Ибрайым юсупов


Download 2.8 Kb.
Pdf ko'rish
bet25/34
Sana15.06.2023
Hajmi2.8 Kb.
#1479932
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   34
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Begligindi buzba sen (1995)

 
* * * 
Адам бар ишинен тырнақ айланбас,
Басқаның болғанын көрип атқан жоқ,
Жер өз көшеринен аўса қыйланбас 
Өии хәм кетерин билип атқан жоқ. 
Сумлық, ишкернелик жайлаған қаның, 
Қызғаныш—ҳәсеттен қыйнар өз жанын.
Шүкир етерсең кеңлигине дүньяның,
Айтқанының бәри болып атқан жақ. 
 
Биреўлерге ығбал келгенин көрип,
Ишинен қан жылар, сыртынан күлип.


68
Ийтлер үрген менен кәрўан иркилип,
Биймезгил бир жерге қонып атқан жоқ. 
Қаны пәс, пейли тар, ҳарамызада,
Тулға болып қалсам дейди дүньяға. 
Тасларды қопарып, бассаң дәрьяға,
Дәрья қурып, таўлар кемип атқан жоқ. 
Декабрь, 1991-жыл. 
 
АҚЫН
 
КЕТИП
 
БАРАДЫ…
4
 
 
(Шайыр Жубан Молдағалиевты жерлеў мәресиминде 
оқылған) 
 
Көремен ел көзинде жас турғанын,
Жақсылар кетерде өз қаўымынан,
Усы бир дүяня деген бастырманың
Бир бағаны сынғандай тәғдирдиң даўылынан. 
Сол баған сынған жерден жамғыр өтип.
Кеўилди қалжыратар, қан жылатар.
Тасқа түскен шөлмектей саңғыр етип,
Ийилмеген басларды салбыратар. 
Өзегиң ақ қайындай жалын шарпып,
Торғайша шырлап, жанын жыр бийлеген,
Қайғысын адамзаттың өзине артып,
Ақын кетип барады бул дүньядан. 
Шайырдын келгенин журт билмес дейди.
Туўылғансаң Ақ Жайық етегинде.
Оқтың шыққан жериндей үңирейтип, 
Кеўилди жараладың кетериңде. 
4
Бул ҳасылнда қазақша жазылған өлең еди. И.Ю. 


69
Жасыынан жақсы көрген жаным ағам,
Нөкисте бирге өткизген кеш есимде.
Енди болса, жүзиңди жадыраған
Көрмеймен-аў Алматы көшесинде… 
10-октябрь, 1988-жыл, Алматы. 

Download 2.8 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   34




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling