Ибрайым юсупов
Download 2.8 Kb. Pdf ko'rish
|
Ibrayim Yusupov. Begligindi buzba sen (1995)
ҲАҒЛА, ӘМИЎИМ!
Жазғы таңда шықсам Әмиў бойына, Ҳаўасы жаныма жағып барады, Қанат байлап қыялыма - ойыма, Ылай суўлар бурқып ағып барады. 21 Терең ийрим тартып, жайлап та ағар, Базда сазан атып, туўлап та ағар. Саўлатланып, суў тулпардың жалындай, Ырыс қазаны болып қайнап та ағар. Басқа қызығыңды қоятур дерсең, Алтын сахналы бир театр дерсең. Суў ийеси Суләйманның мүлкиндей, Мол ғәзийне ығып киятыр дерсең. Қызкеткен, Кегейли, Пахта арналар, Ғарқәллезий болып Қуўаныш жармалар, Көлде ғаз қыйқыўлап, жылымлар майлап, Атызларда дийқаншылық ырғалар. Ҳәрекетке келтирип кең дүньяны, Қарағандай елдиң, жердиң дәўраны, Жағалықта жасыл туўын көтерип, Жас тоғайлар алғыслайды дәрьяны. Ҳағла. Әмиў - берекеттиң булағы! Бар тиришилик саған қуллық қылады. Сен ҳәўижге минсең, еллер қуўанып, Шайырлар да сеннен илҳәм алады. Теңизди терис қайтқан заманлар қуртты, Ҳеш ким емес, оны адамлар қуртты. Сағадағы суў симирип жуўҳадай, Аяққа ағызбай, теңселтти журтты. Ашкөз бенделердиң пейлин байқаған Тәңирим бәлким талай басын шайқаған, Жаратқанның өзи жарылқар болса, Адам ириккен дәрья тасар қайтадан ... 22 Бойларыңда жүрип ойға таламан. Демде не заманлар кешти арадан! Пәтли ағысыңды қайтадан көрип, Қуўанғаннан көзиме жас аламан. Ҳағла, ҳағла Әмиў, - жәўлан урып ақ. Абийҳаят суўы менен толып ақ. Әйдарҳадай айбат шегип, жулқынып, Ҳәм жилли көзленип, Жәйҳун болып ақ. Жағысына бахыт бәҳәрин берсин, Саған Нуў пайғамбар қәҳәрин берсин. Қырға шығып қалған байғус Аралға, Ҳәр тамшың тиришилик нәҳәрин берсин. Жуўасып, ҳеш кимге бағынбағайсаң, Нәўпир суўдан ҳасла арылмағайсаң. Сен ҳәзирги адамлардың пейлиндей, Ишкирнелик етип, тарылмағайсаң. Август, 1993-жыл. Download 2.8 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling