Ибрайым юсупов


Download 2.8 Kb.
Pdf ko'rish
bet20/34
Sana15.06.2023
Hajmi2.8 Kb.
#1479932
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   ...   34
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Begligindi buzba sen (1995)

 
 
БИЗ
 
ДҮНЬЯДАН,
 
ДҮНЬЯ
 
БИЗДЕН 
Базда тайып қара музға,
Базда дәрья ағар дизден.
Ғәрезлик бар арамызда
Биз—дүньядан, дүнья—бизден. 
3
Еркин Сәмендер – Хорезм шайыры (И.Ю.). 


56
Биреў қурып—дүзип атар 
Биреў оны бузып атар,
Бир имарат питпей жатар,
Адамзат жаралған гезден. 
Сырқияның сулыў көрки 
Пери ийелеп жатқан мүлки, 
Иннен қашқан қызыл түлки,
Ийтлер қуўып барар изден... 
Дүнья айтар: Қүдиретим бар,
Маған бәс байласар ким бар?
Адам емес, мен ҳүкимдар,
Тәртибнм бар өзим дүзген. 
Адам айтар: Менсиз – несең? 
Өли дүньяның мәзи сен. 
Мен саған мәни бермесем, 
Алтын қымбат болмас жезден. 
Болған сайын болсам дерсең,
Жыйған сайын жыйсам дерсең.
Ақырсында опық жерсең,
Көкирегиң қайтар дизден. 
Периштемен дегенлериң, 
Қордим ҳарам жегенлерин. 
Менсиз жүрмес ҳәмеллериң, 
Не пайда бар жалған сөзден? 
"Жемеймен" дегенлер бийкар, 
Дүнья ҳәммеге де дәркар. 
Нәпси деген бәршеде бар, 
Ким бар биротала безген? 


57
Жүрсең дурыслық шегинде, 
Барман ҳадал еңбегиңде. 
Көз жуўыртсаң сен тегинге
Қанәәтиң қашар көзден… 
 
БИР ҲӘМЕЛДАР ЖИГИТКЕ 
Көзиңде нур, жүзиңде қан қалмаған,
Мәжбүрлейсең қатты сөзге бармаға.
Тар геўдеде бул не деген көкирек,
Бундай көкирек жарасады арбаға. 
Ғарезиң жоқ адам келген ўағында,
Суп-сур жүзиң және сусайып кетер.
Өзиңнен күшлини көрген ўақыңда,
Жампаңлап, аяғың қыйсайып кетер. 
Көкирегиңди басып сәл-пәл оданда,
Ызғарланып, бола берме ызалы.
Ең болмаса, сөзиң жоқ па адамға
Сорап шеккен сигареттей мазалы. 
Жаман сөз ол пытыра қорғасындай,
Қуйы пәслик етпе, менменлик қылма.
Тилиңе сақ бол - қаланың қарғасындай;
Аўылдың ийтиндей әўпилдек болма ... 
Октябрь 1994-жыл. 

Download 2.8 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   ...   34




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling