Ибрайым юсупов
Download 2.8 Kb. Pdf ko'rish
|
Ibrayim Yusupov. Begligindi buzba sen (1995)
ИБРАЙЫМ ЮСУПОВ БЕГЛИГИҢДИ БУЗБА СЕН Қосықлар "ҚАРАҚАЛПАҚСТАН" БАСПАСЫ 1995-ЖЫЛ Өзбекстан ҳəм Қарақалпақстан халық шайыры, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Ибрайым Юсуповтың китап ышқыпазларына усынып отырған бул китабы соңғы жыллары жазылған қосықларынан ибарат. Шайыр халықтың дәл дийдинен шыға келип, ҳәзирги дағдарыслы заманның өзине тəн тәшўишлерин шайырлық сезимге толы йош пенен тәриплеп берген. 2 МҮНӘЖАТ Тәңирим, инсап бер өз бенделериңе. Бул барыстан нешик замана болар? Дәрт жамалып кеўиллердиң шерине, Дəўир дағдарыстан аўара болар. Ақыллар тубалап, балып арсары, Ким не айтса, аўып журттың аңсары, Малын пуллап бийинсаплық базары, Ҳәр кимниң кеўлинде бир нама болар. Кимлер ҳийле менен шалқып жатажақ, Пулға өтсе жоқ ийманын сатажақ. Мириўбет таңлары қашан атажақ? Журттың бир әрманы сол ғана болар. Тәкаббырлық иллетине шатылып, Күшлилер әззиге дизе батырып, Арзан сөзлер қымбатына сатылып, Бийдай нанның изи зағара болар. Қырмызы қан ағып асқар таўларда, Абыл—Қабыл түскен питпес даўларға, Аналар перзентин берип жаўларға, Ботасыз бозлаған әрўана болар. Тәңирим, сен билерсең заманның сырын Пейил азса, ығбал кетерлер қырын. Кеўиллерге қуйсаң мириўбет нурын, Инсан бир-бирине пәрўана болар Жүрек жанса, ышқы отында жансын, Ашықлар уйқысын бузып оянсын, Таянса, аналар бесик таянсын, 3 Балдақ таянғанлар бийшара болар. Отлар жанса, жансын ошақта гурлеп, Атлар шабар болсын байраққа терлеп. 4 Ким қолын жылытса урыс отын урлеп, Қарғысқа ушырап, гиряна болар. Усласса, палўанлар жаға услассын, Тасласса, қошқарлар гелле таслассын. Урысса, қоразлар ғана урыссын, Адам урысқан жерлер ўайрана болар. Октябрь, 1992-жыл. Download 2.8 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling