Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…


Download 1.41 Mb.
Pdf ko'rish
bet75/148
Sana14.09.2023
Hajmi1.41 Mb.
#1678270
1   ...   71   72   73   74   75   76   77   78   ...   148
Bog'liq
Омир саган ашыкпан

1981-жыл, декабрь. 
КЕЛДИМ 
(Ҳурметли устаз шайыр Сулайман Рустемге қарата 
айтылран бул ҳəзилнама қосық Əзербайжанда 
Өзбекстан əдебияты менен көркем-өнери күнлериниң 
ашылыўында оқылды, 6-июнь 1979-жш, Баку) 
Арзым есит мениң Сулайман аға,
Бир яр саўдасына түстим де келдим. 
Сизиң пампығ
19
, - бизиң пахтамыз киби  
Аппақ булытлардың үстинде келдим. 
Арал теңизинен, Жəйҳун гүлинен,
Бағы - бостан Хорезмниң жеринен,
Шан-шəўкетли қарақалпақ елинен
Қардашлық сəлемин алдым да келдим. 
Алтын Ферғанадан, Андижанымнан,
Гүркиреген Ташкент бостанларынан,
Ҳаўалы Самарқанд сəйқалларынан
Тарлан кеўлим қус боп, уштым да келдим. 
Шаңлы Өзбекстан - шадлық дүньясы,
Көгинде барқ урған бахыт қуяшы.
Шайыр Зульфияның гөззал музасы
Бизге ҳəмдам болып, йоштым да келдим. 
Айтың ол пəрийге, бир бери бақсын,
Аслы Кəрам киби отларға жақсын.
Соңыра мəйли бизди Көйкөлге атсын,
Дийдар көрмекликтиң қастында келдим. 
Буйырсын, чоқ гөззал ғошма битермен,
Хазардан қырық мəрте жүзип өтермен.
Аршын-малшы болып излеп кетермен,
Айтың, малдан-бастан кештим де келдим. 
19
Пампығ – пахта. 


150 
Қалпағым қарадур, кеўилим ақдур,
Жүрегимиз жақын, ара узақдур.
Ҳəргиз өзгелерде қыялым жоқдур,
Ышқы шарабынан иштим де келдим. 
Əзиз - мүбəрекдур бул топырақ маған,
Из түскен Ўағыйфтың аяқларынан.
Вургунның тырна көз булақларынан
Əкси-жамалыңды көрмеге келдим. 
Көрдим ол гөззалды Муған шөлинде,
Ленкоранның тер ашылған гүлинде.
Араз дəрьясының аққан селинде
Сеслерин яд етип турмаға келдим. 
Гүз паслында көрип аның жүзини,
Шарап болып ақты Шемақ жүзими.
Жипекке зер тиккен Шеки қызының
Тəрийпине дəстан жазбаға келдим. 
Ол қыз патшасыдур кең далалардың,
Шешегидур бийик қарлы таўлардың.
Батыр нефитшилер, пампығшылардың
Алтын колларынан сүймеге келдим. 
Қардашлық сезими жүректе, қанда,
Раҳмет мийнеткеш, азат инсанға,
Эшқ олсун туўысқан Əзербайжанға!
20
Мудам хызметиңде турмаға келдим. 
БУЛАҚ 
(Сырбай Мəўленовқа) 
Үстинен булт көшип атыр,
Жолаўшылар ишип атыр,
Ақ бөкенлер ыссыласа,
Ақшам келип түсип атыр. 
Куслар қонып, ушып атыр,
Қызғалдақлар өсип атыр.
Ақ селеўдиң айдарынан
Жел сыйпалап есип атыр. 
Кимлер ишип, төгип атыр,
Кимлер мақтап, сөгип атыр.
Жарасында жалғыз жартас
Нар буўрадай шөгип атыр. 
Шаршап келген биреў сонда,
Ат суўғарып, шөлин басты.
20
Эшқ олсун – даңқ болсын. 


151 
«Қайдан келген булақ бунда»?
Деп тепкилеп турды тасты. 
«Əй, сен биреў, жолыңды бил,
Тебингенше таста турып!
Көзин излеп булақтың бул,
Не қыласаң бас қатырып!...» 
1977-жыл. Семей. 

Download 1.41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   71   72   73   74   75   76   77   78   ...   148




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling