Ибрайым юсупов
МЕН ТАШКЕНТТИ САҒЫНАМАН КӨРМЕСЕМ
Download 2.8 Kb. Pdf ko'rish
|
Ibrayim Yusupov. Begligindi buzba sen (1995)
МЕН ТАШКЕНТТИ САҒЫНАМАН КӨРМЕСЕМ Өзбекстанда қарақалпақ мәденияты күнлериниң ашылыўы салтанатында оқылған қосық. 26-январь, 1993-жыл. Мен Ташкентти сағынаман көрмесем, Бүлбиллерин тыңлап бағқа кирмесем, Шынарлардың саясында шай ишип, Дослар менен сәўбетлесип жүрмесем, - Мен Ташкентти сағынаман көрмесем. Буннан өтер мениң барлық жолларым, Бәҳәриў - жаз, мейли қыс я гүз ўақты. Бунда еске түсер жаслык жылларым, Мениң жигит ўақтым, оның қыз ўақты ... Барлық мәҳәлледе мийман болғанман, Шайхантаўр, Қойлық, Ески Жуўасы.., Көп тыңлап ҳәм көп мәртебе алғанман, Ғафур, Айбек, Миртемирлер – дуўасын. 26 Зулфияның алтын сазлы музасын Жаслай тыңлап, сулыўлығын сезгенбиз. Абдулла Ариплер, Еркин Ўаҳидлар, Қуўыс-қолтық қоймай бирге гезгенбиз. Базда жалынғанбыз шайханаларда: «Ҳай, шай тасып жүрген үке, қарағым! Шайыңды беребер атаханларға, Қуй бизге бир уртлам ышқы шарабын» ... Мен Ташкентти сағынаман көрмесем, Жазда Анҳар бойларында жүрмесем, Шийрин тилли өзбек шайырларынан Ғәззел тыңлап, қосық оқып бермесем, - Жылағанман мен де журттай бүлинип, Көрип зилзиладан қыйрап қалғанын. Ҳақнус киби күл ишинен тирилип, Жаңадан ең гөззал шәҳәр болғанын. Бул қаланың адамлары өзгеше, Бийик инабатлы, илгир зейинли, Шайырдан да өтер сулыў сөз десе, Әдеп-икрам қулықлы, ашық пейилли. Бунда бай тиллердиң түркий тәркиби, Илим-ҳикметлердиң гүўалы тили. Руўҳы терең муҳийт өзбек халқының Абийҳаят қуйған дуўалы тили. Наўайы даңқ берген, Бабур жырлаған, Машраб ғәззел питкен бул тил бар болсын, Бул тил ушын Қадирийди қорлаған Наймытлар ақыретте қорыў-зар болсын. 27 Кетер кемтаршылык, бул аўыр демлер, Заман дүзетер өз әндийшелерин, Айдын келешекке қойған қәдемлер Берер көп узамай нәтийжелерин. Ҳәр ким нийетине бола ис көрер, Әўмет тилеймен мен ислериңизде. Бир қыз ерге шықса, қырқ қыз түс көрер, Жақсы түслер енгей түслериңизге. Нөкистен мен сизди аңсап келмесем, Келип, тәңири сәлемлерин бермесем, Дослар менен ертеңги күн ышқында, Мустақиллиқ майданынан жүрмесем, - Мен Ташкентти сағынаман көрмесем. Download 2.8 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling