,
Тигирек бас аяғыңды. 
Саған минəсип дөретип
Мəртлик, зейин саналарын,
Жигитлерди ғошшақ етип,
Туўар гөззал аналары. 
Ишин күйдир сен олардың,
Наздан белиң сынып кетсин,
Менменсиген қалалардың
Көрип көзи тынып кетсин. 
Билемен, жол алысына
Ш
ЫҒЫП
,
сыртқа бармағансаң.
Сулыўлардың жарысына
Түсип, «миссис» болмағансаң. 
Бирақ, сендей арыў ушын
Неге дəркар ондай ермек?
Сени дүнья таныўы ушын
Маған жүйрик қəлем керек... 
Сəл сабыр ет, еле мен де
Көркиңнен йош алып турып, 
Салайын бир сүўретиңди,
Жер-жəҳəнға таныттырып. 
Көрейин тап, сонда сениң
Даңқың көкти қушпағанын,
Даланың сум Демонының
Сени айланып ушпағанын. 


122 
Көрейин мен, сонда мақтап,
Сени дүнья сүймегенин,
Афродита албырақлап,
Кийимин тез киймегенин… 
КӨЛ БОЙЫНДА 
Қайтқан қусқа толып көк жийек,
Ыссы жаққа ушар тырналар,
Машинаға үйлерин тийеп,
Көл бойынан кетти шарўалар. 
Ошақ түтер суў жағасында,
Кеткен оны ийеси таслап,
Бул ошақтың айналасында
Шай ишкенмен талай жамбаслап. 
Ғарры шопан үйин жықты да,
Кабинаға отырды енди,
Қос бурымын қойнына тықты да,
Қызы жүктиң үстине минди. 
Жүк үстинде ийтин қушақлап,
Барар бизге шай қуйған сол қыз,
Қыз журтында қалған ошаққа
Қарап турман есиркеп жалғыз. 
Көлде қуслар базары тарқап,
Ыссы жаққа ушып барады. 
Жаслық дəўран отаўын жыйнап,
Бизди таслап көшип барады… 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   58   59   60   61   62   63   64   65   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling