Ikki elning tanti
Download 1.16 Mb. Pdf ko'rish
|
И Юсупов ижоди фаолияти, шеърлар
- Bu sahifa navigatsiya:
- Аннотация
- Annotation
СПИСОК ЛИТЕРАТУРЫ
1. Ибрагим Юсупов. Стихи. Перевод с каракалпакского. (БСП), Москва «Художественная литература» 1976 2. Ибройим Юсупов. Кора тол. Стихи и дастаны. Ташкент. 1988 3. Ибройим Юсупов, Чўл тўрғайи, Шеърлар ва достон, Ғафур Ғулом номидаги адабиёт ва санъат нашриёти, Тошкент, 1972 ҚҮДИРЕТ ТАЛАНТ КҮЛГЕНДЕ… Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар Илимлер илим изертлеў институтының үлкен илимий хызметкери ф.и.к. Ж.Утамбетова Аннотация: Мақолада таниқли шоир И.Юсуповнинг ижодиётига штрихлар берилган. Аннотация: В статье даны штрихи к творчеству известного писателя И.Юсупова. Annotation: The article gives touches to the work of the famous writer I.Yusupov. Калт сўзлар: лирика, сатира-юмор, прототип, қўшиқ, форма, детал, характер, образ. Ключевые слова: лирика, сатира-юмор, прототип, песня, форма, деталь, характер, образ. Key words: lyrics, satire-humor, prototype, song, form, detail, character, image. Қүдирет талант И.Юсуповты оқыған сайын және қайталап көзден кеширгенди мақул көресең, тағы бир мәртебе ләззет аласаң, жанға жағымлы, орынлы сөзлеринен тек ғана илҳамбағыш әйлеп қоймастан, ал оның барлық шығармаларындағы миллийлик сыпатларға мол сатира ҳәм юморлық образларға толы қатарлары, шайыр күлкиси мудамы терең ойлы ҳәм турмыстағы гүллән унамсыз қылўаларды әшкарлап турады. Усы характерли образ жасаў усыллары оның мейли арнаў 95 қосықларында ма, ямаса мухаббат лирикасында ма, қәлеген бағыттағы шығармаларында мол ушырасып, инсанда оқыўшылар жәмийетшилигинде қуўнақлық, мысқыллы күлки оятып, жақсылыққа тәрбиялаўға хызмет ететуғынлығы бүгинги жаслар ушын этика- педагогикалық әҳмийетке ийе. Гейде оның терең мағаналы сатирасы өз заманласлары менен қәлемлеслерине ашшы тийсе де, ал олардың барлығы өз расгөйлиги, сол прототиптин дәл өзинен алынған турмыслық, руўхыйлық ишки психологиялық штрихлар. Әсиресе, бул айтып отырған белгилер оның өз заманлас ҳәм қәлемлеслери «Әскербайға», «Әскербай алпыс жаста», «Шайыр Теңелбайға» ҳәм «Помада», «Жетпис пенен ойнама бала!» атлы шығармаларына тән идеялық эстетикалық қәсийетлер. И.Юсупов базда турмыста болған ўақыялар,өмирдеги дәлме-дәл сюжетлик ҳәдийселер-көринислер ретинде баянлағанда сол эпик картиналарды қысқартып, ықшамлап, жуўмақлап сатира-юморлық лирикаға түсиретуғын сөз зергери. Әсире,бул сыпатлы белгилер оның Өмирбек лаққы туўралы қосықларында, болған ўақыя ретинде жазылған «Еки жол» лирикаларында жүдә шеберлик шегине жеткерилип қолланылғаны үлкен социаль жәмийетлик роль ойнап ол келешек жас шайырлар ушын поэтикалық мектеп, мийрас десек арзыйтуғын шығар. Мысалы, «Еки жол» қосығында урысқа қатнасып келип, соңынан ҳәмелдар болған кисиге ҳаялының келисими менен жас келиншекке үйленген. Усы ҳәдийсени қызықлы сюжетлик детальлар менен шайыр юморлық лирикаға түсирип мынандай деген: Ери урыста өлген бир келин бунда, Көптен көмеклесип сол үйде жүрди. Аўырыў ҳаялы илажсыздан соңында, Өз үстине сол келинди әперди. …Ел билди. Билседе ерси көрмеди… Күнлердиң биринде ағамды бирақ, Райкомның бюросына шақырды. Тум-тустан сиясаттың шыжымын орап, «Бузықсаң!» - деп албыратты пақырды. Минекей, сезилип турғандай-ақ қысқа,тужырымлы гәплер – лирика тили менен болған эпикалық ўақыялар лирикадағы прозаизм арқалы хатқа ықшам түсирилген ҳәм ол соңында мынандай юморлық, бирақ реализми мол жуўмак пенен тамамланады. Сонда бир ақыллы нәҳәни турып, Жол қоймады қатты сөзге барыўға.- Сизге еки жол бар, - деди буйырып, Партияда қалыўға я қалмаўға: 96 Жан киргендей болды ағам байғусқа, Қайтадан киргендей қырғын урысқа. Айтты: “Мә, партбилет, нетемен енди, Екинши жолдан-ақ кетемен енди”... ( И.Юсупов «Ҳәр кимниң өз заманы бар» 2004-ж, -Б.38.) Бул, әлбетте, биринши көз-қарастан сатира юморлық характердеги жуўмақ болса да, ал сол ғажа-ғаж коммунистлик режелер ғаўлап, инсанды ҳәр тәреплеме руўхый искенжеге салып турған социаль- психологиялық шараяттың реаль картинасы, мүмкин,екинши тәрептен ҳақыйқый муҳаббаттың жеңиси, ямаса күн көриў тиришиликтиң сәўлеси екени анық. Шайыр ең әҳмийетли темалардағы заманагөйликке мол лирикаларында да сатира юморлық усылды орынлы пайдаланып оқыўшылар менен тутас жәмийетшиликти айрықша сергекликке, ҳәрекетшеңликке шақырып барады,инсаниятты бүгинги заманға сай адым атыўға үндейди. Қараңыз: ол «Исбилерменлерге»… деген қосығында былай деген: Ийнесин излеген қыздай гүйбеңлеп, Аяқ астыңызға үңиле бермей, Ҳәй, жаңа адамлар,келиң-дә, жөнлеп, «Не көрдиң қара ат?»- деп шегине бермей… Илимнен нур берип истиң көзине, Машақаттан қашпай берилсең оған, Байлық өз ийтиндей ерер изиңе. Сезип атырғанымыздай шайырдың базы бир теңеўлериниң өзи күлкили, сатира юморға толы болып, олар заманагөйлик руўхына суўғарылғаны менен социаль-психологиялық, идеялық,тематикалық көз-қарастан баҳалы. Шайыр және усы характерли көркемлик поэтикалық қәсийетлерди айқынластырып былай дегени өз тәсиршеңлиги менен поэзияның қәдирдан мүлкине айналған. Шешиң ийниңиздеги узын шапанды, Қойың тил қышытқан «даналықларды». Шақыр, Инвестиция деген апаңды, Енгиз өндириске жаңалықларды. … Қусты далбай былғап шақырғаныңдай… Ең бир қызықлы тәреплериниң бири сонда, И.Юсуповтың, өз заманласларына жазған тәрийп қосықларының көпшилигинде, әлбетте,олар ҳәзили жарасатуғын ҳәм үлкен-үлкен талант ийелери,сөз зергериниң ой түпкирине терең түсинетуғын инсанлар болғанлықтан мудамы ҳәзил,юмор араласып, арасында олар ашшы сатира жалынлары 97 менен араласып келеди. Сонлықтан сол дөретпелерге айрықша поэтикалық пәт, эмоция берип турады. Қараңыз, шайырдың көп жыллық досты, үлкен лаўазымлы ислерде мийнет еткен Абдулла Бекмановқа мынандай ҳәзил-юморлық қатарларды арнағанлығы қаншелли тәсиршең эстетикалық характерге ийе. Жетпис - сениң жездең емес, Жетпис пенен ойнама, бала. Жетпис пенен ойнама, демек, Ол баяғы елиўиң емес, Сен кешеги Дәмеге еркелеп, Былғаңлап келиўиң емес. ( И.Юсупов «Ҳәр кимниң өз заманы бар» 2004-ж, -Б.61.) Бунда юмор ҳәм оның реализими қурғақ тәрийплеген автор сөзлеринен гөре ис-ҳәрекет, қыймыл-қозғалыслардың көркем- психологик әҳмийети поэтик күшке ийе. Усы тахлетте оның жазыўшы ҳәм илимпаз О.Бекбаўлиевқа арналған. «Дос ҳәзили» қосығы да юморға бай болып, ол объектив қаҳарманның портретлик тулғасындағы гейпара штрихларға айрықша поэтикалық хызмет жүклеў менен лириканың юморлық сыпаты арттырылып эмоциональлыққа бөленген. Бул оқыўшыларда айрықша қуўнақлық пайда етери сөзсиз. Мысалы: Бес төбеден нәзер салсам ҳәр жайға, Маған бир әжайып мурын көринди, Мурын ийесине сондай жарасты, Көп жигитлер қызғанысып қарасты, Нөкис ҳәм Қазаннан қызлар таласты, …Көп қызлардың болған екен дәмеси, Оларды қәлемей қырын көринди… ( И.Юсупов «Ҳәр кимниң өз заманы бар» 2004-ж, -Б.62.) Ҳақыйқатында бул орынлардағы форма-уйқастың жайдарылығы менен белгили редифлердиң жарасымлылығы, «Қазаннан қызлар таласты» дегенде оның заманласларының түсинетуғынындай Оразақ ағадағы жеңгейдиң татар қызы екенлигин шайыр ҳәзилге тиркегенлиги де орынлы сезиледи. «Туңғыш муҳаббат қосықлары» ндағы мынандай юморлық қатарлардың реализимине дыққат аўдарсақ, ондағы ҳәзилдиң орынлы ҳәм лирик қаҳармандағы жалынлы романтизмди сәўлелендиргени үлкен социаль жәмийетлик ҳәм эстетикалық роль ойнайды. Ким мени «сүйе алмас» деп қылар насақ? Сүйемен, ҳәтте бағда шымшығыңды, Әйнегиңниң алдыңда дүмшеге усап, Шомпыйған сениң қара пышығыңды. 98 … Өкпелеп жүре гөрме, жаны,бирақ, Ийтиңди жек көремен сениң бирақ, Муҳаббат ийттен қорықса муҳаббат па?! Сүйтседе күйдим сол бир Қутлыаяқтан, Жеттим-аў десең еплеп есик бетке, Әўпилдеп ала кетер кең жалақтан. (И.Юсупов «Өмир саған ашықпан» 1999, -Б.42) Қосық қатарларындағы усындай картиналық көринислер ҳәм олардың қыймыл-қозғалыс формасындағы көркем детальлар менен сәўлелениўи шайырдың юморлық шеберлигин арттырып тур. Мине, усы типтеги көркем детальлардың түрли-түрли формалары И.Юсуповтың сатира ҳәм юморлық қатарларында көп ушрасатуғынлығы оның сөзсиз түрде қайталанбас талантының, сөз қүдиретиниң жемиси десек қәтелеспеймиз. Пайдаланылған әдебиятлар: 1. И.Юсупов «Ҳәр кимниӊ өз заманы бар». Нөкис «Қарақалпақстан» баспасы, 2004-жыл. 2. И.Юсупов «Өмир, саған ашықпан…». Нөкис «Қарақалпақстан», 1999-жыл. Download 1.16 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling