Ikki elning tanti
Әдебият: 1. Юсупов И. Бүлбил уясы. – Нөкис: Билим, 1997. И.ЮСУПОВТЫӉ ӘДЕБИЙ СЫН КѲЗ ҚАРАСЛАРЫ
Download 1.16 Mb. Pdf ko'rish
|
И Юсупов ижоди фаолияти, шеърлар
- Bu sahifa navigatsiya:
- Калит сўзлар
- Ключевые слова
Әдебият:
1. Юсупов И. Бүлбил уясы. – Нөкис: Билим, 1997. И.ЮСУПОВТЫӉ ӘДЕБИЙ СЫН КѲЗ ҚАРАСЛАРЫ Бекбергенова Зияда Утеповна, филология илимлериниӊ докторы, профессор, ѲзРИА ҚБ Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты «Қарақалпақ әдебияты» бѳлими баслығы Аннотация: Мақолада Ўзбекистон қаҳромони, Ўзбекистон ва Қорақалпоғистон халқ шоири И.Юсуповнинг адабий танқидий қарашлари ҳақида сўз юритилади. Калит сўзлар: халқ шоири, истъедод эгаси, шеърият, адабиётшунослик, маҳорат Аннотация: В статье рассматриваются литературно-критические взгляды героя Узбекистана, народного поэта Узбекистана и Каракалпакстана И. Юсупова. Ключевые слова: народный поэт, талант, поэзия, литературоведение, мастерство Annotation: The article deals with the literary-critical views of the hero of Uzbekistan, national poet of Uzbekistan and Karakalpakstan I. Yusupov. Key words: folk poet, talent, poetry, literary criticism, skill Заманымыздыӊ озық ойлы сѳз шебери И.Юсупов халқымызға талантлы шайыр сыпатында танылып қоймастан, қарақалпақ әдебияты бағдарламалары менен сабақлықларыныӊ авторы, жазыўшы, драматург, 115 халық аўызеки әдебиятын жыйнаўшы ҳәм оларды халқымыз арасына кеӊнен таратыўшы, оқытыўшы-педагог ҳәм туўысқан халықлар әдебиятларын ѳз ана тилине шебер аўдармашы сыпатында жақынан танылды. И.Юсуповтыӊ бүгинги күнге шекем 50 ден аслам әдебий сын мақалалары жарық кѳрди. Автор оларда аўызеки әдебиятымыздыӊ дүрданалары менен классикалық әдебиятымыздыӊ маржанлары, ҳәзирги дәўир қарақалпақ әдебиятында қәлем тербеген жазыўшы шайырлардыӊ дѳретиўшилиги менен бирге туўысқан халықлар әдебиятларыныӊ кѳрнекли ўәкиллериниӊ шығармалары, ҳәттеки аўдарма жумысларыныӊ да сапалылығы мәселери ҳаққында жоқары эстетикалық талғам менен пикир жүритип барды. Сондай-ақ, ол дәслепки жыллары жазған «Сын керек» қосығында кѳркем шығармаларды ѳз ўақтында әдил баҳалап барыўдыӊ зәрүрлигин поэтикалық қатарлар менен былайынша кѳркем сәўлелендиреди: Сынсыз тайдыӊ жал қуйрығы гүзелмес, Ѳтириктиӊ орны басқа, шын керек, Сын болмаса кемшиликлер дүзелмес, Соныӊ ушын сыншы керек, сын керек. Критика қозғаў салғыш күш болар, Сын кѳрмеген кѳп қәтеге дус болар, Сыншы болыў аўыр, бир жумыс болар, Барлық ўақта әдалатлы сын керек [4, 32]. И.Юсуповтыӊ «Лирика ҳаққында сѳйлесиў» мақаласы 1950-жыллары дѳретилген поэзиялық шығармалардыӊ идея-тематикалық, жанрлық ҳәм кѳркемлик ѳзгешеликлерине арналып, автор бул мийнетинде айрым шайырлардыӊ жетискенликлерин сѳз ете отырып, олардыӊ гейпара орынларда турмыс ўақыяларына тереӊнен итибар бермей, лирикалық қосықларында тек уйқас излеп, үстиртин сүўретлеўлерге жол қоятуғынлығын дурыс атап ѳтеди. Ҳәттеки, автор гейпара шайырлардыӊ дѳретиўшилигинде лирикаға тән емес қатарларды мәниссиз пайдаланыўын бир рубаятында былайынша ашшы сынға алады: Базыбир шайырлар дым уят қылар, Орсақы сѳзден-ақ ҳәл-аўқат қылар, Пияда гүрриӊди поэзия деп, Тѳрт қатардан туўрап рубаят қылар [5,37]. Изертлеўши «Уллы Ўатандарлық урыстан кейинги қарақалпақ поэзиясы» деген мақаласында әдебий сынныӊ ўазыйпасы ҳаққында мынандай ѳткир пикирлерди билдиреди: «Поэзияныӊ сапасы ушын гүресте әдебий критика еле де ѳз дәрежесин ийелей алмай атыр. Әдебий критикамыз кѳбинесе айрым топламларға рецензия жазыў менен шуғылланып, поэзияныӊ мастерлиги (шеберлиги), ири машқалалары ҳақыйқат талқыға 116 түспей киятыр, ал рецензияларда кѳбинше тек айрым шуўмақларға ғана таллаў берилип, шайырдыӊ дѳретиўшилигине тутас баҳа берилмейди» [7,65]. И.Юсуповтыӊ «Халық шайыры Аббаз Дабылов» деп аталған мийнети ҳаққында профессор С.Ахметов былайынша пикир билдиреди: «И.Юсуповтыӊ «Халық шайыры Аббаз Дабылов» ҳаққындағы критикалық мақаласы бул халық шайыры ҳаққындағы толық мағлыўмат беретуғын биринши мийнет болды. Ол формасы жағынан поэтикалық очеркке усайды. Мақаланыӊ бир баҳалы жағы сонда, онда улыўма қарақалпақ поэзиясындағы халық шайырына тән болған дѳретиўшилик ѳзгешеликлер дурыс ашылады» [1,92]. Шайыр И.Юсупов «Аббаз шайырға Украинадан хат» қосығында да халық шайырыныӊ дѳретиўшилигин үлкен поэтикалық талғам менен жоқары баҳалаған: Сен бир тарлан түлеп ушқан таўдағы, Биз палапан қонақлаған жардағы, Қарақалпақтыӊ сен бүгинги Бердағы, Қәйтип «сѳз маржанын термедим» дерсеӊ! [5,174]. И.Юсупов ѳзиниӊ «Шайырлық ҳаққында шамалы сѳз» деп аталған алғы сѳз мақаласында: «…жазыўшылық бул-оқыў ҳәм жазыў, ѳмириӊше оқыў, үйрениў, излениў, жазыў деген сѳз. «Мен оқып болдым, енди тек жазыўым керек» деўшилер де, яғный оқымай жүрип жазғанларды, әсиресе, ҳәзирги дәўирде озық ойлы жәмийет оқымайды» [5,8], – деген салдаманлы пикирлери бүгинги күн ушын да оғада әҳмийетли болып ѳз қунын жоғалтпайды. Шайыр соӊынан ѳзиниӊ «Излениў» деген қосығында усы дәстүрге ѳмири бойы әмел етип жасағанлығын тѳмендеги қосық қатарларында айқын дәлилледи: Излеймен күн бойы бир кѳмик қазып, Терим жаўырыныма шыққанға дейин, Излеймен түн бойы қосықлар жазып, Таӊғы уйқы келип жыққанға дейин. Ҳасла тақатым жоқ, ҳасла тѳзбеймен, Жоқ жойтқан жоқшыдай саламан сорақ, Ѳмирим бойы бир нәрсени излеймен, Не нәрсе екенин билмеймен бирақ [6,18]. И.Юсуповтыӊ Әжинияз шайыр ҳаққында «Дала Орфейи» деп аталған мақаласында автор Әжинияды әййемги грек мифологиясындағы Орфей деп аталыўшы әпсаналық сазендеге теӊгереди ҳәм Әжинияздыӊ ўатаншыллығы менен гуманистлиги шайырлық мәдениятындағы оқымыслылық оны ѳз заманласлары арасында бир тѳбе етип кѳрсетип турғанлығын «Бул дүньяныӊ кѳрки адам баласы», «Жер ҳәм ел билендур, ел ҳәм жер билен» 117 деген еки жол қосығы Әжинияздыӊ пүткил шайырлық мийрасына эпиграф болар еди [2,6], – деп оғада дурыс атап ѳтеди. Және де, автордыӊ Әжинияз шығармаларын баспаға таярлаўда ҳәм оныӊ әҳмийетин халыққа жеткерип барыўда үлеси уллы болды. И.Юсупов үлкен талант ийеси сыпатында изинде ѳсип киятырған жас талантларға үлкен үмит артып қарағанлығын жас шайыр Т.Мәтмуратовтыӊ дәслепки «О қандай әжайып» [8], қосығына ҳәм М.Сейтниязовтыӊ дѳретиўшилик таланты [9,109] жѳнинде де ҳақ жол тилеп жазған мақалалары дәлиллейди. Автор булардан басқа Ә.Атажанов, Т.Сәрсенбаев, Т.Халмуратов, С.Баҳадырова, Г.Турсынова, Т.Кабулов, К.Рахманов, Ж.Избасқанов ҳ.т.б. талант ийелериниӊ дѳретиўшилиги ҳаққында да баҳалы пикирлерин билдирип барды. И.Юсупов «Уллы дѳретиўшилик дәўирдиӊ лапызлы кѳркем сѳзи ушын» деген мақаласында: «Критиканыӊ наны бул миннетли ҳәм жуқа нан. Бул әлбетте, прозаиклер ямаса драматурглер жақсы шығарманы аӊсат жаза алады деген сѳз емес. Бул жерде мәселе жанрдыӊ ѳзине тән ѳзгешелиги туўралы болып отыр. Критиктиӊ кѳзи қырағы, әдебий турмыстыӊ жаӊа қубылысларын күтә серлегиш болыўы керек. Критик үп-үлкен бир китапты оқып шығады да, оған кип-кишкене рецензия жазады. Бирақ, усы кишигирим рецензияныӊ ѳзи оннан үлкен эрудицияны, билимди ҳәм әдебиятшыға тән қәнигеликти, табанлылықты талап етеди» [10,111], – деп әдебият сыншысыныӊ әдиўли ўазыйпасын дурыс белгилеп ѳтеди. И.Юсупов ѳз шығармаларыныӊ жазылыўы ҳәм дѳретиўшилик жолдыӊ азаплы ҳәм ләззетли демлери ҳаққында «Шайырлық ҳаққында шамалы сѳз», «Узақ жасап, кѳп ислегим келеди», «Жүреклерге жол излеп», «Миннетдаршылық» ҳ.т.б. сыяқлы әдебий-публицистикалық сыпаттағы алғы сѳз-мақалаларын ҳәм туўысқан халықлар әдебитыныӊ кѳрнекли ўәкиллериниӊ дѳретиўшилик шеберлигине арнап «Наўайыдан саўат аштым», «Шайырлар данышпаны-Мақтымқулы», «Қарақалпақстан- Мақтымқулыныӊ екинши шайырлық ўатаны», Г.Ғулам ҳаққында «Азат күншығыстыӊ аға шайыры», Камил Яшен ҳаққында «Таланттыӊ уллылығы, инсанныӊ кишипейиллиги» ҳ.т.б. мақалаларын жазды. Автордыӊ соӊғы жыллары жазған «Руўхый мәдениятымыздыӊ ықлымлары ҳаққында» деген кеӊ кѳлемли әдебий-публицистикалық мақаласында: «Қорқыт ата», «Едиге», «Ер шора» сыяқлы түркий шығыслы уллы дѳретпелер, Ахмед Яссаўийдиӊ, Сулайман Бақырғанийдиӊ мийнетлери қадаған етилди. Бердақ биресе диний феодаллық идеологияныӊ жырын жырлаўшы жат пикирли шайыр, биресе қуда бийзар атеист сыпатында баҳаланғанлығын [11], және де, автор «Абдулла Қадрий, Фитрат, С.Сейфуллин, Н.Тѳреқулов, С.Мәжитов сыяқлы миллий мәденияттыӊ кѳп ғана тулғаларыныӊ ныпқырт етилгени «қызыл идеология» ныӊ ѳрески 118 жаўызлығынан гүўалық береди. Мешит-медреселер, ширкеўлер, ески китаплар жоқ етиледи. Ескише саўатлы адамлар-уламалар қуўғынға ушырайды. Кѳркем шығарманы баҳалаўда «кѳркемлик тасы» тәрезиден дерлик алып тасланып, ол партиялық идеологияға, социалистлик реализм талапларына садықлығы менен ѳлшенеди. Илим ҳәм әдебиятта қызыл сѳзли халтура ен жайып кетти» [12], – деп ѳткен әсир идеологиясыныӊ жазықсыз қурбанлары болған ел азаматларыныӊ пидайы хызметлерине арнаўлы тоқтап ѳтеди. «Шайыр тек ғана қосық жазып қоймастан, күши келсе проза бойынша да, публицистика бойынша да оӊай жаза берген Пушкин, Лермонтов, Некрасов, Горькийлердиӊ оғада уллы үлгилери бизлерди усыған үйретеди. Чехов повестлер, гүрриӊлер, пьесалар, очерклер, фельетонлар жазды. Блок болса қандай шайыр еди,ол тек ғана лирикалық қосықлар жазып қойған жоқ. Бунин қосық та жазды, проза да жазды. Бизиӊ аға жазыўшыларымыз усы дәстүрди даўам етип киятыр, жас әдебиятшыларымыз да мине усылардан үлги алыўы тийис» [3]. Усылайынша, С.Михалков айтқанындай, И.Юсуповта тек шайыр болып қалмастан, әдебияттыӊ бир неше жанрларында жемисли қәлем тербетип, халқымыздыӊ жүрегине жол тапқан уллы талант ийеси сыпатында кѳз алдымызда жанлы геўделенеди. Download 1.16 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling