Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


САБАНТОЙДА  Қара орман жийегинде Сабантойы қызыпатты. Ким


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet76/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   72   73   74   75   76   77   78   79   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

САБАНТОЙДА 
Қара орман жийегинде
Сабантойы қызыпатты.
Ким өрмелеп бөренеге,
Кимлер шөлмек бузыпатты...
Көзиңди тас қылып таңып,
Қолға сырық услатады.
Алға-артқа айландырып,
«Ур енди» деп тил қатады.
Шөлмекпе деп берип салсаң,
Сарт етеди жерге сырық.
Таўып ура алмай қалсаң,
Гүў күлисер ҳəмме турып...
Шляпаны шыңгыттым да,
Мен ортаға шығып кеттим.
«Бул ис қыйын емес дым да,»
Деп өзимше қыял еттим.
«Қонақ шықты, жол бериңлер!
Көзин таңып, сырық бериң!»
Деп ғаўырлап қыз-келинлер
Қойды алдыма шөлмеклерин.
Жин шақырған дуўақандай,
Турдым бираз собырайып.
«Оңға ағай, солға ағай!»
Дер жигитлер сыбырланып.
Сыбырлыға қулақ салдым,
Зейин көзи менен серлеп.
Сырығымды силтеп қалдым,
Шақыр-шуқыр сынды шөлмек.
Журт гүў етти қол шапатлап,
Радио мақтап кетти:
«Өзи - шайыр, өзи - конақ,
Шөлмек бузыўға да епли...» 
Кестеленген ак сүлгилер
«Дурыс» дегендей желбиресер.
Шағлап күлип қыз-келинлер,
Бизге сыйлық белгилесер.
Баратырман кейип иштен,
«Ўəй, ҳүждансыз» деп өзиме.
Қызараман өз-өзимнен,
Қарай алмай журт көзине.


152 
Себеби.,. көзимди мениң
Шала таңған еди сонда.
Қонақшыллық ислетпес нени
Бизиң татар туўысқанға!,.. 
Июнь 1981-жыл, Альметьев
БИР СЫНШЫҒА 
Əдебиятқа абайсыз кире салып,
Жуўырды бир критик пресс алып.
«Пресс жеп жүремен бе!» деп, баслыққа
Шағынды редактор келе салып. 
Баслығы кеңес берди көре салып:
«Бул ат емес шабыўға мине салып.
Тас прессти жоқ қыл тез столыңнан,
Қой орнына плассмас пресс алып»... 
Əдебияттай «майда» иске кире салып,
Жуўырғанша ҳəр кимге пресс алып,
Усы журт кетпейме екен өз жөнине,
Ирирек ПМК яки трест алып!... 
1975-жыл 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   72   73   74   75   76   77   78   79   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling