Ikki elning tanti


И.ЮСУПОВ ШЫҒАРМАЛАРЫНДА ЖАНЛАНДЫРЫЎ


Download 1.16 Mb.
Pdf ko'rish
bet32/54
Sana25.03.2023
Hajmi1.16 Mb.
#1295289
1   ...   28   29   30   31   32   33   34   35   ...   54
Bog'liq
И Юсупов ижоди фаолияти, шеърлар

И.ЮСУПОВ ШЫҒАРМАЛАРЫНДА ЖАНЛАНДЫРЫЎ 
 
Ктайбекова З.К. – филология илимлери бойынша философия 
докторы (PhD), үлкен оқытыўшы, Әжинияз атындағы Нөкис 
мәмлекетлик педагогикалық институты, қарақалпақ әдебияты 
кафедрасы 
 
Аннотация: Mақoлада қорақалпоқ адабиётининг таниқли шоири 
И.Юсупов асарлари ўрганилган. Шоирнинг «Қора тол», «Туғилган ер», 
«Шўгирме», «Ватан», «Ўзбекистон» ва бошқа қўшиқларидаги 
жонлантиришнинг қўлланилиши таҳлил қилинган. Жонлантиришнинг 
бадиий тасвирий воситалардан бири эканлиги, асар тилининг таъсирчан 
чиқишидаги функционал хизмати мисоллар асосида таҳлил қилинган. 
Таянч сўзлар: лирика, жонлантириш, апострофа, поэма, маҳорат,
мавзу, стилистик фигура. 
Аннотация: В статье исследуются произведения известного поэта 
каракалпакской литературы И. Юсупова. Анализируется использование 
оживления в песнях поэта «Черный тол», «Родина», «Шогирме», 
«Ватан», «Узбекистан» и других песнях. На примерах анализируется тот 
факт, что ревитализация является одним из художественно-


99 
изобразительных средств, функциональной службой в эффективном 
выводе языка произведения. 
Ключевые слова: лирика, оживление, апостроф, стихотворение
мастерство, тема, стилистическая фигура. 
Abstract: The works of the famous poet of Karakalpak literature I. 
Yusupov are studied in the article. The use of revitalization in the poet's 
songs "Black Tol", "Birthland", "Sho'girme", "Motherland", "Uzbekistan" 
and other songs is analyzed. The fact that revitalization is one of the artistic 
visual tools, the functional service in the effective output of the language of 
the work is analyzed on the basis of examples. 
Key words: lyric, revitalization, apostrophe, poem, skill, theme, stylistic 
figure. 
И.Юсупов - ХХ әсир қарақалпақ әдебиятының байтереги, уллы сөз 
зергери. Оның шығармалары халқымыз қәлбинен терең орын алған. 
Шайырдың ҳәр бир шығармасының мазмуны, идея-тематикалық ҳәм 
көркемлик жақтан оғада қунлы.
И.Юсупов дөретпелериниң ҳәр бири жаңашыллығы, тилиниң 
тәсиршеңлиги менен айрықша көзге тасланады. Әсиресе, шайыр 
дөретиўшилигиндеги туўылған жер, Ўатан, дослық, муҳаббат 
темасындағы шығармалары ҳәр қандай китап оқыўшысының итибарын 
өзине тартады. Шайыр ҳәр бир шығармасын дөретиўде көркем сөз 
саплаўға, тема таңлаўга айрықша дыққат аўдарған. Қосықларында 
көркем сүўретлеў қуралларын, стилистикалық фигураларды қолланыўда 
басқа шайырлардан өзгеше, өзине тән стилине ийе.
И.Юсуповтың «Қара тал», «Шөгирме», «Ўатан», «Өзбекстан», 
«Туўған жер», «Байыўлыға», «Бердақтың дуўтары» сыяқлы бир катар 
қосықларында жанландырыўдан өнимли қолланғанын көриўимиз 
мүмкин. 
Жанландырыў 
ҳаққында 
сөзликлерде 
төмендегише 
анықламалар 
берилген: 
«Жанландырыў 
– 
көркем 
сүўретлеў 
қуралларынан бири болып, ол адамларға тән болған қәсийетлерди 
жансыз предметлерге, тәбият ҳәдийселерине, ҳайўанатлар, қусларға 
көшириўге тийкарланады. Жанландырыў усылы авторға сүўретлеў 
объектин бөрттирип, анық, айқын сүўретлеў имканиятын береди». [1.72] 
Жанландырыў – кең мәниде метафораның бир көриниси, жансыз 
нәрселерге инсан, улыўма жанлы мақлуқларға тән сыпатлардың 
берилиўи.» [2.102] 
И.Юсуповтың «Қара тал» қосығында балалығында жүрген 
жерлерди, өзиниң туўылған жериниң гөззал тәбиятын, суў бойында 
өскен қара талларын тәриплеп, елине деген терең сүйиспеншилиги 
жырланған. Мысалы: 


100 
Анам саған байлап мениң әткөншегимди, 
Тербеткенде ырғалғансаң ҳайялап сен де…
Сениң үниң, турсаң гүўлеп алдында тамның, 
Жаныма үнлес ҳәййиўиндей әзиз анамның…[3.3] 
Жаслығынан сырлас болған сыяқлы қара талдың тербелиўин 
ҳәййиў айтқандай сүўретлеп, оның сестин анасының ҳәййиўине 
мегзетеди.
Гә шежиресин баслайтуғын ғаррыдай, 
Гә романтик жас қыялдай шуўлар тынымсыз, 
Қулағымнан кетпес еди, туўысқан талым
«Шайыр бол» деп маған талай сыбырлағаның. …[3.3] 
Шайыр қара талға туўысқаны сыяқлы қатнас жасап, тиллеседи.
«Шөгирме» қосығында қарақалпақ халқының миллий бас кийими 
ҳаққында сөз етилген. Қосық халық шайыры Аббаз Дабыловтың 60 
жыллық тойына арнап жазылған.
Әўел пайда болдың кимниң басында, 
Арал теңиз, Едил-Жайық тусында, 
Он әсирлик орыс жылнамасында, 
Қуўандым атынды оқып шөгирме. [4.42]
Қосықта шөгирмеге жанлы нәрсе сыяқлы қатнас жасап, сораў 
бериледи.
Бабам пана излеп Россиядан, 
Петербургқа жол тартқанда қыядан, 
Ҳүрмет көрип, Мәскеў, Мәкариядан, 
Көп жерлерди аралаған шөгирме. [4.42]
Мысалда, «Көп жерлерди аралаған шөгирме» инсан сыяқлы 
ҳәрекетке келтирилген. 
«Ўатан» қосығында шайыр ана Ўатанын елиниң ҳәр бир гия-
шөбинде, гүллеринде, қусларында, ҳайўанатларында, қумай көзли 
қызларында т.б. көретуғынлығын көркем сөз арқалы образлы тәриплеп 
көрсетеди ҳәм олардың ҳәр бирине жанлы қатнас жасайды. Мысалы: 
Мен сениң бир нарт шыбығың, жасаў жоқ сенсиз, - 
Деп безилдеп суў бойында жуўырды сырнай…[3.21] 
«Сырнайдың жуўырыўы» - жанландырыў, сырнай инсан сыяқлы 
ҳәрекетке келген ҳәм бул арқалы тәбият көриниси тәсирли 
сүўретленген.
Гүзги аспанда уштың дизилип, жыл қусы болып, 
Сен қырғаўыл болып талай шақырдың мени, 
Ҳәм қышқырдың кебирликте жылқышы болып, 
…[3.22] 


101 
«Жәниўарларға 
инсанға 
тән 
сыпатлардың 
берилиўи 
де 
жанландырыўдың (антропоморфизм) бир көриниси саналады.» [1.102] 
Бундай мысалларды шайырдың «Өзбекстан» атлы қосығында да 
көриўге болады: 
Сәйир етип мен сәҳәр ўақта, 
Кирдим бир әжайып бағқа, 
Жапырақ жамылып аўлақта, 
Бүлбиллерге сыр сырластым
Самал менен сыбырластым. [3.22] 
Шайырдың шеберлиги сонда, бир куплет қосықтың еки қатарында 
да жанландырыўды орынлы қолланған.
Бүлбил айтар: - усы бастан, 
Мени тартты озал бастан… 
Самал айтар: - мен саҳрадан, 
Уйытқып шаўып келсем мудам, 
Бул бостан наз етип маған, 
Жуўасытып алар жаным
Сәўир болар боранларым… 
…Алма ағаштың зары бар: 
«Үз мийўамды!» -деп жалынар, 
«Сынып кетпей турып белим, 
Мийўамды үз, -дейди - мениң. [3.23] 
Бул қосық қатарларында бүлбил, самал, алма ағашларына инсанға 
тән сыпатлар берилип, тилге келген. Ал, «Туўған жер» қосығында 
шайырдың туўылып өскен жери – Шымбай тәрипленген.
Мысалы: 
Артқан сайые ығбал-бахтың, 
Хош болады мениң ўақтым. 
Тарийхында қарақалпақтың, 
Белли елсең өзиң сениң, 
Көпти көрген көзиң сениң. [3.29] 
Туўылған жерине «Көпти көрген көзиң сениң» деп инсанға тән 
сыпатты берген.
Әне усы кең гүзар жол, 
Ата журтқа апарар ол. 
Мен тил болсам, сен қулақ бол, 
Туўған жердиң гәпи узын, 
(Түсинерсең еле өзиң). 
Тағжап аўылы – таллы жағыс! [3.31] 


102 
«Түсинерсең еле өзиң», - деп аўылына мүрәжәәт етип, «Туўған 
жердиң гәпиниң узын» екенлигин айтып, тәбиятты жанландырады. 
И.Юсуповтың «Мәңги булақ» поэмасында жанландырыўдың еки 
түри қолланылған. Әдетте, жанландырыў реалистлик шығармалардан 
гөре фантастикалық, романтикалық, мифлик шығармаларда көплеп 
ушырасады. Поэма реалистлик, мифлик ҳәм фантастикалық 
сүўретлеўдиң синтези болғанлықтан, онда жанландырыў усылының 
қолланылыўы тәбийий. Ҳәрекет арқалы жанландырыў төмендеги 
мысалда берилген: 
Жалаңаш сулыўдай урланып келип 
Сол алтын астаўға шомылар жулдызлар. [2.201] 
Әне шықты жети қарақшы жулдызы 
Үш атлы хан қызын ортаға алып. [2.217] 
Мысалда аспан денелери жулдызлардың булақ суўына шомылыўы 
ямаса «жети қарақшы» деп аталған жулдызлар дүркиминиң тап 
адамлардай ҳәрекет етиўи ақылға уғрас келмейтуғын нәрселер. Поэмада 
жулдызларға да жан ендирилип сүўретленип образлылықты пайда
етпекте. Сондай-ақ, Сулайман патшаның геллесиниң сөйлеўи - 
авторлық ремаркада ҳәм поэмада төмендеги қосық қатарлары арқалы 
берилген. Мысалы: (Сулайман патшаның қуў геллеси ишке үңиледи.) 

Download 1.16 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   28   29   30   31   32   33   34   35   ...   54




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling